Ҳужжатга таклиф юбориш
Аудиони тинглаш
Ҳужжат элементидан ҳавола олишҚарақалпақстан Республикасының конституциялық дүзимин зорлық пенен өзгертиў, оның суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине зыян келтириў, пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин кемситиў, урысты, миллий, рассалық, этникалық ямаса диний өшпенлиликти үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың денсаўлығы ҳәм әдеп-икрамлылығына қәўип салыў, пуқаралардыӊ татыўлығын бузыў, жағдайды турақсызландырыўшы дөҳметтен ибарат жалғанларды тарқатыў, халықтыӊ арасында қорқыныш пайда етиў ҳәмде шахс, жәмийет ҳәм мәмлекетке қарсы қаратылған басқа да ҳәрекетлерди әмелге асырыў мақсетинде диннен пайдаланыўға жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юбориш
Аудиони тинглаш
Ҳужжат элементидан ҳавола олишДиний мазмундағы материаллар диний тәлийматтың догматизм тийкарларын, тарийхын, диний тәлийматтың идеологиясын ҳәм шолыўларды, ҳәр түрли диний тәлийматлардың мәресимлерин өткериў әмелиятын, сондай-ақ айырым шахслардыӊ, тарийхый фактлер ҳәм ҳәдийселердиң диний көз-қарастан баҳасын сәўлелендириўши китаплар, қолланбалар, журналлар, газеталар, бетлер, басқа да баспа басылымлары, белгилер, предметлер, нышанлар, аудиовизуал дөретпелер (теле-, кино-ҳәм видеофильмлер, клиплер, концерт бағдарламаларының жазыўлары, мультфильмлер ҳәм басқалар), электрон мәлимлеме тасыўшылардан (дискетлер, CD, DVD дисклер, орнатылған ҳәм шешип алынатуғын флешкарталар, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жайластырылған материаллар ҳәм басқалар) ибарат болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юбориш
Аудиони тинглаш
Ҳужжат элементидан ҳавола олиш1) Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы 412/I-санлы
Нызамы;