21.06.2022 йилдаги 240/ХХХ-сон
ONLINE TRANSLATE
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Нызамы

Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1-бап. Улыўма қағыйдалар
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1-статья. Бул Нызамның мақсети
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Усы Нызамның мақсети ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў тараўындағы қатнасықларды, сондай-ақ диний шөлкемлердиң жумысын тәртипке салыўдан ибарат.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2-статья. Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылық
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылық Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституциялары, усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний билимлендириў мәкемеси — белгили бир конфессияға тийисли болған, диний шөлкемлердиң профессионал хызметкерлерин ҳәм олар ушын зәрүр болған диний хызметкерлерди таярлаў ушын диний шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы бойынша орайлық басқарыў уйымы тәрепинен шөлкемлестирилген мәкеме;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкем — пуқаралардың белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген, биргеликте динге исениў, сыйыныў, диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлерди орынлаў мақсетинде шөлкемлестирилген, дәрамат (пайда) алыўды өз жумысыныӊ тийкарғы мақсети етип алмаған ҳәмде алынған дәраматларды (пайданы) өз қатнасыўшылары (ағзалары) арасында бөлистирмейтуғын ықтыярлы бирлеспе (жергиликли диний шөлкем, диний билимлендириў мәкемеси ҳәм диний шөлкемлердиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқарыў уйымы);
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемлердиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқарыў уйымы — бир конфессияныӊ жергиликли диний шөлкемлери, сондай-ақ диний билимлендириў мәкемелери жумысын муўапықластырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының кеминде сегиз ҳәкимшилик-аймақлық бирлигинде (Нөкис қаласы ҳәм районларда) дизимнен өтип жумыс алып барып атырған жергиликли диний шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген диний шөлкем;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жергиликли диний шөлкем — Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған, он сегиз жасқа толған, елиў адамнан кем болмаған Өзбекстан Республикасы пуқараларының басламасы менен шөлкемлестирилген, жумысын қала ҳәм районлар аймағында әмелге асырыўшы диний шөлкем (мешитлер, ширкеўлер, синагогалар, ибадатханалар ҳәм басқалар);
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
миссионерлик — анық мақсетке қаратылған идеологиялық тәсир өткериў арқалы шахсты (бир топар шахсларды) өз динине киргизиў мақсетинде оған (оларға) диний көз-қарасларды мәжбүрий сиӊдириўге ҳәм диний тәлийматты тарқатыўға байланыслы жумыс;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
нызамға қайшы диний жумыс — диний шөлкем сыпатында дизимнен өтпестен жумыс алып барыў, диний шөлкем тәрепинен жумысын өзи турған орыннан, соныӊ ишинде сыйынатуғын имаратлардан ҳәм диний шөлкемге тийисли аймақлардан сыртта алып барыў, сондай-ақ диний билимлендириў мәкемелеринен сыртта жеке тәртипте диний билим бериў жумысы менен шуғылланыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний профессионал билимлендириў — диний билимлендириў мәкемелеринде оқыўшыларға белгили бир конфессияға тийисли диний билимлер бериўге қаратылған процесс;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
прозелитизм — миссионерлик жумысыныӊ бир конфессияға сыйыныўшыларды басқа конфессияларға өткериўге қаратылған формасы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2-бап. Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў тийкарлары
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4-статья. Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳүждан еркинлиги — бул пуқаралардың қәлеген динге исениўи ямаса ҳеш қайсы динге исенбеўи бойынша кепилленген конституциялық ҳуқықы болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Пуқара динге, динге исениўге ямаса исенбеўге, сыйыныўларда, диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлерде қатнасыўға ямаса қатнаспаўға, диний билим алыўға өз мүнәсибетин белгилеп атырғанда оны мәжбүрлеўге жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ержетпегенлерди олардың еркине, ата-анасының ямаса нызамлы ўәкиллериниң еркине қарсы түрде диний шөлкемлерге тартыўға жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өз динине исениў еркинлигине тек нызамда нәзерде тутылған шеклеўлер енгизиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының конституциялық дүзимин зорлық пенен өзгертиў, оның суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине зыян келтириў, пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин кемситиў, урысты, миллий, рассалық, этникалық ямаса диний өшпенлиликти үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың денсаўлығы ҳәм әдеп-икрамлылығына қәўип салыў, пуқаралардыӊ татыўлығын бузыў, жағдайды турақсызландырыўшы дөҳметтен ибарат жалғанларды тарқатыў, халықтыӊ арасында қорқыныш пайда етиў ҳәмде шахс, жәмийет ҳәм мәмлекетке қарсы қаратылған басқа да ҳәрекетлерди әмелге асырыў мақсетинде диннен пайдаланыўға жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5-статья. Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы үстинликлери
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы үстинликлери төмендегилерден ибарат:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
пуқаралардың динге мүнәсибетиниӊ қандай екенлигине қарамастан, диний көз-қарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қоймаған ҳалда, олардың ҳүждан еркинлигине болған өз ҳуқықларын әмелге асырыўы ушын тең шараятлар жаратыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
конфессиялар арасындағы тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жәмийетте диний кеӊпейиликти тәмийинлеў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўде дүньялық мәмлекет қурылыўын сақлап қалыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылыққа пуқаралар ҳәм диний шөлкемлер тәрепинен әмел етилиўин тәмийинлеў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жәмийетлик тәртипке, пуқаралардыӊ саламатлылығы ҳәм әдеп-икрамлылығына, ҳуқық ҳәм еркинликлерине қәўип салыўшы диний идеялар ҳәм көз-қараслардың сиңдирилиўи ҳәм тарқатылыўына қарсы гүресиў.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет ҳүждан еркинлигин, сондай-ақ ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықтың әмелде избе-из ҳәмде бир түрде қолланылыўын тәмийинлеўге байланыслы илажлардың әмелге асырылыўы ушын жуўапкер болған ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып табылады (буннан былай текстте ўәкилликли уйым деп жүргизиледи).
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6-статья. Пуқаралардың динге мүнәсибетиниӊ қандай болыўына қарамастан тең ҳуқықлылығы
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Пуқаралардың динге болған мүнәсибетине қарамастан, нызам алдында тең болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан Республикасы пуқаралары менен тең түрде ҳүждан еркинлиги ҳәм динге исеним еркинлиги ҳуқықынан пайдаланады ҳәмде ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын нызамда белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Рәсмий ҳүжжетлерде пуқаралардың динге байланыслы мүнәсибетин көрсетиўге жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Пуқаралардың ҳуқықларын олардың динге мүнәсибетине қарап ҳәр қандай тәризде шеклеў ҳәм туўрыдан-туўры ямаса басқа жоллар менен үстинликлер белгилеў, олардың диний ямаса атеистлик исеними менен байланыслы ҳалда пуқараларда өшпенлилик ҳәм ғәзеп оятыў яки олардың сезим-туйғыларын кемситиў, сондай-ақ муқаддес диний сыйыныў объектлерин кемситиў нызамда белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Нызамда белгиленген миннетлерди орынлаўдан ҳеш ким өз диний исенимлерин себеп етип бас тартыўы мүмкин емес. Диний исенимлерди себеп етип, бир миннетлемени орынлаўды басқасына алмастырыўға тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда жол қойылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Бир динге ямаса диний исенимге басқаларына қарағанда қандай да бир үстинликлер ямаса шеклеўлер белгилеўге жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7-статья. Динниӊ мәмлекеттен ажыратылғанлығы
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасында дин мәмлекеттен ажыратылған. Қарақалпақстан Республикасында диний шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик уйымлардың жумысы өз-ара араласпаў тийкарында әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекет түрли динлерге исенетуғын ҳәм оларға исенбейтуғын пуқаралар, түрли динлерге тийисли диний шөлкемлер арасында өз-ара келисим ҳәм ҳүрмет орнатылыўына көмеклеседи, диний фундаментализм ҳәм экстремизмге, мүнәсибетлерди қарама-қарсы қойыў ҳәм кескинлестириўге, түрли конфессиялар арасында қарама-қарсылықты ҳәўиж алдырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлерге жол қоймайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекет конфессиялардыӊ тыныш-татыў жасаўына кепил болады. Миссионерлик ҳәм прозелитизмди әмелге асырыўға жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекет диний шөлкемлерге мәмлекеттиң қандай да бир ўазыйпаларын орынлаўды жүклемейди, олардың нызамшылыққа қайшы болмаған жумысына араласпайды. Диний шөлкемлер мәмлекет ўазыйпаларын орынламайды. Мәмлекет диний шөлкемлердиң жумысын қаржыландырмайды ҳәм динге исениўшилардиӊ дин менен байланыслы сезим-туйғыларын кемситетуғын жумысқа жол қоймайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасында диний руўхтағы сиясий партия ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспениң, республикадан сыртта дүзилетуғын диний партиялардың ўәкилханалары ҳәм филиаллардың дүзилиўине ҳәм жумыс алып барыўына, сиясий партиялар ҳәм сиясий мақсетлерди гөзлеўши басқа да жәмийетлик бирлеспелердиң жумысына диний шөлкемлердиң қатнасыўына, сондай-ақ оларға қаржылай ямаса басқа да жәрдем көрсетиўине жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8-статья. Билимлендириў системасы ҳәм дин
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў системасы диннен ажыратылған болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Билимлендириў системасының оқыў бағдарламаларына диний пәнлердиң киргизилиўине (буған диний билимлендириў мәкемелери кирмейди) жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Пуқаралардыӊ дүньялық билим алыў ҳуқықы, олардың динге болған мүнәсибетине қарамастан тәмийинленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳәр ким диний билимлендириў мәкемелеринде профессионал диний билим алыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний билимлендириў мәкемелеринде оқыўға пуқаралар нызамшылыққа муўапық улыўма орта, орта арнаўлы билим ямаса профессионал билим алғаннан кейин қабыл етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний профессионал билим алған шахслар диний билимлендириў мәкемелеринде диний пәнлерди оқытыў жумысы менен шуғылланыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9-статья. Диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер диний шөлкемлер жайласқан орында, соныӊ ишинде сыйынатуғын имаратларда ҳәм оларға тийисли аймақларда, қойымшылықларда, зиярат орынларында, диний зәрүрлик болған жағдайда пуқаралардың қәлеўине қарай олардың үйлеринде өткериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Емлеўханаларда, госпиталларда, интернат мәкемелеринде, дәслепки қамаққа алыў ҳәм жазаны өтеў орынларында, ишки ислер уйымларыныӊ реабилитация орайларында диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер нызамшылықта белгиленген тәртипте, сол орынлардағы пуқаралардың өтинишлерине муўапық өткерилиўи мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сыйынатуғын имаратлардан сырттағы ғалабалық диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемлер динге исениўшилерден мәжбүрий пул жыйымлары ҳәм төлемлер өндириўге, сондай-ақ оларға қарата шахстыӊ абыройы ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўши илажларды қолланыўға ҳақылы емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
10-статья. Диний мазмундағы материаллар, оларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний мазмундағы материаллар диний тәлийматтың догматизм тийкарларын, тарийхын, диний тәлийматтың идеологиясын ҳәм шолыўларды, ҳәр түрли диний тәлийматлардың мәресимлерин өткериў әмелиятын, сондай-ақ айырым шахслардыӊ, тарийхый фактлер ҳәм ҳәдийселердиң диний көз-қарастан баҳасын сәўлелендириўши китаплар, қолланбалар, журналлар, газеталар, бетлер, басқа да баспа басылымлары, белгилер, предметлер, нышанлар, аудиовизуал дөретпелер (теле-, кино-ҳәм видеофильмлер, клиплер, концерт бағдарламаларының жазыўлары, мультфильмлер ҳәм басқалар), электрон мәлимлеме тасыўшылардан (дискетлер, CD, DVD дисклер, орнатылған ҳәм шешип алынатуғын флешкарталар, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жайластырылған материаллар ҳәм басқалар) ибарат болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы аймағында диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў жәмийетте конфессиялараралық татыўлық ҳәмде диний кеӊпейилликтиӊ бузылыўына алып келетуғын, диний зорлық ҳәм бузғыншылыққа шақыратуғын идеялар ҳәмде көз-қараслар тарқалыўының алдын алыў мақсетинде динтаныўшылық экспертизасыныӊ унамлы жуўмағы алынғаннан кейин әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3-бап. Диний шөлкемди шөлкемлестириў, оның ҳуқық ҳәм миннетлери. Диний шөлкемлер жумысыныӊ қосымша кепилликлери
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
11-статья. Диний шөлкемди шөлкемлестириў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем нызамшылыққа муўапық оның басламашыларының (шөлкемлестириўшилериниң) шешимине муўапық шөлкемлестириледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемниң басламашылары (шөлкемлестириўшилери) шөлкемлестириў мәжилисин (конференциясын) шақырады, онда устав қабыл етиледи ҳәм басшы уйымлар дүзиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем дизимнен өткерилген ўақыттан баслап шөлкемлестирилген деп есапланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем юридикалық шахс болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем диний шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы бойынша орайлық басқарыў уйымының (буннан былай текстте орайлық басқарыў уйымы деп жүргизиледи) Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқарыў уйымы (буннан былай текстте басқарыў уйымы деп жүргизиледи), диний билимлендириў мәкемеси ямаса жергиликли диний шөлкем формасында шөлкемлестирилиўи мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний билимлендириў мәкемеси дизимнен өткерилгеннен ҳәм ўәкилликли уйымның тийисли лицензиясын алғаннан кейин өз жумысын әмелге асырыў ҳуқықын алады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем белгиленген тәртипте берилетуғын жер участкаларында, ўәкилликли уйым менен келисилген ҳалда қарай шөлкемлестириледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Тийисли диний профессионал билимге ийе болған шахс диний шөлкемниң басшысы болыўы мүмкин, буған диний тәлийматында диний профессионал билимлендириў системасы нәзерде тутылмаған конфессиялар кирмейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди қайта шөлкемлестириў оның басқарыўшы уйымының шешимине қарай қосып жибериў, қосып алыў, бөлиў, ажыратып шығарыў ҳәм өзгертиў жолы менен әмелге асырылыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди қайта шөлкемлестириў нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
12-статья. Диний шөлкемниң ҳуқық ҳәм миннетлери
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем төмендеги ҳуқықларға ийе:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
шәртнама тийкарында берилетуғын имаратлардан ҳәм мүлктен, сондай-ақ материаллық-мәдений мийрас объектлеринен нызамшылықта белгиленген тәртипте өз мүтәжликлери ушын пайдаланыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
қайырқомлық жумысларын әмелге асырыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң жумысы менен байланыслы илажлар өткериў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
уставта көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў ушын исбилерменлик структураларын шөлкемлестириў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм алып шығыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
зыяратларды шөлкемлестириў ямаса басқа да диний илажларда қатнасыў мақсетинде халықаралық байланыслар орнатыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жаӊа жерлеў орынларын шөлкемлестириў ҳәм әмелдеги жерлеў орынларын оӊлаў ҳаққында усыныслар киргизиў.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституциялары, усы Нызам, басқа да нызамшылық актлери талапларына ҳәм өз уставы қағыйдаларына әмел етиўи;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
сыйыныў, диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер ушын мөлшерленген орынларда қолайлы шараятлар жаратыўы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкем ийелигинде (пайдаланыўында) болған материаллық-мәдений мийрас объектлериниң пүтин сақланыўын тәмийинлеўи, бунда мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған талапларды мәжбүрий тәртипте орынлаўы, архитектуралық естеликлерди реставрациялаў бойынша жойбарлаў ҳүжжетлери тийкарында қурылыс ҳәм оӊлаў жумысларын әмелге асырыўы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
әдиллик уйымларын илажлардың (конференциялар, семинарлар ҳәм басқалар, буған диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер кирмейди) еркин өткерилиўине көмеклесиў ушын олардың өткерилиўи ҳаққында хабардар етиўи;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
әдиллик уйымларын басшы уйымныӊ қурамы өзгергенлиги ҳаққындағы шешим қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде хабардар етиўи;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
әдиллик уйымларына өзиниң өткен жылғы жумысы хаққында белгиленген формада ҳәр жылы мәлимлеме усыныўы шәрт.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем нызамда нәзерде тутылған басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм оныӊ жуўапкершилигинде басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
13-статья. Диний шөлкемлердиң жумысыныӊ қосымша кепилликлери
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемлер өз жумысын нызамшылыққа муўапық ғәрезсиз түрде әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемлер өз меншигинде имаратларға, объектлерге, сыйыныў предметлерине, өндирис объектлерине, социаллық объектлерге ҳәм қайырқомлық ушын мөлшерленген объектлерге, өз жумысын тәмийинлеў ушын зәрүр болған пул қаржыларына ҳәм басқа да мүлкке ийе болыўы мүмкин. Диний шөлкемлердиң мүлки нызам менен қорғалады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемлер мәмлекетлик уйымлардыӊ нызамға қайшы қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға ямаса судқа шағым етиў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемлер мәмлекетлик уйымлардыӊ нызамға қайшы қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының диний шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин бузыўшы ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4-бап. Диний шөлкемди дизимнен ҳәм қайта дизимнен өткериў тәртиби
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
14-cтатья. Диний шөлкемниң шөлкемлестириў ҳүжжети
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди шөлкемлестириў басламашылары (шөлкемлестириўшилери) тәрепинен тастыйықланған устав диний шөлкемниӊ шөлкемлестириў ҳүжжети болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемниң уставында төмендегилер нәзерде тутылады:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң атамасы, түри, тәлиймат тийкарлары ҳаққындағы мәлимлеме ҳәм оған сәйкес келетуғын диний жумыс ҳаққындағы мағлыўматлар, оның шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасы, жайласқан орны (почта мәнзили), өз жумысын қайсы аймақ шеңберинде әмелге асырса, сол аймақ;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мақсети, ўазыйпалары ҳәм жумысыныӊ тийкарғы түрлери;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң дүзилиси ҳәм басшы уйымлары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң басшы уйымларыныӊ ўәкиллик шеңбери ҳәм усы уйымларды қәлиплестириў тәртиби, олардың ўәкилликлери мүддетлери, турақлы түрде жумыс алып баратуғын басшы уйымның жайласқан орны (почта мәнзили);
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
пул қаржыларын ҳәм басқа да мүлкти қәлиплестириў дереклери, диний шөлкемниң ҳәмде оның структуралық бөлимлериниң мүлкин басқарыўға байланыслы ҳуқықлары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемди қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тәртиби, сондай-ақ диний шөлкем сапластырылған жағдайда оның мүлкине ийелик етиў тәртиби;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
уставқа өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў тәртиби.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Уставда диний шөлкемниң нызамшылыққа қайшы болмаған жумысына тийисли басқа да қағыйдалар нәзерде тутылыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем уставыныӊ талаплары диний шөлкемниң өзи, оны дүзиў басламашылары (шөлкемлестириўшилери) ушын мәжбүрий болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Орайлық басқарыў уйымларына ийе болған диний шөлкемлердиң уставлары усы уйымлар менен келисилген болыўы керек.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
15-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериўде (қайта дизимнен өткериўде) мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекетлик хызметлер, соныӊ ишинде диний шөлкемлерди дизимнен өткериўде (қайта дизимнен өткериўде) хызметлер әдиллик уйымларыныӊ электрон системасы арқалы көрсетиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Электрон системаға кириў электрон санлы имза ямаса шахсты идентификациялаў имканиятын беретуғын басқа да усыллар арқалы әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мүрәжат етиўши электрон системаға киргеннен кейин өзиниң жеке кабинетиндеги тийисли мүрәжат түрин таңлайды, мағлыўматларды басқышпа-басқыш киргизеди ҳәм ҳүжжетлерди электрон система арқалы жибереди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Электрон системада қәлиплестирилген ямаса әдиллик уйымлары тәрепинен жиберилген электрон ҳүжжетлерде матрицалы штрих код (QR-код) ҳәм идентификацияланған номерлер бар болады. Бунда электрон ҳүжжетте көрсетилген идентификацияланған номерди электрон системаның арнаўлы бөлимине киргизиў арқалы электрон ҳүжжет ҳаққындағы мәлимлемени алыў ушын мүмкиншилик жаратылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Электрон системаның ислеў тәртиби, мағлыўматлардың түрлери ҳәм формалары, сондай-ақ электрон ҳүжжетлердиң үлгилери Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
16-статья. Диний шөлкемлерди дизимнен өткериў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемлерди дизимнен өткериў әдиллик уйымлары (буннан былай текстте дизимнен өткериўши уйымлар деп жүргизиледи) тәрепинен әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний билимлендириў мәкемелерин дизимнен өткериў Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен, басқарыў уйымларын ҳәм жергиликли диний шөлкемлерди дизимнен өткериў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги диний шөлкемлердиң сырт ел пуқаралары болған хызметкерлерин (басшыларын), сондай-ақ олардың өз қарамағында болған шаңарақ ағзаларын аккредитация етиўди әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемлерди дизимнен өткергенлиги, диний шөлкемлердиң сырт ел пуқаралары болған хызметкерлерин, сондай-ақ олардың өз қарамағында болған шаӊарақ ағзаларын аккредитация еткенлиги ушын «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында белгиленген муғдарда мәмлекетлик бажы өндириледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди дизимнен өткерген уйым усы шөлкем жумысыныӊ уставлық мақсетлерине ҳәм нызамшылыққа муўапықлығы үстинен қадағалаўды әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
17-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестириў мәжилиси (конференциясы) өткерилген күннен баслап алты ай ишинде оны дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжат дизимнен өткериўши уйымға жибериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Басқарыў уйымын дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
шөлкемлестириў мәжилисниӊ (конференциясының) басқарыў уйымын шөлкемлестириў, оның уставын тастыйықлаў ҳәм басқарыў уйымларын сайлаў ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған қарары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
басқарыў уйымының мәмлекетлик тилдеги уставы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жайласқан жеринен диний шөлкемниң почта мәнзили ретинде пайдаланылыўы мөлшерленген көшпес мүлкке ийелик етиў ямаса оннан пайдаланыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
басқарыў уйымының шөлкемлестириўшилери ҳәм оның басшы уйымы ағзалары ҳаққындағы ҳүжжетлер;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
басқарыў уйымының басшысында диний профессионал мағлыўматын тастыйықлайтуғын ҳүжжеттиң, буған тәлийматы диний профессионал билимлендириў системасын нәзерде тутпайтуғын конфессиялар кирмейди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ўәкилликли уйымның жуўмағы.

Диний билимлендириў шөлкемин дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
орайлық басқарыў уйымының диний билимлендириў шөлкемин шөлкемлестириў, оның уставын тастыйықлаў ҳәм басшы уйымларын сайлаў (тайынлаў) бойынша мағлыўматларды өз ишине алған қарары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний билимлендириў шөлкеминиң мәмлекетлик тилдеги уставы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний билимлендириў шөлкеминиң басшы уйымы ағзалары ҳаққындағы ҳүжжетлер;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ўәкилликли уйымның жуўмағы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Жергиликли диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жергиликли диний шөлкемди өз басламасына муўапық дүзип атырған, он сегиз жасқа толған, елиўден кем болмаған Өзбекстан Республикасы пуқараларыныӊ имзаларын өз ишине алған ҳүжжетлер;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
шөлкемлестириў мәжилисиниӊ жергиликли диний шөлкемди шөлкемлестириў, олардың уставын тастыйықлаў ҳәм басшы уйымларын сайлаў ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған қарарлары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жергиликли диний шөлкемниң мәмлекетлик тилдеги уставлары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жергиликли диний шөлкемди шөлкемлестириў басламашылары ҳаққындағы ҳәм оның басшы уйымы ағзалары ҳаққындағы ҳүжжетлер;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жергиликли диний шөлкемниң басшысының диний профессионал мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжеттиң, буған тәлийматы диний профессионал билимлендириў системасын нәзерде тутпайтуғын конфессиялар кирмейди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ўәкилликли уйымның жуўмағы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жергиликли диний шөлкемниң почта мәнзили сыпатында пайдаланылыўы мөлшерленип атырған көшпес мүлктиң қала қурылысы нормалары талапларына муўапықлығы ҳаққындағы жуўмақлар қосымша етилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жуўмағы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
18-статья. Қайта шөлкемлестириў жолы менен шөлкемлестирилген диний шөлкемди дизимнен өткериў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қосып жибериў, қосып алыў, бөлиў, ажыратып шығарыў ямаса өзгертиў формасында қайта шөлкемлестириў жолы менен шөлкемлестирилген диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа усы Нызамның 17-статьясында нәзерде тутылған ҳүжжетлерге қосымша түрде төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемге мәлим болған барлық кредиторлардың жазба түрде хабардар етилгенлиги ҳәм ғалаба хабар қуралларында қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы дағазаның жәрияланғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет;

қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемниң барлық кредиторлары ҳәм қарыздарларына тийисли усы шөлкемниң барлық миннетлемелери, соныӊ ишинде тәреплер тартысып атырған миннетлемелер бойынша ҳуқықый мийрасхорлық ҳаққындағы қағыйдаларды өз ишине алған тапсырыў акти (қосып жибериў ҳәм өзгертиў ўақтында) ямаса бөлистириў балансы (бөлиў ҳәм ажыратып шығарыў ўақтында);
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемниң мөри ҳәм штампы жоқ етилгенлиги ҳаққындағы акт.

19-статья. Диний шөлкемниң уставына өзгерис ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизилгенде оны қайта дизимнен өткериў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемниң уставына өзгерислер ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизилген жағдайда, усы Нызамда нәзерде тутылған тәртипте қайта дизимнен өткерилиўи тийис.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы талаплар диний шөлкемди қайта дизимнен өткериўде қолланылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди қайта дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжат дизимнен өткериўши уйымға диний шөлкем уставына өзгерислер ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизиў ҳаққында диний шөлкемниң басшы уйымы тәрепинен қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде жибериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди қайта дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
уставқа киргизилетуғын өзгерислер ҳәм (ямаса) қосымшалар текстиниң ямаса уставтың жаңа редакциясы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң басшы уйымының уставқа өзгерис ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизиў ҳаққындағы қарары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң атамасы ямаса дизимнен өткериўши уйым өзгерген жағдайда — диний шөлкемниң мөри ҳәм штампы жоқ етилгенлиги ҳаққындағы акт.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем қайта шөлкемлестирилгенлиги (ажыратып шығарылғанлығы ямаса қосып алынғанлығы) мүнәсибети менен қайта дизимнен өткерилген жағдайда усы статьяда нәзерде тутылған ҳүжжетлерге қосымша түрде төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемге мәлим болған барлық кредиторлардың жазба түрде хабардар етилгенлиги ҳәм ғалаба хабар қуралларында қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы дағазаның жәрияланғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемниң барлық кредиторлары ҳәм қарыздарларына усы шөлкемниң барлық миннетлемелери, соныӊ ишинде тәреплер тартысып атырған миннетлемелер бойынша ҳуқықый мийрасхорлық ҳаққындағы қағыйдаларды өз ишине алған тапсырыў акти ямаса бөлистириў балансы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемниң мөри ҳәм штампы жоқ етилгенлиги ҳаққындағы акт.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткериўши уйым өзгерген жағдайда, диний шөлкемди дизимнен өткериўди әмелге асырыўшы дизимнен өткериўши уйым алдын диний шөлкемди дизимнен өткериўди әмелге асырған дизимнен өткериўши уйымнан шөлкемниң дизимнен өткерилиўи менен байланыслы ҳүжжетлерди электрон система арқалы сорап алады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Почта мәнзили, банк реквизитлери ямаса басшы уйымныӊ қурамы өзгерген жағдайда, диний шөлкем усы мәселелер бойынша қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде электрон система арқалы тийисли қарарларды қосымша еткен ҳалда дизимнен өткериўши уйымды бул ҳаққында хабардар етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
20-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы мүрәжатты көрип шығыў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Электрон мүрәжатты жибериўши электрон сораўды қәлиплестириўди жуўмақлап, электрон система тәрепинен автоматикалық түрде белгиленетуғын мәмлекетлик бажы төлемин әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекетлик бажы төленгеннен кейин диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы мүрәжат көрип шығыў басқышына өтеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Егер мүрәжатта дүзетиў мүмкин болған қәтелер болса ямаса усы Нызамда талап етилетуғын яки электрон мүрәжатты жибериўши силтеме берген ҳүжжетлер болмаса, дизимнен өткериўши уйым оған бес жумыс күни ишинде қәтелерди дүзетиў ҳәм жетиспей атырған ҳүжжетлерди жибериў ушын мүмкиншилик береди. Дизимнен өткериўши уйым электрон мүрәжатты жибериўшиниң илтимасына муўапық бул мүддетти бес жумыс күнинен кем болмаған мүддетке узайтыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткериўши уйым диний шөлкемди дизимнен өткериў ушын жиберилген ҳүжжетлердиң ҳақыйқыйлығы ҳәм олардың нызамшылыққа муўапықлылығын тексериўге ҳақылы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
21-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлерди көрип шығыў мүддетлери
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлер дизимнен өткериўши уйым тәрепинен төмендеги мүддетлер ишинде көрип шығылады:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемди дизимге алыў ушын — мүрәжат алынған күннен баслап бир ай мүддетте;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемди қайта дизимнен өткериў ушын — мүрәжат алынған күннен баслап он бес күнлик мүддетте.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
22-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлерди көрип шығыў жуўмақлары
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткериўши уйым диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлерди көрип шығыў жуўмақларына муўапық төмендеги қарарлардыӊ бирин қабыл етеди:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемди дизимнен өткериўден бас тартыў ҳаққындағы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққында қарар қабыл етилген жағдайда, дизимнен өткериўши уйым қарар қабыл етилген сәнеден баслап үш жумыс күни ишинде:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкем ҳаққындағы мағлыўматларды диний шөлкемлер реестрине киргизеди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемди салық уйымларында ҳәм статистика уйымларында есапқа қойыўды әмелге асырады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
электрон системада диний шөлкемниң жеке кабинетин жаратады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы электрон гүўалықты қәлиплестиреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы электрон гүўалықты ҳәм диний шөлкемниң уставын диний шөлкемниң электрон системадағы жеке кабинетине жибереди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемниң қайта дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы электрон гүўалықта диний шөлкем ҳаққындағы алдынғы мағлыўматлар, соныӊ ишинде оның атамасы, дизимнен өткериўши уйымның атамасы, диний шөлкем дизимнен өткерилген сәне, сондай-ақ қайта дизимнен өткерилген сәне көрсетиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткериўши уйымның өзгериўи мүнәсибети менен диний шөлкем қайта дизимнен өткерилген жағдайда, жаңадан дизимнен өткерген уйым алдынғы дизимнен өткериўши уйымды тийисли дизимнен өткериўге байланыслы мағлыўматларды көрсеткен ҳалда электрон система арқалы бул ҳаққында хабардар етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди дизимнен өткериўден бас тартылған жағдайда, қарар қабыл етилген күннен кейин бир жумыс күни ишинде электрон мүрәжат жибериўшиниң электрон системасындағы жеке кабинетине бас тартыў себеплери көрсетилген ҳалда хабар жибериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди дизимнен өткериўден бас тартылғанлығы, егер бас тартыў тийкарлары сапластырылса, ҳүжжетлерди тәкирарий усыныў ушын тосқынлық етпейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
23-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериўден бас тартыў ушын тийкарлар
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди дизимнен өткериўден төмендеги жағдайларда бас тартылыўы мүмкин, егер:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң шөлкемлестирилиўи конституциялық дүзимди зорлық пенен өзгертиў, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының суверенитети, пүтинлиги ҳәм қәўипсизлигине қарсы шығыў, пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин кемситиў, урысты, социаллық, миллий, расалық ҳәмде диний өшпенлиликти үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың денсаўлығына ҳәм халықтың мәнаўиятына қәўип салыў мақсетин гөзлеген болса;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемди дүзиўдиң нызамда белгиленген тәртиби бузылған болса ямаса усынылған ҳүжжетлерде нызамшылыққа муўапық емеслиги ушырасса;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
дүзилип атырған шөлкем диний шөлкем сыпатында тән алынбаған болса;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
усынылған шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде биле тура надурыс мәлимлеме бар екенлиги анықланған болса.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткериўши уйымның диний шөлкемди дизимнен өткериўден бас тартыў ҳаққындағы қарары үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
24-статья. Диний шөлкемлер реестри
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткерилген диний шөлкем әдиллик уйымлары тәрепинен электрон системада жүргизилетуғын ҳәм ҳәмме танысып шығыўы ушын ашық болған диний шөлкемлер реестрине (буннан кейин текстте реестр деп жүргизиледи) киргизиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Реестрде төмендегилер көрсетиледи:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң атамасы ҳәм оның қайсы конфессияға тийислилиги;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң жайласқан орны (почта мәнзили);
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкем жумыс алып баратуғын аймақ;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
басламашылар (шөлкемлестириўшилер) қатнасыўшылар ҳаққындағы мәлимлеме (фамилиясы, аты, әкесиниң аты), байланыс ушын мағлыўматлар;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
басшы уйымның атамасы ҳәм почта мәнзили, байланыс ушын мағлыўматлар;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкем дизимнен өткерилген сәне ҳәм басқа да мәлимлеме.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5-бап. Диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыў ҳәм сапластырыў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
25-статья. Диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемниң жумысы, ол Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституциялары, усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлерин бузған жағдайда, суд тәрепинен тоқтатып турылыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем тәрепинен нызамшылық актлери талаплары бузылған, сондай-ақ шөлкемниң өз устав мақсетлерине қайшы ҳәрекетлер әмелге асырылған жағдайда, прокуратура уйымлары ямаса дизимнен өткериўши уйым усы ҳуқықбузарлықларды сапластырыў ҳаққындағы усынысты усы диний шөлкемниң басшы уйымларына киргизеди ҳәмде бул ҳуқықбузарлықларды сапластырыў мүддетин белгилейди. Егер бул ҳуқықбузарлықлар белгиленген мүддетте сапластырылмаса, диний шөлкем жумысы прокуратура уйымларының ямаса дизимнен өткериўши уйымның усынысы тийкарында суд қарары менен алты айға шекем болған мүддетке тоқтатып турылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Айрықша жағдай енгизилген жағдайда диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыў тәртиби нызамда белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
26-статья. Диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыў ақыбетлери
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемниң жумысы судтың қарарында белгиленген мүддетке тоқтатып турылған жағдайда, оның қайырқомлық фондлары шөлкемлестириўшиси сыпатындағы ҳуқықлары да тоқтатып турылады, оған илажларды шөлкемлестириў, банк аманатларынан пайдаланыў қадаған етиледи, буған хожалық жумысы, мийнет шәртнамалары бойынша қәрежетлер, өз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) себепли жеткерилген зыянлардыӊ орнын қаплаў ҳәм жәриймалар төлеўге байланыслы қәрежетлер кирмейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Егер диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыўдың суд тәрепинен белгиленген мүддети даўамында оның жумысы тоқтатылыўы ушын тийкар болып хызмет еткен ҳуқықбузыўшылықлар сапластырылса, усы мүддет тамамланғаннан кейин диний шөлкем өз жумысын қайтадан баслаўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем көрсетилген ҳуқықбузыўшылықты сапластырмаған жағдайда, оның жумысын тоқтатып турыў ҳаққында судқа усыныс киргизген уйым усы диний шөлкемди сапластырыў ҳаққында судқа усыныс киргизиўи мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
27-статья. Диний шөлкемди сапластырыў тәртиби
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди сапластырыў нызамшылыққа ҳәм диний шөлкемниң уставына муўапық әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди сапластырыў диний шөлкемниң ўәкилликли басшы уйымының қарары менен ықтыярлы түрде ямаса усы Нызамныӊ 26-статьясының үшинши бөлимине муўапық суд тәртибинде әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемди сапластырыў ҳаққында қарар қабыл еткен диний шөлкемниң басшы уйымы ямаса суд сапластырыўшыны — сапластырыў комиссиясын ямаса физикалық шахсты тайынлайды, диний шөлкемди сапластырыў мүддетин белгилейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сапластырыў комиссиясы қурамына, әдетте, тийисли юридикалық, экономикалық мағлыўматқа ийе ҳәм (ямаса) бухгалтерия тараўында әмелий тәжирийбеге ийе болған шахслар киргизиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемниң басшы уйымы тәрепинен диний шөлкемди сапластырыў ҳаққында қарар қабыл етилген жағдайда, сапластырыў ҳаққындағы мағлыўматлар дизимнен өткериўши уйымға диний шөлкемди сапластырыў ҳаққында басшы уйым қабыл еткен қарардың электрон көширме нусқасы қосымша етилген ҳалда үш жумыс күни ишинде электрон система арқалы усынылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем суд тәрепинен сапластырылған жағдайда, сапластырыўшы судтың қарарын электрон система арқалы алғаннан кейин қарардың электрон көширме нусқасын дизимнен өткериўши уйымға үш жумыс күни ишинде усынады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткериўши уйым сапластырыўшы ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм диний шөлкемди сапластырыў ҳаққындағы басшы уйымның қарарын алғаннан кейин еки жумыс күни ишинде реестрге диний шөлкемниң сапластырыў процесинде екенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды киргизеди ҳәмде бул ҳаққында диний шөлкем мәмлекетлик дизимнен өткерилген орындағы салық уйымларын ҳәм статистика уйымларын, көшпес мүлкке ҳәм автотранспортқа болған ҳуқықларын дизимнен өткериўши уйымларды, сондай-ақ суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўши уйымларды электрон система арқалы хабардар етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
28-статья. Реестрге диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында жазыў киргизиў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Реестрге диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында жазыў киргизиў ушын сапластырыўшы бул ҳаққында дизимнен өткериўши уйымға электрон система арқалы электрон мүрәжат жибереди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң көширме нусқалары қосымша етиледи:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында баспа басылымда берилген дағаза;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
белгиленген тәртипте тастыйықланған сапластырыў балансы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемниң барлық есап бетлери жабылғанлығы ҳаққында хызмет көрсетиўши банклердиң мағлыўматлары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
кредиторлардыӊ талаплары толық қанаатландырылғаннан кейин қалған мүлкке ийелик еткенлиги фактын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мөрлер ҳәм штамплар жоқ етилгенлиги ҳаққындағы акт;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
лицензиялар ҳәм рухсатнамалар (бар болған жағдайда);
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
салық уйымларыныӊ салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлық жоқ екенлиги ҳаққындағы жуўмағы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў бойынша уйымның диний шөлкем қарыздар сыпатында қатнасып, орынланбаған атқарыў ҳүжжети жоқлығы ҳаққындағы хабары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкем ҳүжжетлериниң мәмлекетлик архивке тапсырылғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўмат.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Бунда ҳүжжетлердиң түп нусқалары дизимнен өткериўши уйымға еки жумыс күни ишинде усынылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткериўши уйым сапластырыўшыныӊ электрон мүрәжаты алынғаннан кейин реестрге диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында бес жумыс күни ишинде жазыў киргизеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Егер ҳүжжетлердиң толық дизими усынылмаған ямаса олар тийисли тәртипте рәсмийлестирилмеген болса, сондай-ақ усынылған ҳүжжетлерде биле тура надурыс мәлимлеме бар екенлиги анықланған болса, реестрге жазыў киргизиўден бас тартылыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Реестрге жазыў киргизиўден бас тартылған жағдайда, дизимнен өткериўши уйым сапластырыўшыға бас тартыў тийкарларын көрсеткен ҳалда электрон система арқалы билдириў хатын жибереди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Реестрге жазыў киргизиў ҳаққындағы қарар дизимнен өткериўши уйым басшысының жуўмағы ретинде қабыл етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Дизимнен өткериўши уйым диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында реестрге жазыў киргизилгеннен кейин еки жумыс күни ишинде:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында сапластырыўшыны, салық уйымларын ҳәм статистика уйымларын электрон система арқалы хабардар етеди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
диний шөлкемге берилген лицензиялар ҳәм рухсатнамаларды (бар болған жағдайда) оларды берген уйымларға тапсырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкем реестрге диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққындағы жазыў киргизилген ўақыттан баслап сапластырылған деп есапланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
29-статья. Өз жумысын тоқтатқан диний шөлкемниң мүлкине ийелик етиў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемге оған пайдаланып турыў ушын берилген мүлк оның жумысы сапластырылғаннан кейин алдынғы ийесине қайтарылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Диний шөлкемниң жумысы сапластырылғанда оған тийисли мүлкке ийелик етиў оның уставына ҳәм нызамшылыққа муўапық әмелге асырылады. Кредиторлардыӊ талаплары бойынша өндириўге қаратылыўы мүмкин болмаған, сыйыныў ушын мөлшерленген мүлктиң дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳуқықый мийрасхорлар болмағанда мүлк мәмлекет меншигине өтеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
30-статья. Тартысларды шешиў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, сондай-ақ диний шөлкемлердиң жумысын тәртипке салыў тараўында жүзеге келетуғын тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
31-статья. Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
32-статья. Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызам актлерин өз күшин жойытқан деп табыў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы 412/I-санлы Нызамы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 1998-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамын ҳәрекетке енгизиў ҳаққындағы 413/I-санлы қарары;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2010-жыл 22-майда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 31/II-санлы Нызамыныӊ 7-статьясы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2018-жыл 18-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 200/ХХII-санлы Нызамыныӊ 41-статьясы;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2018-жыл 26-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 225/ХХIV-санлы Нызамыныӊ 2-статьясы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
33-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мазмун ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәмде мазмуны ҳәм әҳмийети халықтыӊ арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
34-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ҳүкиметлик қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өзлериниң нормативлик-ҳуқықый актлериниң қайта көрип шығылыўын ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
35-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Нөкис қаласы,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2022-жыл 21-июнь,

№ 240/ХХХ