09.04.1993 йилдаги -сон
ONLINE TRANSLATE
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ОН ЕКИНШИ ШАҚЫРЫҚ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ

ЖОҚАРҒЫ СОВЕТИНИҢ ОН ЕКИНШИ СЕССИЯСЫНДА 1993-ЖЫЛ 9-АПРЕЛЬДЕ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
А Л Ғ Ы С Ө З
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының халқы,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
адам ҳуқықларын ҳәм мәмлекетлик суверенитет принциплерин өзиниң жақлайтуғынлығын салтанатлы түрде жәриялай отырып,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдында жоқары жуўапкершиликти сезе отырып,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан мәмлекетлилигин раўажландырыўдың тарийхый тәжирийбесине сүйене отырып,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
демократия ҳәм социаллық әдиллик идеяларына өзиниң садықлығын тастыйықлай отырып,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
халық аралық ҳуқықтың ғалаба тән алынған нормаларының артықмашлығын мойынлай отырып,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
республика пуқараларына ылайықлы турмысты тәмийинлеўге умтыла отырып,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
адамгершиликли, демократиялық ҳуқықый мәмлекет дүзиўди ўазыйпа етип қоя отырып,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
пуқаралық парахатшылықты ҳәм миллий келисимди тәмийинлеў мақсетинде,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
өзиниң толық ҳуқықлы ўәкиллери арқалы Қарақалпақстан Республикасының усы Конституциясын қабыл етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
БИРИНШИ БӨЛИМ
ТИЙКАРҒЫ ПРИНЦИПЛЕР
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
I БАП
МӘМЛЕКЕТЛИК СУВЕРЕНИТЕТ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1-статья. Қарақалпақстан — Өзбекстан Республикасының қурамына киретуғын суверенли демократиялық республика. Мәмлекеттиң «Қарақалпақстан Республикасы» ҳәм «Қарақалпақстан» атамасы тең мәнили.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының өз-ара қатнасықлары Өзбекстан Республикасы Конституциясы көлеминде Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасы арасында дүзилген шәртнамалар және келисимлер арқалы тәртиплестириледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасының қурамынан Қарақалпақстан халқының ғалаба халықлық референдумы тийкарында шығыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2-статья. Мәмлекет халықтың ерк-ықрарын билдиреди, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар жәмийеттиң ҳәм пуқаралардың алдында жуўапкерли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3-статья. Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик аймақлық дүзилиси мәселелерин өзинше шешеди, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының системасын белгилейди, Өзбекстан Республикасы сиясатына үйлесимли сиясатты жүргизеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының аймағына ҳәм шегараларына қол қатылмайды, өзгертилиўи ҳәм бөлиниўи мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4-статья. Қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы өз аймағында жасаўшы миллетлердиң ҳәм халықлардың тиллерине, үрп-әдетлерине ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қараўды, олардың раўажланыўы ушын жағдайлар дүзиўди тәмийинлейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5-статья. Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызам арқалы тастыйықланатуғын мәмлекетлик нышанларына — байрағына, гербине, гимнине ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6-статья. Қарақалпақстан Республикасының пайтахты Нөкис қаласы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
II БАП
ХАЛЫҚ ҲӘКИМИЯТЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7-статья. Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик ҳәкимият халықтың мәпи ушын Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы арқалы және соның тийкарында қабыл етилген нызамлар арқалы тек буған ўәкиллик берилген уйымлар тәрепинен ғана әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Конституцияда нәзерде тутылмаған тәртипте мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәқилликлерин өзлестириў, ҳәкимият уйымларының жумысын тоқтатып қойыў ямаса сапластырыў, ҳәкимияттың жаңа ҳәм параллель дүзилислерин дүзиў Конституцияға қарсы ҳәрекетлер болып табылады ҳәм нызамға муўапық жуўапкершиликке тартыўға тийкар болады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8-статья. Қарақалпақстан аймағында жасаўшы Өзбекстан Республикасы пуқаралары Қарақалпақстан Республикасының пуқараларын қурайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9-статья. Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың анағурлым әҳмийетли мәселелери халықтың додалаўына шығарылады, халықлық даўысқа (референдумға) қойылады. Референдумды өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
10-статья. Қарақалпақстан халқы атынан тек ғана ол сайлаған республиканың Жоқарғы Кеңеси ҳәрекет ете алады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Жәмийеттиң ҳеш бир бөлеги, сиясий партия, жәмийетлик бирлеспе, ҳәрекет ямаса айырым шахс Қарақалпақстан халқының атынан ҳәрекет ете алмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
11-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимият системасы — ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятларына бөлиниў принципине тийкарланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
12-статья. Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик турмыс сиясий институтлардың, идеологиялардың ҳәм пикирлердиң көп түрлилиги тийкарында раўажланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳеш қандай идеология мәмлекетлик рәсмий идеология сыпатында белгилене алмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
13-статья. Қарақалпақстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принциплерине тийкарланады, буларға муўапық инсан, оның турмысы, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлары ең жоқары байлық болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Демократиялық ҳуқықлар ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
14-статья. Мәмлекет өзиниң жумысын инсанның ҳәм жәмийеттиң абаданлығы мәплерин гөзлеп, социаллық әдиллик ҳәм нызамлылық принциплеринде қурады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
III БАП
КОНСТИТУЦИЯНЫҢ ҲӘМ НЫЗАМНЫҢ ҮСТИНЛИГИ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
15-статья. Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларының ҳәм нызамларының сөзсиз үстинлиги мойынланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекет, оның уйымлары, лаўазымлы шахслар, жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралар Конституцияға ҳәм нызамларға муўапық ҳәрекет етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
16-статья. Усы Конституциядағы режелердиң бирде биреўи Қарақалпақстан Республикасының ҳуқық ҳәм мәплерине зәлел келетуғындай етип түсиндирилмейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Бир де нызам ямаса басқа да нормативлик ҳуқықый акти Конституцияның нормаларына ҳәм принциплерине қайшы келиўи мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
IV БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ХАЛЫҚ АРАЛЫҚ ҲӘМ СЫРТҚЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ҚАТНАСЫҚЛАРЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
17-статья. Қарақалпақстан Республикасының халық аралық илимий, мәдений ҳәм сыртқы экономикалық қатнасықлары Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ЕКИНШИ БӨЛИМ
ИНСАН ҲӘМ ПУҚАРАНЫҢ ТИЙКАРҒЫ ҲУҚЫҚЛАРЫ, ЕРКИНЛИКЛЕРИ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
V БАП
УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
18-статья. Қарақалпақстан Республикасының барлық пуқаралары бирдей ҳуқықларға және еркинликлерге ийе болып, жынысының, расасының, миллетиниң, тилиниң, дининиң, социаллық шығысының, исенимлериниң, жеке ҳәм жәмийетлик аўҳалының айырмашылығына қарамастан нызам алдында тең.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Жеңилликлер тек нызам менен белгилениўи мүмкин ҳәм социаллық әдиллик принциплерине сәйкес келиўи тийис.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
19-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқарасы ҳәм мәмлекет өз-ара ҳуқықлар ҳәм өз-ара жуўапкершилик пенен байланысады. Пуқаралардың Конституцияда ҳәм нызамларда бекитилген ҳуқықлары менен еркинликлерине қол қатылмайды ҳәм судтың шешимисиз булардан айырыўға ямаса шеклеўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
20-статья. Пуқаралар өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўда басқа шахслардың, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң нызамлы мәплери, ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине зыян тийгизбеўи шәрт.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
VI БАП
ПУҚАРАЛЫҚ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
21-статья. Өзбекстан Республикасында бирден-бир пуқаралықтың белгилениўине муўапық Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир пуқарасы Өзбекстан Республикасының пуқарасы болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Пуқаралыққа ерисиў ҳәм оннан айырылып қалыў тийкарлары ҳәм тәртиби Өзбекстан Республикасының пуқаралық ҳаққындағы нызамы менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының аймағында болып атырған сырт елли пуқараларға ҳәм пуқаралыққа ийе емес адамларға халық аралық ҳуқық нормаларына муўапық ҳуқықлар менен еркинликлер тәмийинленеди. Олар Қарақалпақстан Республикасының Конституциясында ҳәм нызамларында және Өзбекстан Республикасының халық аралық шәртнамаларында белгиленген миннетлерди атқарады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
VII БАП
ЖЕКЕ ҲУҚЫҚЛАР ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕР
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
22-статья. Жасаў ҳуқықы ҳәр бир шахстың ажыралмас ҳуқықы болып табылады. Оған қол қатыў ең аўыр жынаят есапланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
23-статья. Ҳәр бир шахс еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. Нызамға тийкарланбай турып ҳеш ким қамаққа алынбайды ямаса қамақта сақланбайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
24-статья. Жынаят ислегенликте айыпланып атырған ҳәр бир шахстыӊ айыбы судта жәриялылық жолы менен қаралмағанша ҳәм нызамлы тәртипте анықланбағанша айыпсыз есапланады. Судта айыпланып атырған шахсқа өзин қорғаўы ушын барлық мүмкиншиликлер тәмийинленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳеш ким қыйнаўларға, күш жумсаўға, басқа да аяўсыз ҳәрекетке ямаса инсанның ар-намысына тийетуғын қатнасықларға дуўшар етилиўи мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өзиниң келисимиз ҳеш ким медициналық ямаса илимий тәжирийбелерге тартылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
25-статья. Ҳәр ким өзиниң ар-намысына ҳәм қәдир-қымбатына қол қатыўдан, өзиниң жеке турмысына араласыўдан қорғаныўға ҳақылы, өзиниң турақ жайына қол қатылмаслық ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Нызам менен нәзерде тутылған жағдайдан ҳәм тәртиптен басқа пайытларда ҳеш ким турақ жайға кириўге, онда тинтиў жүргизиўге ямаса көзден өткериўге, хат жазысыў ҳәм телефон арқалы сөйлесиў сырын бузыўға ҳақылы емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
26-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқарасы Өзбекстан Республикасының пуқарасы болыў менен нызамда белгиленген шеклеўлерден тысқары жағдайларда Өзбекстан Республикасы аймағында еркин жүриўге, Өзбекстан Республикасына кириўге ҳәм оннан шығып кетиўге ҳақылы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
27-статья. Ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықына ийе. Ҳәр ким ҳәзирги конституциялық дүзимге қарсы бағдарланған ҳәм нызам менен нәзерде тутылған басқа да шеклеўлерден тысқары ҳәр қандай мәлимлемени излестириўге, алыўға ҳәм таратыўға ҳақылы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Пикирлер ҳәм оларды билдириў еркинлиги мәмлекетлик ямаса басқа да қупыялар бойынша нызам менен шеклениўи мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
28-статья. Қарақалпақстан Республикасының барлық мәмлекетлик уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм лаўазымлы шахслары пуқараларға олардың ҳуқықларына және мәплерине тийисли болған ҳүжжетлер, шешимлер ҳәм басқа да материаллар менен танысыў мүмкиншилигин тәмийинлеўге миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
29-статья. Ҳәмме ушын ҳүждан еркинлигине кепиллик бериледи, ҳәр ким ҳәр қандай динге исениўге ямаса ҳеш қайсысына исенбеўге ҳақылы. Диний көз-қарасларды мәжбүрий түрде сиңдириўге жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
VIII БАП
СИЯСИЙ ҲУҚЫҚЛАР
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
30-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң ислерин басқарыўға тиккелей, сондай-ақ өзлериниң ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик уйымларды демократиялық түрде қәлиплестириў, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды раўажландырыў ҳәм жетилистириў арқалы әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыӯ тәртиби нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
31-статья. Пуқаралар өзлериниң жәмийетлик белсендилигин митинглер, жыйналыслар ҳәм демонстрациялар түринде Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Ҳәкимият уйымлары тек ғана қәўипсизлик себеплерге бола усы илажларды тоқтатыў ямаса олардың өткерилиўине тыйым салыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
32-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары кәсиплик аўқамларға, сиясий партияларға ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелерге бирлесиў, ғалаба ҳәрекетлерге қатнасыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сиясий партияларда, жәмийетлик бирлеспелерде, ғалаба ҳәрекетлерде, сондай-ақ ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларында оппозициялық азшылықты қурайтуғын адамлардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм қәдир-қымбатын ҳеш ким кемсите алмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
33-статья. Ҳәр бир шахс тиккелей өзи ҳәм басқалар менен бирлесип, тийисли мәмлекетлик уйымларға, мәкемелерге ямаса халық ўәкиллерине арзалар бериў, усыныслар көрсетиў ҳәм шағымлар етиў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Арзалар, усыныслар ямаса шағымлар нызам менен белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде қарап шығылыўы тийис.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
IХ БАП
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ҲӘМ СОЦИАЛЛЫҚ ҲУҚЫҚЛАР
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
34-статья. Ҳәр бир шахс меншик ҳуқықына ийе. Банк аманатларының сыр сақланыўына ҳәм мийрас ҳуқықы нызам менен кепилленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
35-статья. Ҳәр бир шахс мийнет етиў, жумысты еркин таңлап алыў, әдил мийнет жағдайларында ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Судтың ҳүкими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда көрсетилген тәртиптен басқа жағдайларда мәжбүрий мийнет қадаған етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
36-статья. Жалланып ислеўши шахслар ҳақы төленетуғын дем алыс ҳуқықына ийе болады. Жумыс ўақтының, ҳақы төленетуғын мийнет дем алысының мүддети нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
37-статья. Ҳәр ким қартайғанда, мийнет етиў уқыбынан айырылғанда, сондай-ақ асыраўшысынан айырылғанда ҳәм нызам менен нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық жақтан тәмийинлениў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Пенсиялар, напақалар, социаллық жәрдемниң басқа да түрлери рәсмий түрде белгиленген күнелтиў зәрүрлигиниң ең кем муғдарынан аз болыўы мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
38-статья. Ҳәр бир шахс қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
39-статья. Ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе. Бийпул улыўма билим алыўға мәмлекет тәрепинен кепиллик бериледи. Мектеп иси мәмлекеттиң бақлаўында болады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
40-статья. Ҳәр бир шахсқа илимий ҳәм техникалық дөретиўшилик еркинлиги, мәденияттың жетискенликлеринен пайдаланыў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекет жәмийеттиң мәдений, илимий ҳәм техникалық раўажланыўына ғамхорлық етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Х БАП
ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕРИНИҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
41-статья. Мәмлекет пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен бекитилген ҳуқықларын және еркинликлерин тәмийинлейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
42-статья. Ҳәр бир шахсқа өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың, лаўазымлы шахслардың, жәмийетлик бирлеспелердиң нызамсыз ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
43-статья. Ер жетпегенлердиң, мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз баслы қартайған шахслардың ҳуқықлары мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
44-статья. Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар теңдей ҳуқықларға ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХI БАП
ПУҚАРАЛАРДЫҢ МИННЕТЛЕРИ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
45-статья. Барлық пуқаралар өзлерине Конституцияда бекитилген миннетлерди атқарады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
46-статья. Пуқаралар Конституция ҳәм нызамларға әмел етиўге, басқа шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин, ар-намысын ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрметлеўге миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
47-статья. Пуқаралар Қарақалпақстан халқының тарийхый, руўхый ҳәм мәдений мийрасларын сақлаўға миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәденият естеликлери мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
48-статья. Пуқаралар қоршап турған тәбийий орталыққа итиятлы қатнас жасаўға миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
49-статья. Пуқаралар нызам менен белгиленген салықларды ҳәм жергиликли жыйымларды төлеўге миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
50-статья. Өзбекстан Республикасын ҳәм Қарақалпақстан Республикасын қорғаў — Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир пуқарасының миннети. Пуқаралар нызамда белгиленген тәртипте әскерий ямаса альтернативалы хызметти өтеўге миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ҮШИНШИ БӨЛИМ
ЖӘМИЙЕТ ҲӘМ ШАХС
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХII БАП
ЖӘМИЙЕТТИҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
51-статья. Базар қатнасықларын раўажландырыўға бағдарланған Қарақалпақстан экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Мәмлекет тутыныўшы ҳуқықларының үстинлигин есапқа алып, экономикалық хызметке, исбилерменликке, мийнет еркинлигине, меншиктиң барлық түрлериниң тең ҳуқықлылығына ҳәм олардың ҳуқықый жақтан қорғалыўына кепиллик береди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Басқа да меншик түрлери менен бир қатарда жеке меншикке қол қатылмайды ҳәм оны мәмлекет қорғайды. Меншик ийеси оннан тек нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте ғана айырылыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
52-статья. Меншик ийеси өзине тийисли мүликке өз ықтыярынша ийелик етеди, пайдаланады ҳәм бийлик етеди. Мүликти пайдаланыў экологиялық орталыққа зыян келтирмеўи, пуқаралардың, юридикалық шахслардың ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықларын және нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаўы тийис.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
53-статья. Жер, оның қазылма байлықлары, суўлар, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы және басқа да тәбийий ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға уғрас пайдаланыў тийис ҳәм олар мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХIII БАП
ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕР
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
54-статья. Қарақалпақстан Республикасында нызам менен белгиленген тәртипте дизимге алынған кәсиплик аўқамлар, сиясий партиялар, илимпазлар жәмийетлери, ҳаял-қызлар шөлкемлери, ветеранлар ҳәм жаслар шөлкемлери, дөретиўши аўқамлар, ғалабалық ҳәрекетлер ҳәм пуқаралардың басқа да бирлеспелери жәмийетлик бирлеспелер деп танылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
55-статья. Конституциялық дүзимди күш пенен өзгертиўди мақсет етип қойған, Республиканың суверенитетине, пүтинлигине ҳәм қәўипсизлигине, оның пуқараларының конституциялық ҳуқықларына ҳәм еркинликлерине қарсы ҳәрекет ететуғын, урысты, социаллық, миллий, расалық ҳәм диний өшпенлиликти нәсиятлайтуғын, халықтың ден саўлығына ҳәм әдеп-икрамлылығына қол қататуғын сиясий партиялар, басқа да жәмийетлик бирлеспелер, сондай-ақ әскерийлестирилген бирлеспелер, миллий ҳәм диний белгилери бойынша сиясий партиялар дүзиў ҳәм олардың жумыс ислеўи қадаған етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Астыртын жәмийетлер ҳәм бирлеспелер дүзиў қадаған етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
56-статья. Мәмлекет жәмийетлик бирлеспелердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң сақланыўын тәмийинлейди, олардың жәмийетлик турмысқа қатнасыўы ушын теңдей ҳуқық мүмкиншиликлерин дүзеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекетлик уйымлардың ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысына жәмийетлик бирлеспелердиң араласыўына, сондай-ақ жәмийетлик бирлеспелердиң жумысына мәмлекетлик уйымлардың ҳәм лаўазымлы шахслардың араласыўына да жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
57-статья. Кәсиплик аўқамлар хызметкерлердиң социаллық-экономикалық ҳуқықларын ҳәм мәплерин гөзлейди және қорғайды. Кәсиплик шөлкемлерге ағзалық ықтыярлы болады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
58-статья. Сиясий партиялар ҳәр қыйлы социаллық қатламлардың ҳәм топарлардың сиясий еркин билдиреди және өзлериниң демократиялық жол менен сайланған ўәкиллери арқалы мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиўге қатнасады. Сиясий партиялар өз жумысын қаржы менен тәмийинлеў дәреклери ҳаққында белгиленген тәртипте Жоқарғы Кеңеске ямаса ол ўәкиллик берген уйымға ашық есап бериўи шәрт.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
59-статья. Диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелер мәмлекеттен ажыратылған ҳәм нызам алдында тең. Мәмлекет диний бирлеспелердиң жумысына араласпайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
60-статья. Жәмийетлик бирлеспелерди тарқатыў, олардың жумысына тыйым салыў ямаса шеклеў тек судтың шешими тийкарында әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХIV БАП
ШАҢАРАҚ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
61-статья. Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны болып табылады ҳәм жәмийет және мәмлекет тәрепинен қорғалыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Неке тәреплердиң еркин келисимине ҳәм тең ҳуқықлығына тийкарланған.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
62-статья. Ата-аналар перзентлерин ер жеткенге шекем сақлаўға ҳәм тәрбиялаўға миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балалардың ҳәм ата-аналардың қәўендерлигинен айырылған балаларды сақлаў, тәрбиялаў ҳәм олардың билим алыўын тәмийинлейди, балаларға арналған қайырқомлық жумысларын хошаметлейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
63-статья. Балалар ата-аналарының шығысына ҳәм пуқаралық ҳалатына қарамастан нызам алдында тең.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Аналық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
64-статья. Ержеткен, мийнетке жарамлы балалар өзлериниң ата-аналарына ғамхорлық көрсетиўге миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХV БАП
ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
65-статья. Ғалаба хабар қураллары еркин ҳәм нызамға муўапық ҳәрекет етеди. Олар мәлимлемениң дурыслығы ушын белгиленген тәртипте жуўап береди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Цензураға жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ТӨРТИНШИ БӨЛИМ
ҲӘКИМШИЛИК-АЙМАҚЛЫҚ ДҮЗИЛИС
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХVI БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ҲӘКИМШИЛИК-АЙМАҚЛЫҚ ДҮЗИЛИСИ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
66-статья. Қарақалпақстан Республикасы — районлардан, қалалардан, поселкалардан, аўыллардан ибарат.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
67-статья. Районларды ҳәм қалаларды дүзиў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ, олардың шегараларын өзгертиў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
БЕСИНШИ БӨЛИМ
МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТТЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХVII БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
68-статья. Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси жоқары мәмлекетлик ўәкиллик уйымы болып, нызам шығарыўшы ҳәкимиятты әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
69-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси — аймақлық сайлаў округлеринен көп партиялық тийкарында 5 жыллық мүддетке сайланатуғын 65 депутаттан ибарат.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сайлаў күни жигирма бес жасқа толған ҳәм кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы пуқарасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Депутатлыққа кандидатларға қойылатуғын талаплар нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
70-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айрықша ўәкилликлерине төмендегилер тийисли:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) Қарақалпақстан Республикасының Конституциясын қабыл етиў, оған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) Қарақалпақстан Республикасының нызамларын қабыл етиў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан Республикасының нызамларына түсиник бериў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың мәмлекетлик стратегиялық бағдарламаларын қабыл етиў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарын сайлаў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумын дүзиў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усыныўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ағзалары лаўазымына тайынлаў ҳәм босатыў, Қарақалпақстан Республикасының министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларын дүзиў ҳәм сапластырыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8) Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетин сайлаў, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы ҳәм оның орынбасарларын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы ҳәм орынбасарын сайлаў ҳәм босатыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9) пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша районлараралық, районлық, қалалық судларының судьяларын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў; (алып тасланған)
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
10) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының келисими менен, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
12) халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң шешимлерин тоқтатып қойыў ҳәм бийкарлаў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
13) ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелерин нызамлар менен ретлестириў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
14) республикалық ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының системасын ҳәм ўәкилликлерин белгилеў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
15) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысы менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик бюджетин тастыйықлаў ҳәм оның орынланыўы бойынша есапларын тастыйықлаў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
16) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларын ҳәм ҳүрметли атақларын шөлкемлестириў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
17) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымларға сайлаўлар белгилеў; Орайлық сайлаў комиссиясын дүзиў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
18) Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары актлериниң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына усыныслар бериў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
19) парламент қадағалаўын ҳәм усы Конституцияда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
71-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жумысы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясында ҳәм Жоқарғы Кеңесиниң Регламетинде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
72-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси мәжилисиниң жумысына барлық депутатлардың улыўма санының кеминде үштен екиси қатнасса толық ҳуқықлы болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
73-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның уйымларының мәжилислерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң баслықлары, басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры қатнасыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
74-статья. Өзиниң ўәкиллик мүддети питкеннен кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жаңа шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жумысы басланғанға шекем өз жумысын даўам еттиреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сайлаўлардан кейинги биринши мәжилиси Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўлардан кейин еки айдан кешиктирилмей шақырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
75-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде нызамшылық басламасы ҳуқықына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
76-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси нызамлар, қарарлар ҳәм басқа да актлер қабыл етеди. Нызамды қабыл етиў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң барлық депутатларының көпшилик даўысы талап етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының нызамлары Жоқарғы Кеңес тәрепинен қабыл етилип нызамда белгиленген тәртипте рәсмий жәрияланғаннан кейин юридикалық күшке ийе болады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
77-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси нызам жойбарларын таярлаў жумысын жүргизиў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң талқылаўына усынылатуғын мәселелерди алдын ала қарап шығыў ҳәм таярлаў, нызамлардың ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлериниң орынланыўын қадағалаў ушын депутатлар арасынан комитетлер ҳәм комиссиялар сайлайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси зәрүр жағдайларда турақлы ямаса ўақытша депутатлық, тексериў ҳәм басқа да комиссиялар дүзеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитетлери ҳәм комиссияларының ўәкилликлери ҳәм жумыс тәртиби нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
78-статья. Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси депутатларының депутатлық жумысы менен байланыслы қәрежетлери белгиленген тәртипте өтеледи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде ҳәм оның уйымларында турақлы тийкарда ислейтуғын депутатлар өз ўәкилликлери дәўиринде ҳақы төленетуғын басқа бир лаўазымды ийелеўи, исбилерменлик жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
79-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты қол қатылмаслық ҳуқықынан пайдаланады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң келисимисиз ол жынайы жуўапкершиликке тартылыўы, қамаққа алыныўы ямаса оған суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылыўы мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХVIII БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ БАСЛЫҒЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
80-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Басшысы ҳәм ең жоқары лаўазымлы шахс болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатларының арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкиллиги мүддетине сайланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
81-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) Қарақалпақстан Республикасының жоқары нызам шығарыў ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының өз-ара байланыслы ҳәрекет етиўин тәмийинлейди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) Республикадағы жағдай ҳаққында ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңесине баянатлар усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) Өзбекстан Республикасының нызамларын ҳәм Олий Мажлисиниң басқа да шешимлерин, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманларын ҳәм басқа да актлерин турмысқа асырыўды шөлкемлестиреди; Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Жоқарғы Кеңес қарарларының орынланыўын қадағалаўды шөлкемлестиреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасарын, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетлери ҳәм комиссияларының баслықларын сайлаў ушын кандидатуралар усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5) Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына кандидатура усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6) Район, қала ҳәкимлерин ҳәм олардың орынбасарларын, кейин ала тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң тастыйықлаўы менен тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Жоқарғы Кеңес Президиумының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы ҳәм ағзалары лаўазымына кандидатураларды усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң жуўмағы тийкарында Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы ҳәм оның орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы ҳәм оның орынбасары лаўазымларына кандидатуралар усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Жоқарғы Кеңес Президиумының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы лаўазымына кандидатура усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
10) Жоқарғы Кеңестиң қарап шығыўына усынылатуғын мәселелерди таярлаўға улыўма басшылықты әмелге асырады. Жоқарғы Кеңестиң мәжилисин шақырады, комитетлер ҳәм комиссиялар баслықлары менен бирликте оның күн тәртибине усыныслар қәлиплестиреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
11) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм оның Президиумының жумысын шөлкемлестиреди, оның мәжилислерине басшылық етеди, Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумы тәрепинен қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасының нызамлары ҳәм басқа да актлерине қол қояды, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетлери ҳәм комиссияларының жумысын бағдарлайды ҳәм байланыстырады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
12) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларына ҳәм Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақларына усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
13) судланған пуқараларды әпиў етиў ҳаққында мәселе қозғайды;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
14) нызам жойбарларының ҳәм мәмлекетлик турмыстың басқа да әҳмийетли мәселелериниң халықлық додаланыўын шөлкемлестиреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
15) ҳәрекеттеги нызамшылық актлери менен нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы өз ўәкилликлерине тийисли мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарап шығыўына усыныў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
82-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы өз ўәкилликлерине тийисли мәселелер бойынша бийлик қабыл етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
83-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын ҳәм нызамларын бузған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен шақыртып алыныўы мүмкин. Шақыртып алыў ҳаққындағы шешим Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң жуўмағын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының үштен бир бөлегиниң басламасы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының улыўма санының кеминде үштен екисиниң көпшилик даўысы менен қабыл етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы өз ўәкиллигин жеке арзасы бойынша, сондай-ақ денсаўлығына ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ўазыйпаларын атқара алмайтуғын жағдайларда тоқтатыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының ўәкиллигин тоқтатыў ҳаққындағы қарар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының улыўма санының көпшилик даўысы менен қабылланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Бундай жағдайларда еки ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жаңа Баслығын сайлаў өткериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХIХ БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ПРЕЗИДИУМЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
84-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм басқа да ўәкилликлерин әмелге асырыў ушын, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы дүзиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қурамына Жоқарғы Кеңес Баслығы, оның орынбасары, Жоқарғы Кеңестиң комитетлери ҳәм комиссияларының баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партиялық топарлардың басшылары киреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
85-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртиби ҳәм жумыс тәртиби бойынша усыныслар таярлайды;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларының жүргизип атырған жумысы ҳаққында билдириўлерин ҳәм Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Жоқарғы Кеңестиң шешимлериниң орынланыўы бойынша мәлимлемелерин тыңлайды;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) нызам жойбарлары бойынша жумыстың жобаластырылыўын шөлкемлестиреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4) Жоқарғы Кеңес Баслығының усынысы менен нызам жойбарларын ҳәм басқа да ҳүжжетлерди алдын ала қарап шығады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5) Жоқарғы Кеңестиң сессиясында депутатлардың билдирген усыныс ҳәм пикирлерин талқылайды ҳәм олар бойынша тийисли шешимлер қабыл етеди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлайды ҳәм Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақларын береди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиялары аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының усыныўы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларын және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ағзаларын тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады, Қарақалпақстан Республикасы министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларын дүзеди ҳәм сапластырады, кейин ала бул мәселелер бойынша қарарды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тастыйықлаўына усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8) Қарақалпақстан Республикасы судларының судьяларын, сондай-ақ, районлараралық, районлық ҳәм қалалық судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў, қайта тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў бойынша қарар қабыл етеди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының келисими менен Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры лаўазымына кандидатура усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
10) сессиялар аралығындағы дәўирде Жоқарғы Кеңес депутатын нызам менен белгиленген жағдайда ҳәм тәртипте жуўапкершиликке тартыўға, сондай-ақ жумыс бериўшиниң басламасы бойынша оның менен мийнет шәртнамасын тоқтатыўға келисим береди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
11) Жоқарғы Кеңестиң жумысына ҳәм депутатлардың өз ўәкилликлерин нәтийжели әмелге асырыўына байланыслы басқа да мәселелерди қарайды;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы өз ўәкилликлерине тийисли мәселелер бойынша қарарлар шығарады, олар белгиленген тәртипте жәрияланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХХ БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
86-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси — Қарақалпақстан Республикасының Ҳүкимети — Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимиятының жоқары атқарыўшы — басқарыўшы уйымы болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
87-статья. Қарақалпақстан Республикасының Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси тәрепинен дүзиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси экономиканың нәтийжели ислеўине, социаллық ҳәм руўхый тараўларға басшылық етиўди, Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң басқа да шешимлериниң, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманларының, қарарларының ҳәм бийликлериниң, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарларының ҳәм бийликлериниң, Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлериниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарларының орынланыўын тәмийинлейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик басқарыў уйымларының, сондай-ақ районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң актлерин тоқтатады, бийкарлайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
88-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усыныўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Жоқарғы Кеңес тәрепинен тайынланатуғын Баслық басқарады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қурамына киреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) ҳүкиметтиң жумысына басшылық етеди ҳәм оның өз ўәкилликлерин нәтийжели әмелге асырыў ушын илажлар қабыл етеди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ал сессиялар аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ағзаларын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў ҳаққында кандидатуралар усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары арасында ўазыйпаларды бөлистиреди ҳәм кейин ала оны Министрлер Кеңесиниң Президиумында тастыйықлатады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ал сессиялар аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумына Қарақалпақстан Республикасының министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларын дүзиў ҳәм сапластырыў ҳаққында усыныслар береди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына районлар, қалалар ҳәкимлерин ҳәм олардың орынбасарларын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў ҳаққында кандидатуралар усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6) Министрлер Кеңеси ҳәм оның Президиумының мәжилислерине басшылық етеди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7) Министрлер Кеңесиниң жумысында коллегияллықты тәмийинлейди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8) Министрлер Кеңеси ҳәм оның Президиумының мәжилисинде қаралыўды талап етпейтуғын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўының айырым мәселелери бойынша шешимлер қабыл етеди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9) өз ўәкиллиги шегинде нызам тәрепинен белгиленген басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
89-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алдында жуўапкерли және оған есап береди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси өз жумысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алдында ҳәр жылы кеминде бир рет есап береди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жаңадан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси алдында өз ўәкилликлерин тоқтатады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
90-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң басқа да шешимлери, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, Қарақалпақстан Республикасының нызамлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарлары тийкарында және оларды орынлай отырып, Қарақалпақстан Республиксының пүткил аймағында орынланыўы шәртли болған қарарлар менен бийликлер шығарады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
91-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлери, оның жумыс тәртиби, Қарақалпақстан Республикасының басқа да мәмлекетлик уйымлары менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мүнәсибетлери Қарақалпақстан Республикасының нызамы менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХХI БАП
ЖЕРГИЛИКЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТТЫҢ ТИЙКАРЛАРЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
92-статья. Ҳәкимлер тәрепинен басқарылатуғын халық депутатларының Кеңеслери районлардағы ҳәм қалалардағы (районлық бағыныўдағы қалалардан басқа) мәмлекеттиң ҳәм пуқаралардың мәплерине тийкарлана отырып, өз ўәкиллигине тийисли мәселелерди шешетуғын ўәкилликли ҳәкимият уйымлары болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
93-статья. Жергиликли ҳәкимият уйымларының бийлигине төмендеги мәселелер тийисли:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
нызамлылықты, ҳуқық тәртибин ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений жақтан раўажландырыў мәселелери;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жергиликли бюджетти дүзиў ҳәм орынлаў, жергиликли салықларды, жыйымларды белгилеў, бюджеттен тыс қорларды дүзиў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жергиликли коммуналлық хожалыққа басшылық етиў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
қоршап турған орталықты қорғаў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
пуқаралық ҳалат актлерин дизимге алыўды тәмийинлеў;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына ҳәм нызамшылығына қайшы келмейтуғын нормативлик актлерди қабыл етиў ҳәм басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
94-статья. Жергиликли ҳәкимият уйымлары Өзбекстан Республикасының нызамларын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң басқа да шешимлерин, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманларын, қарарларын ҳәм бийликлерин, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларын ҳәм бийликлерин, Қарақалпақстан Республикасының нызамларын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлерин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарларын, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарларын ҳәм бийликлерин турмысқа асырады, республикалық ҳәм жергиликли әҳмийеттеги мәселелерди додалаўға қатнасады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Жоқары уйымлардың өз ўәкилликлери шегинде қабыл еткен шешимлери төменги уйымлардың орынланыўы ушын миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Халық депутатлары Кеңеслериниң ҳәм ҳәкимлердиң ўәкиллик мүдети — 5 жыл.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
95-статья. Тийисли аймақта районның, қаланың ҳәкими ўәкилликли ҳәм атқарыў ҳәкимиятын басқарады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
96-статья. Районлардың, қалалардың ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының усыныўы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тайынланады, лаўазымынан босатылады ҳәм халық депутатларының тийисли Кеңеслери тәрепинен тастыйықланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
97-статья. Районның ҳәм қаланың ҳәкими өз ўәкилликлерин бирден-бир басшылық етиў принциплери тийкарында әмелге асырады және өзи басшылық ететуғын уйымлардың шешимлери ҳәм ҳәрекетлери ушын жеке жуўапкерли болады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Район ҳәм қала ҳәкими тийисли халқ депутатлары Кеңесине районның, қаланың социаллық-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли мәселелери бойынша есабатлар береди, олар бойынша халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳәкимлердиң ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысын шөлкемлестириў, ўәкилликлериниң көлеми ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерин сайлаў тәртиби нызам менен тәртиплестириледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
98-статья. Ҳәким өзине берилген ўәкилликлер шегинде тийисли аймақтағы барлық кәрханалардың, мәкемелериң, шөлкемлердиң, бирлеспелердиң, сондай-ақ лаўазымлы шахслардың ҳәм пуқаралардың орынлаўы ушын миннетли болған шешимлер қабыл етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
99-статья. Посёлкаларда, аўылларда, сондай-ақ олардың қурамындағы мәҳәллелерде ҳәм де қалалардағы мәҳәллелерде пуқаралар жыйынлары өзин-өзи басқарыў уйымлары болып, олар баслықты (ақсақалды) сайлайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларын сайлаў тәртиби, олардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм ўәкилликлериниң көлеми нызам менен тәртиплестириледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХХII БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ СУД ҲӘКИМИЯТЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
100-статья. Қарақалпақстан Республикасы суд ҳәкимияты нызам шығарыў ҳәм атқарыў ҳәкимиятларынан, сиясий партиялардан, басқа да жәмийетлик бирлеспелерден бийғәрез ислейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
101-статья. Қарақалпақстан Республикасының суд системасы Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, пуқаралық ислери бойынша районлараралық, районлық (қалалық) судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық, районлық (қалалық) экономикалық судлары ҳәм де районлараралық ҳәкимшилик судларынан ибарат.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Судлардың жумыс тәртиби ҳәм оларды шөлкемлестириў нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Айрықша судларды дүзиўге жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
102-статья. Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлаў ислерин жүргизиў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
105-статья. Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын шағымлар ҳәм арзалар бойынша ҳәкимшилик ислерди қарап шығыў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылады ҳәм де районлараралық ҳәкимшилик судларының суд жумысы үстинен қадағалаў алып барыў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
106-статья. Судьялар ғәрезсиз болып, тек ғана нызамға бойсынады. Әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша судьялардың жумысына ҳәр қандай араласыўға жол қойылмайды ҳәм бул ҳәрекет нызам бойынша жуўапкершиликке алып келеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Судьяларға қол қатылмаслыққа нызам менен кепиллик бериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Судьялар сенатор, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының депутаты болыўы мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Судьялар сиясий партиялардың ағзасы болыўы, сиясий ҳәрекетлерге қатнасыўы, сондай-ақ илимий ҳәм педагогикалық жумысларынан тысқары ҳақы төленетуғын басқа бирде хызмет түри менен шуғылланыўы мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ўәкиллик мүддети питпестен бурын судья нызамда көрсетилген тийкарлар бойынша ғана лаўазымынан босатылыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
107-статья. Барлық судларда ислерди қараў ашық өткериледи. Ислерди жабық мәжилисте тыңлаўға нызамда белгиленген жағдайларда ғана жол қойылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
108-статья. Суд ҳәкимиятының актлери барлық мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар ушын миннетли.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
109-статья. Қарақалпақстан Республикасында суд иси қарақалпақ, өзбек тиллеринде ямаса тийисли орынлардағы халықтың көпшилигиниң тилинде жүргизиледи. Суд жүргизилип атырған тилди билмейтуғын иске қатнасыўшыларға дилмаш арқалы истиң материаллары менен толық танысыў ҳәм суд ҳәрекетлерине қатнасыў және судта ана тилинде сөйлеў ҳуқықы тәмийинленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
110-статья. Айыпланыўшыға қорғаныў ҳуқықы тәмийинленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Тергеў ҳәм суд исин жүргизиўдиң ҳәр қандай басқышында кәсиплик юридикалық жәрдем алыў ҳуқықы кепилленеди. Пуқараларға, кәрханаларға, шөлкемлерге ҳәм мәкемелерге юридикалық жәрдем бериў ушын адвокатура хызмет көрсетеди. Адвокатураны шѳлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХХIII БАП
САЙЛАЎ СИСТЕМАСЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
111-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары ўәкилликли уйымларға сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, теңлик ҳәм ерк-ықрар билдириў еркинлигине нызам менен кепиллик бериледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, районлық, қалалық, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаўлар тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддети питетуғын жылы - октябрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткизиледи. Сайлаўлар улыўма, тең ҳәм тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Сайлаўлар улыўма, тең ҳәм тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Қарақалпақстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып турғанлар сайланыўы мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегени ушын суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды. Ҳәр қандай басқа жағайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тиккелей ямаса жанапай шеклеўге жол қойылмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының пуқарасы бир ўақыттың өзинде екеўден артық мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымының депутаты болыўы мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаўды ҳәм Қарақалпақстан Республикасының референдумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен жумысының тийкарғы принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, жәриялылық ҳәм әдилликтен ибарат болған Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы дүзиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы өз жумысын турақлы түрде әмелге асырады ҳәм өз жумысында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына, Қарақалпақстан Республикасының сайлаў ҳәм референдум ҳаққындағы нызамларына ҳәм басқа да нызамшылық актлери әмел қылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң усынысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен сайланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы комиссия ағзалары арасынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысы менен комиссия мәжилисинде сайланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сайлаўларды өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХХIV БАП
КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ БАҚЛАЎ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
112-статья. Қарақалпақстан Республикасында Конституциялық бақлаўды Қарақалпақстан Республикасының Конституциялық бақлаў комитети әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Конституциялық бақлаў комитети Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен сиясат ҳәм ҳуқық тараўының қәнигелери арасынан Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы, оның орынбасары ҳәм комитет ағзалары қурамында сайланады. Конституциялық бақлаў комитетине сайланған адамларың ўәкиллик мүддети — бес жыл.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Конституциялық бақлаў комитети баслығының, баслығы орынбасарының ҳәм ағзаларының миннетлерин депутатлық мандат пенен қосып атқарыўға болмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Конституциялық бақлаў комитетине сайланған шахслар бир ўақыттың өзинде актлери комитеттиң бақлаўында болған уйымлардың қурамына кире алмайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Конституциялық бақлаў комитетине сайланған шахслар өз миннетлерин атқарыўда ғәрезсиз болады ҳәм тек Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына ғана бағынады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
113-статья. Қарақалпақстан Республикасының Конституциялық бақлаў комитети:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тапсырмасы менен оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине қарап шығыўға усынылып атырған Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм басқа да актлериниң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққындағы жуўмағын усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының кем дегенде бестен бириниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген нызамлардың ҳәм басқа да актлердиң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққындағы жуўмағын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тапсырмасы бойынша оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарларының ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы бийликлериниң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына ҳәм нызамларына муўапықлығы ҳаққында жуўмағын усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тапсырмасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының кем дегенде бестен бириниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усыныслары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарар ҳәм бийликлериниң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына ҳәм нызамларына муўапықлығы бойынша жуўмағын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усынады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сондай-ақ, Конституциялық бақлаў комитети өз басламасы бойынша Қарақалпақстан Республикасы жоқары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары актлериниң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына ҳәм нызамларына муўапықлығы ҳаққындағы жуўмақларды усыныўға ҳақылы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Комитеттиң жуўмағы тек Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң барлық депутатларының үштен екисиниң даўысы менен қабылланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң шешими менен бийкарланыўы мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетин шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ҳаққындағы Нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХХV БАП
ПРОКУРАТУРА
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
114-статья. Қарақалпақстан Республикасының аймағында нызамлардың дурыс ҳәм бир қыйлы орынланыўын бақлаўды Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры ҳәм оған бағынышлы прокурорлар әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
115-статья. Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры менен келисилип, Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тайынланады ҳәм босатылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Районлардың ҳәм қалалардың прокурорлары Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының усыныўы бойынша Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры тәрепинен тайынланады ҳәм босатылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының, районлар ҳәм қалалар прокурорларының ўәкиллик мүддети — ө жыл.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
116-статья. Қарақалпақстан Республикасы прокуратура уйымлары өз ўәкилликлерин ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жәмийетлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез, тек нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Прокурорлар өз ўәкилликлери мүддетинде сиясий мақсетлерди гөзлеўши сиясий партияларға ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелерге ағзалығын тоқтатып турады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Прокуратура уйымларын дүзиў, олардың ўәкилликлери ҳәм жумыс тәртиби нызам менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
117-статья. Қарақалпақстан Республикасының аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша оператив-қыдырыў, тергеў ўазыйпаларын ҳәм басқа да арнаўлы ўазыйпаларды өз бетинше атқаратуғын жеке, кооперативлик шөлкемлерди, жәмийетлик бирлеспелерди ҳәм олардың бөлимшелерин дүзиў және олардың ислеўи қадаған етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Нызамлылықты ҳәм ҳуқық тәртибин, пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаўда ҳуқық қорғаў уйымларына жәмийетлик бирлеспелер менен пуқаралар жәрдем етиўи мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ХХVI БАП
ФИНАНС ҲӘМ БЮДЖЕТ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
118-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик бюджети республикалық ҳәм жергиликли бюджетлерди өз ишине алады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
119-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик бюджетиниң дәрамат ҳәм қәрежетлерин республикалық ҳәм жергиликли бюджетлерге бөлиў Қарақалпақстан Республикасы нызамлары менен белгиленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
АЛТЫНШЫ БӨЛИМ
КОНСТИТУЦИЯҒА ӨЗГЕРИС КИРГИЗИЎ ТӘРТИБИ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
120-статья. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының улыўма санының ең кеминде үштен екисиниң көпшилик даўысы арқалы қабыл етилген нызамы ямаса Қарақалпақстан Республикасының референдумы менен киргизиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
121-статья. Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси Конституцияға өзгерислер ҳәм дүзетиӯлер киргизиў ҳаққында нызамды тийисли усыныс болғаннан кейин алты ай даўамында қабыл етиўге ҳақылы. Егер Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси Конституцияға өзгерис киргизиў ҳаққындағы усынысты қайтарса, кеминде бир жылдан соң оны қайталаўға болады.
(1994-жылдың 26-февралында он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он бесиншисессиясында, биринши шақрық Қарақалпақтан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 1995-жылдың 31-октябрьдеги төртинши ҳәм 1997-жылдың 15-декабриндеги он үшинши сессияларында, 2003-жыл 12-ноябрьдеги екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясында, 2014-жыл 27-июньдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясында, 2019-жыл 29-июньдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма алтыншы сессиясында, 2019-жыл 16-декабрьдеги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма тоғызыншы сессиясында ҳәм 2021-жыл 12-февралдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясында өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди)