01.05.2023 йилдаги ӨРН-837-сон
ONLINE TRANSLATE
Рәсмий емес аўдарма
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ НЫЗАМЫНЫҢ ЖОЙБАРЫ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳаққында
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1-статья. 1992-жыл 8-декабрьде он екинши шақырық Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң он биринши сессиясында қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Конституциясына (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Ахборотномасы, 1993-жыл, № 1, 4-статья; 1994-жыл, № 1, 5-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисининиң Ахборотномасы, 2003-жыл, № 3-4, 27-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Ахборотномасы, 2007-жыл, № 4, 162-статья; 2008-жыл, № 12, 637-статья; 2011-жыл, № 4, 100-статья, № 12/1, 343-статья; 2014-жыл, № 4, 85-статья; 2017-жыл, № 4, 134-статья, № 5, 200-статья, № 8, 383-статья; 2018-жыл, № 10, 674-статья; 2019-жыл, № 2, 47-статья, № 3, 162-статья, № 9, 588-статья; 2021-жыл, № 2, 139, 140-статьялар) өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип, оның төмендеги жаңа редакциясы тастыйықлансын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2-статья. Усы Конституциялық Нызам референдум жуўмақлары Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3-статья. Усы Конституциялық Нызам күшке киргенге шекем Өзбекстан Республикасы аймағында әмелде болған нызамлар ҳәм басқа нормативлик ҳуқықый актлер усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына қайшы болмаған бөлегинде қолланылады
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4-статья. Усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы нормалары тийисли нызамлар ҳәм басқа нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етилиўинен ямаса бар екенлигине қарамастан, усы Конституциялық Нызам күшке кирген ўақыттан баслап туўрыдан-туўры әмел етеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5-статья. Әмелдеги шақырық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты усы Конституциялық Нызам күшке кирген ўақыттан баслап өз жумысын усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген ўәкилликлерине муўапық әмелге асырады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы 92-статьясы үшинши бөлиминиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сайланатуғын (тайынланатуғын) ағзалары санын белгилеўши қағыйдалары 2024-жыл гезектеги шақырықтағы Сенат қәлиплестирилиўи басланғанынан әмелге киргизиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6-статья. Тийисли нормативлик ҳуқықый базаны таярлаў, жергиликли ўәкилликли ҳәм атқарыўшы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының избе-излиги ҳәм де үзликсизлигин тәмийинлеў зәрүрлиги мүнәсибети менен усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы 120-статьясы үшинши бөлиминиң ўәлаят, район, қала ҳәкими лаўазымын ийелеп турған шахс бир ўақыттың өзинде халық депутатлары Кеңеси баслығы лаўазымын ийелеўи мүмкин емеслиги ҳаққындағы қағыйдалары:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ўәлаятлар ҳәм де Ташкент қаласы ўәкилликли ҳәм атқарыўшы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына 2024-жылда халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслери депутатларының гезектеги сайлаўлар жуўмақлары бойынша;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
районлық ҳәм қалалық ўәкилликли ҳәм де атқарыўшы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына болса 2026-жыл 1-январьдан баслап әмелге киргизиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7-статья. Усы Конституциялық Нызамның мәмлекетлик ҳәкимият лаўазымлы шахсларының ўәкиллик мүддетлери, сайланыў (тайынланыў) тәртиби ҳәм (ямаса) шәртлерин өзгертиўши ҳәм (ямаса) басқаша түрде тәсир етиўши қағыйдалары усы Конституциялық Нызам күшке кирген ўақытта усы лаўазымларды ийелеп турған шахсларға қолланылады ҳәм де усы шахслар Конституциялық Нызам күшке кирген ўақытта көрсетилген лаўазымларды ийелегенлиги ҳәм (ямаса) ийелеп киятырғанлығының үзликсиз мүддетлери санына қарамастан, Өзбекстан Республикасының басқа пуқаралары менен тең түрде Өзбекстан Республикасы Конституциясының талапларына, соның менен бирге усы Конституциялық Нызам редакциясындағы талапларына муўапық усы лаўазымларға сайланыўға (тайынланыўға) ҳақылы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының өзине жаңа сайланыў шәртлери ҳәм ўәкилликлер мүддети енгизилип атырған әмелдеги судьялары өзиниң ўәкилликлерин олар сайланған мүддет тамамланғанына шекем даўам еттиреди. Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының вакант судьялық лаўазымлары усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген тәртипте толтырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8-статья. Усы Конституциялық Нызам ҳәм усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар тийислисинше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары санының кеминде үштен еки бөлегинен ибарат көпшилиги тәрепинен қабыл етилген конституциялық нызам ямаса Өзбекстан Республикасының референдумы менен киргизилиўи мүмкин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9-статья. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мәпдар мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте нызамшылықты усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықластырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасын еки айлық мүддетте ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына киргизсин;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мәмлекеттиң усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген социаллық-экономикалық миннетлемелердиң орынланыўын, сондай-ақ мәмлекетте әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалар шеңберинде республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпалары ҳәм функциялары қайта көрип шығылыўын есапқа алған ҳалда орынланыўын тәмийинлеўге тийисли ис-илажлар бағдарламасын үш айлық мүддетте ислеп шықсын ҳәм тасыйықласын;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ҳәр жылы келеси жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы нызам жойбарын таярлаўда мәмлекетттиң усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген социаллық-экономикалық миннетлемелерди орынлаў ушын зәрүр қәрежетлер бағдарланыўын нәзерде тутсын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
10-статья. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
бир айлық мүддетте усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы текстиниң қайта басылыўын ҳәм көп нусқада басып шығарылыўын тәмийинлесин;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке, әсиресе, жасларға жеткериў ҳәм түсиндириў бойынша комплексли илажларды еки айлық мүддетте ислеп шықсын ҳәм де олардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
нызамшылықты усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықластырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасы орынланыўын ҳәр шеректе көрип барсын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
11-статья. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды әдил судлаўды әмелге асырыўда судлар тәрепинен конституциялық нормалар туўры ҳәм бирдей қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде барлық инстанция судлары тәрепинен ислерди көрип шығыўдың усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы нормаларын туўрыдан-туўры әмел етиўши ҳүжжет сыпатында қолланыў бойынша бирден-бир суд әмелияты ҳаққындағы Жоқарғы суд Пленумы қарарын үш айлық мүддетте қабыл етсин.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2023-жыл 1-май,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
ӨРН-837-сан