Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
қарары
«Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамын ҳәрекетке енгизиў туўралы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қарар етеди:
1. «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы қабыл етилсин.
2. «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы рәсмий жәрияланған күннен баслап ҳәрекетке енгизилсин.
3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси бир ай мүддет ишинде ҳүкимет қарарларын «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына муўапықластырсын, министрликлер ҳәм уйымлардың усы Нызамға қайшы келетуғын нормативлик актлериниң қайта қарап шығылыўын ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. ЕРНИЯЗОВ
Нөкис қаласы,
30-сентябрь 2014-жыл,
№ 230/XVI
Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында
1-статья. 1998-жыл 28-ноябрьде жаңа редакцияда қабыл етилген «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 2-статьяның төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Төмендегилер жумыс пенен тәмийинленген деп есапланады:
жалланып ислеп атырған, соның ишинде жумысты ис ҳақы төленип, толық емес жумыс ўақтында яки үйде орынлап, сондай-ақ, ис ҳақы төленетуғын басқа жумысқа, соның ишинде ўақытша жумысқа ийе болған;
кеселленгенлиги, дем алыста, кәсипке таярлаўда, қайта таярлаўда, қәнигелигин асырыўда екенлиги, өндирис тоқтатып қойылыўына байланыслы, сондай-ақ ўақытша жумыс орнында болмаған хызметкердиң жумыс орны нызам ҳүжжетлерине муўапық сақланып туратуғын басқа жағдайларда ўақытша жумыс орнында болмаған;
ис ҳақы төленетуғын лаўазымға сайланған ямаса тайынланған;
өзин жумыс пенен ғәрезсиз тәмийинлеп атырған, соның ишинде исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өнерментлер, шаңарақ кәрханалары қатнасыўшылары, дийқан хожалықлары, өндирислик кооперативлер ағзалары, фермерлер ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқалар;
Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлеринде, сондай-ақ Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар басқармасы, Миллий қәўипсизлик хызмети әскерлеринде ҳәм олардың уйымларында хызметти өтеп атырған, сондай-ақ альтернативалық хызметти өтеп атырған;
өз жумысын нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерде, сондай-ақ диний шөлкемлерде ислеп атырған пуқаралар»;
2) 3-статьяның:
биринши бөлими төмендеги мазмундағы биринши ҳәм екинши бөлимлер менен алмастырылсын:
«Жумыссызлар он алты жастан баслап пенсия менен тәмийинлеў ҳуқықын алғанға шекем жастағы ҳақы төленетуғын яки дәрамат келтиретуғын жумысқа ийе болмаған, жумыс излеп жүрген ҳәм жумыс усыныс етилсе, оған кириўге таяр болған ямаса кәсипке таярлаўдан, қайта таярлаўдан өтиўге яки маманлығын асырыўға таяр болған мийнетке жарамлы шахслар (буған билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырғанлар кирмейди).
Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген, жумысқа орналасыўда жәрдем алыў ушын жергиликли мийнет уйымларына мүрәжат еткен ҳәм олар тәрепинен жумыс излеўши сыпатында дизимге алынған шахслар жумыссыз деп тән алынады»;
екинши — бесинши бөлимлери тийислинше үшинши — алтыншы бөлимлер деп есаплансын;
3) 4-статья:
үшинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Усы Нызамның 27-статьясының үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жумыссызлық напақасын алыў дәўири тамам болғаннан соң, кәсиби (қәнигелиги) бойынша жумыс таўып бериў мүмкин болмаған жағдайда, жумысшының қәбилетин, оның денсаўлығы жағдайын, алдынғы ис тәжирийбесин ҳәм оның ушын қолай болған оқытыў усылларын инабатға алған ҳалда, кәсибин (қәнигелигин) өзгертиўди талап ететуғын жумыс мақул келетуғын жумыс деп есапланыўы мүмкин»;
төртинши бөлимниң төртинши ҳәм бесинши абзацлары төмендеги мазмундағы төртинши абзац пенен алмастырылсын:
«усыныс етилген жумыстан бас тартыўы жумысшының денсаўлығы жағдайына, оның жасына ҳәм басқа кеширимли себеплерге байланыслы тийкарланған болса»;
4) 7-статья:
биринши бөлиминиң:
үшинши ҳәм төртинши абзацлары төмендеги редакцияда баян етилсин:
«орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелерин тамамлаған жасларға, сондай-ақ жоқары оқыў орынларының мәмлекетлик грантлары тийкарында билим алған питириўшилерге;
Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлеринен мүддетли әскерий хызметтен босатылғанларға»;
алтыншы абзац төмендеги мазмундағы алтыншы ҳәм жетинши абзацлар менен алмастырылсын:
«жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген яки суд қарарына муўапық медициналық мәжбүрлеў шараларына тартылған шахсларға;
адам саўдасынан жәбирленгенлерге қосымша кепилликлерди тәмийинлейди»;
екинши бөлиминдеги «көрсетилген категориядағы пуқараларды» деген сөзлер «усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген тайпадағы пуқараларды» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төмендеги мазмундағы үшинши бөлим менен толықтырылсын:
«Жумыс бериўши жумыс орынларының белгиленген ең кем муғдары есабынан жумыс орынларына жумысқа орналастырыў ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жергиликли мийнет уйымлары ҳәм басқада уйымлар тәрепинен жиберилетуғын, усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген шахсларды жумысқа қабыл етиўи шәрт. Бул шахсларды жумысқа қабыл етиўден тийкарсыз бас тартқан жумыс бериўши ҳәм оның ўәкилликли шахслары белгиленген тәртипте жуўапкер болады»;
5) І-бөлими төмендеги мазмундағы 9¹-статья менен толықтырылсын:
«9¹-статья. Судьялық лаўазымға сайланған яки тайынланған хызметкерлерди жумысқа орналастырыўдағы қосымша кепилликлер
Судьялық лаўазымға сайланғанлығы яки тайынланғанлығы себепли жумыстан босатылған шахсларға олардың ўәкилликлери тамамланғаннан кейин судьялық лаўазымға сайланыўға яки тайынланыўына шекем ийелеп турған алдыңғы жумысы (лаўазымы) бериледи, бундай жумыс (лаўазым) болмаған жағдайда, бурынғысына тең басқа жумыс (лаўазым) бериледи»;
6) 10-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Өнимли ҳәм дөретиўшилик мийнет етиўге болған өз қәбилетине бийлик етиў ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген ҳәр қандай жумыс пенен шуғылланыў ҳәр кимниң толық ҳуқықы болып табылады.
Ҳәр ким жумыс бериўшиге тиккелей мүрәжат етиў жолы менен яки мийнет уйымларының бийпул жәрдеми арқалы жумыс орнын еркин таңлаў ҳуқықына ийе»;
7) 13-статьяның екинши бөлими төмендеги мазмундағы екинши ҳәм үшинши бөлимлер менен алмастырылсын:
«Өзбекистан Республикасы пуқараларын мәмлекет аймағынан тысқарыда жумысқа орналастырыў Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги, пуқараларды шет елге жумысқа орналастырыў бойынша хожалық есабындағы аймақлық бюролар тәрепинен әмелге асырылады.
Сырт ел пуқараларының Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады»;
8) 16-статьяның үшинши бөлими:
жетинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«жумыс излеп мүрәжат етип атырған пуқаралардың, сондай-ақ бос жумыс орынларының (вакант лаўазымлардың) есабын жүргизеди»;
төмендеги мазмундағы тоғызыншы абзац пенен толықтырылсын:
«жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламаларының орынланыўы мониторингин усы бағдарламаларға киргизилген кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен усынылған мәлимлеме, сондай-ақ мәмлекетлик статистика уйымларының мағлыўматлары тийкарында әмелге асырады»;
тоғызыншы — он жетинши абзацлары тийислисинше оныншы — он сегизинши абзацлар деп есаплансын;
он бесинши абзацындағы «жумыссыз пуқараларды» деген сөзлер «жумыссызларды» деген сөз бенен алмастырылсын;
9) 17-статьяның биринши бөлими:
үшинши абзацындағы «нормативлик актлер» деген сөзлер «нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер» деген сөз бенен алмастырылсын;
төртинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң аймақлық бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәмде әмелге асырыў»;
төмендеги мазмундағы бесинши ҳәм алтыншы абзацлар менен толықтырылсын:
«касанашылық, өнерментишилик, шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыў;
орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң ҳәм жоқары оқыў орынларының питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў»;
бесинши ҳәм алтыншы абзацлары тийислисинше жетинши ҳәм сегизинши абзацлар деп есаплансын;
10) 18-статьяның:
биринши бөлими:
төмендеги мазмундағы бесинши абзац пенен толықтырылсын:
«жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм аймақлық бәнтликти тәмийинлеў бағдарламаларын әмелге асырыўда қатнасыў»;
бесинши ҳәм алтыншы абзацлары тийислисинше алтыншы ҳәм жетинши абзацлар деп есаплансын;
алтыншы абзацындағы «Өзбекстан Республикасы Ўәзирлер Мәкемеси» деген сөзлер «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының социаллық қорғаўға мүтәж шахсларды жумысқа орналастырыў ушын жумыс орынларының ең кем муғдарын жаратыўға байланыслы қарарларды орынламағаны ушын, сондай-ақ алдын талапнама берилген, орта арнаўлы кәсиплик билим ҳәм жоқары билим алған яки кәсипке таярлаўға, қайта таярлаўға ҳәм маманлығын асырыўға жиберилген шахсларды жумысқа қабыл етиўден бас тартылған жағдайда, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады»;
бесинши бөлиминдеги «жергиликли мийнет уйымлары ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен» деген сөзлер шығарып таслансын;
11) 21-статья екинши бөлиминиң биринши ҳәм үшинши абзацларындағы «Өзбекстан Республикасы Ўәзирлер Мәкемеси» деген сөзлер «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
12) 22-статьяның екинши бөлиминдеги «еки айға дейинги мүддетке соңынан созыў ҳуқықы менен» деген сөзлер «кейинала узайттырыў ҳуқықы менен еки ай мүддетке шекем болған» деген сөзлер менен алмастырылсын;
13) 27-статьяның төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Жумыссызлар жумыссызлық напақасын алыў дәўиринде жумыс излеўи ҳәм ҳәр еки ҳәптеде кеминде бир мәрте жергиликли мийнет уйымына жумысқа яки кәсипке таярлаўға, қайта таярлаўға, қәнигелигин асырыўға жоллама алыў ушын мүрәжат етиўи шәрт».
2-статья. 2005-жыл 14-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Биржалар ҳәм биржалық жумыс ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы 6-статьясының төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Биржалар жумысын тәртипке салыўшы ўәкилликли уйымларының қағыйдабузарлықларды сапластырыў ҳаққындағы көрсетпелерин орынланбағаны ушын, буған усы статьяның үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди, биржалардың лаўазымлы шахслары ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады».
3-статья. 2006-жыл 27-декабрьде жаңа редакцияда қабыл етилген «Өнимлерди ҳәм хызметлерди сертификатластырыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 23-статьясына төмендеги өзгерис ҳәм қосымша киргизилсин:
екинши бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Мәжбүрий сертификатластырыў тийиc болған сертификатластырылмаған өнимди реализация еткени ушын таярлаўшының (исбилерменниң) лаўазымлы шахслары, сондай-ақ жеке тәртиптеги исбилермен — таярлаўшылар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады»;
төмендеги мазмундағы үшинши бөлим менен толықтырылсын:
«Ҳәкимшилик жаза шарасы қолланғанлығы таярлаўшыларды (исбилерменлерди) мәжбүрий сертификатластырыўды өткериўден азат етпейди».
4-статья. 1996-жыл 14-декабрьде қабыл етилген «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 23-статьяның үшинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасының Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 25-статьяның:
атамасындағы «Қарақалпақстан Республикасы Монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасының Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
биринши абзацындағы «Қарақалпақстан Республикасы Монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасының Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 27-статьяның:
екинши — бесинши бөлимлер төмендеги мазмундағы екинши ҳәм үшинши бөлимлер менен алмастырылсын:
«Ислеп шығарыўшының (орынлаўшының, сатыўшының) лаўазымлы шахслары, сондай-ақ жеке тәртиптеги исбилерменлер ислеп шығарылған сәнеси ҳәм жарамлы мүддети көрсетилиўи шәрт екенлиги нызам ҳүжжетлеринде белгиленген товарларды ислеп шығарылған сәнеси ҳәм жарамлылық мүддети көрсетилмеген ҳалда реализация етиў ҳәм сатыў ушын қабыл етилгенлиги, жарамлылық мүддети өткен товарларды реализация етиў ҳәм сатыў ушын қабыл еткенлиги, тутыныўшылардың ҳуқықлары бузылыўларын сапластырыў ҳаққындағы көрсетпелерди орынлаўдан бас тартқанлығы, өз ўақтында яки тийисли дәрежеде сол ўақытта орынламағаны, сондай-ақ тутыныўшыларға товарлар (жумыслар, хызметлер) ҳаққында мағлыўмат бермегенлиги яки билип турып надурыс мағлыўмат бергенлиги, товарларды (жумысларды, хызметлерди) мәжбүрий сертификатластырыў қағыйдаларын бузғанлығы, нормативлик ҳүжжетлер талапларына жуўап бермейтуғын товар (жумыс, хызмет) себепли тутыныўшыларға зыян келтиргени ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик шарасы қолланғанлығы ислеп шығарыўшыларды (орынлаўшыларды, сатыўшыларды) жол қойылған қағыйдабузарлықларды сапластырыў миннетинен азат етпейди»;
алтыншы, жетинши ҳәм сегизинши бөлимлер тийислисинше төртинши, бесинши ҳәм алтыншы бөлимлер деп есаплансын.
5-статья. 1997-жыл 15-декабрьде жаңа редакцияда қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 15-статьяның:
биринши бөлиминдеги «(аспирантура, адъюнктура, докторантура, ғәрезсиз излениўшилик)» деген сөзлер «(үлкен илимий хызметкер — излениўшилер институты, ғәрезсиз излениўшилик)» деген сөзлер менен алмастырылсын;
екинши бөлиминдеги «илимий дәрежелер менен атақлар» деген сөзлер «илимий дәреже ҳәм илимий атақлар» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 19-статьяның үшинши бөлиминдеги «илим кандидаты ямаса» деген сөзлер алып таслансын.
6-статья. 2005-жылы 14-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги қосымша ҳәм өзгерислер киргизилсин:
1) 18-статьяның екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Ақша, баҳалы қағазлар, имаратлар, қурылмалар, басқа да мүлк ямаса пул менен баҳаланатуғын мүлклик ҳуқықлар фермер хожалығының уставлық қорына қосылатуғын үлес болыўы мүмкин. Бунда фермер хожалығын жүритиў ушын жер участкасын бериў бойынша ашық таңлаўда көрсетип өтилген мал-мүлк, техника ҳәм ақша қаржылары фермер хожалығы баслығы тәрепинен фермер хожалығының устав фондына киргизиледи»;
2) 22-статья:
биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Фермер хожалығы өз уставында ҳәм жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасында нәзерде тутылған қәнигелесиўге муўапық жумыс бағдарларын, өндирислик дүзилиси ҳәм көлемлерин ғәрезсиз рәўиште белгилейди. Фермер хожалығы аўыл хожалығы өндирисиниң ҳәр қандай түри менен, сондай-ақ аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў, сақлаў ҳәм реализация етиў, санаат өндириси, жумысларды орынлаў, хызметлер көрсетиў ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа жумыс түрлери менен шуғылланыўға ҳақылы»;
екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Фермер хожалығы өзи жетистирип атырған өним ҳәм ислеп шығарып атырған товарлар, орынлап атырған жумыслар ҳәм көрсетип атырған хызметлер сапасына байланыслы нормативлер ҳәм стандартларға, экологияға, санитарияға байланыслы ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде белгилеп қойылған басқа талаплар ҳәм қағыйдаларға әмел етиўи шәрт»;
3) 29-статьяның үшинши бөлими:
биринши абзацындағы «поселкалық, аўыллық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары» деген сөзлер «поселкалық, аўыллық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары өз ўәкилликлери шеңберинде» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«фермер хожалықларына жер участкаларын береди ҳәмде өндирислик объектлер ҳәм турақ-жайларды қурыўда жәрдем көрсетеди»;
төмендеги мазмундағы төртинши, бесинши ҳәм алтыншы абзацлар менен толықтырылсын:
«фермер хожалықларының өндирислик объектлерин инженерлик — коммуникация тармақларына жалғаныўға көмеклеседи;
пайдаланылмай атырған жасаў ушын арналмаған жайларды оларда өндирис жетистириўди ҳәм товарлар ислеп шығарыўды (жумысларды орынлаўды, хызметлер көрсетиўди) шөлкемлестириў ушын ижараға береди;
фермер хожалықлары баслықлары ҳәм хызметкерлерин таярлаўға, қайта таярлаўға ҳәм маманлығын асырыўға көмеклеседи»;
төртинши — оныншы абзацлары тийислисинше жетинши — он үшинши абзацлар деп есаплансын;
4) 32-статья:
төмендеги мазмундағы екинши абзац пенен толықтырылсын:
«фермер хожалығы мәмлекетлик дизимнен өткерилген күннен баслап бир жыл ишинде өз устав фондын уставта нәзерде тутылған муғдарда қәлиплестирилмегенде, соның ишинде фермер хожалығын жүритиў ушын жер участкасын бериў бойынша ашық таңлаўда фермер хожалығы баслығы тәрепинен көрсетип өтилген мал-мүлк, техника ҳәм орта қаржылары устав фондына киргизилмегенде»;
екинши — бесинши абзацлары тийислисинше үшинши — алтыншы абзацлар деп есаплансын.
7-статья. 1998-жылы 28-ноябрьде қабыл етилген «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының 25-статьясына төмендеги өзгерислер киритилсин:
1) атамасындағы «және олардың жумысын муўапықластырыў» деген сөзлер алып таслансын;
2) төртинши бөлим алып таслансын.
8-статья. 2007-жылы 29-августта қабыл етилген «Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 37-статьясына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
екинши бөлим алып таслансын;
үшинши бөлим екинши бөлим деп есаплансын.
9-статья. 2013-жыл 28-декабрьде жаңа редакцияда қабыл етилген «Бәсекилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 9-статьяның биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасының Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 27-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«27-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик
Юридикалық шахслардың лаўазымлы шахслары, жеке тәртиптеги исбилерменлер хожалық жүргизиўши субъектлердиң бәсекини шеклеўге алып келетуғын яки алып келиўи мүмкин болған келисип алынған ҳәрекетлери ҳәм келисимлери ушын, сондай-ақ товар яки финанс базарындағы үстем жағдайды қыянет етип пайдаланғанлығы, хожалық жүргизиўши субъектлерди қосып жибериўде, қосып алыўда ҳәм устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) ҳәмде басқада мүлклик ҳуқықларды алыў бойынша келисимлер дүзиўде бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы, бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў жағдайларын сапластырыў ҳаққындағы, дәслепки жағдайды тиклеў ҳаққындағы көрсетпелерди орынлаўдан бас тартыў яки өз ўақтында орынламағаны, монополияға қарсы уйымға мәлимлеме бермегени яки өз ўақтында бермегени, надурыс ямаса жалған мағлыўматлар бергенлиги, таңлаў (тендер) ямаса биржа саўдаларына тийисли монополияға қарсы талапларды бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады.
Ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанлығы хожалық жүргизиўши субъектти монополияға қарсы уйымның қарарын (көрсетпесин) орынлаў ямаса бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқада ҳәрекетлерди әмелге асырыў миннетинен азат етпейди.
Бәсекини шеклеўши ҳәм бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық жол қойыўға болмайтуғын келисимлер дүзгенлиги ҳәмде келисип алынған ҳәрекетлерди ислегенлиги ҳаққында монополияға қарсы уйымға биринши болып ықтыярлы рәўиште мәлим еткен шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи».
10-статья. 1998-жыл 29-январьда жаңа редакцияда қабыл етилген «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 5-статьясының үшинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Халық депутатлары Кеңесиниң ҳәм ҳәкиминиң актлери, егер акттиң өзинде басқа тәртип белгиленбесе, қол қойылған ўақтынан баслап өз күшине енеди. Халық депутатлары Кеңесиниң ҳәм ҳәкимниң норматив ҳуқықый түстеги актлери, егер актлердиң өзинде кеширек мүддет көрсетилмеген болса, рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди»;
2) 7-статьяның екинши бөлиминдеги «бюджеттиң, бюджеттен тыс ҳәм арнаўлы қорлардың қаржылары» деген сөзлер «жергиликли бюджеттиң қаржылары ҳәм бюджеттен тысқары қорлардың қаржылары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) төмендеги мазмундағы 8¹-статья менен толықтырылсын:
«8¹-статья. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси бюджеттен тысқары қорларды шөлкемлестириўи мүмкин, оларға төмендегилер киргизиледи:
пуқаралар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлердиң, буған бюджет шөлкемлери кирмейди, ықтыярлы төлемлери ҳәм қайырқомлық қаржылары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқада бюджеттен тысқары қаржылар.
Жергиликли ҳәкимият уйымлары районлық, қалалық бюджеттен тысқары қорлардың қаржылары жеке ғазна есап бетлеринде турады, алып қойылмайды ҳәмде тийисли халық депутатлары Кеңеси ҳәм ҳәкимниң шешимине муўапық сарпланады»;
4) ІІІ-бап алып таслансын;
5) 21-статьяның биринши бөлими:
екинши абзацындағы «жергиликли бюджетти ҳәм оның орынланыўы ҳаққында есапты» деген сөзлер алып таслансын;
төмендеги мазмундағы үшинши, төртинши ҳәм бесинши абзацлар менен толықтырылсын:
«районлар ҳәм қалалардың бюджетлерин тийислисинше районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлериниң усынысына муўапық қарап шығыў ҳәмде қабыл етиў;
районлар ҳәм қалалардың бюджетлериниң тийисли дәўирдеги орынланыўы ҳаққындағы есабатларды тийислисинше районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлериниң усынысына муўапық қарап шығыў ҳәм тастыйықлаў;
жергиликли салықлар ҳәм басқада мәжбүрий төлемлердиң ставкаларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарлар шеңберинде белгилеў»;
үшинши — он екинши абзацлары тийислисинше төртинши — он бесинши абзацлар деп есаплансын;
6) 22-статьяның биринши бөлиминиң төртинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«районды, қаланы экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын районлық ҳәм қалалық бюджеттиң тийисли жойбарын, сондай-ақ оның орынланыўы ҳаққындағы есабатты халық депутатлары Кеңесине усынады».
11-статья. 2004-жылы 29-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Халық депутатларының районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы 22-статьясының алтыншы бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Сиясий партиялар тек ғана өз партиясы ағзаларын ямаса партиясызларды депутатлыққа талабан етип усынады, ал пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары болса, шахсларды қайсы партияға ағза болыўына қарамастан, депутатлыққа талабан етип усыныўға ҳақылы. Депутатлыққа талабан етип пуқаралардың арасынан мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысында тийисли район, қала экономикасын раўажландырыўда белсене қатнасып атырған, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң, фермерлик ҳәрекетиниң нәтийжелилигин асырыўға көмеклесип атырған шахслар усынылады. Депутатлыққа талабанлар усынылғанлығы ҳаққында протокол дүзиледи».
12-статья. 2009-жылы 5-январьда қабыл етилген «Сырт ел инвестициялары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 3-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Сырт ел инвесторлары тәрепинен исбилерменлик жумысы ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа түрдеги жумыс объектлерине қосылатуғын барлық түрдеги материаллық ҳәм материаллық емес байлықлар ҳәмде оларға болған ҳуқықлар, соның ишинде интеллектуаллық мүлкке болған ҳуқықлар, сондай-ақ реинвестициялар сырт ел инвестициялары деп тән алынады.
Сырт ел инвесторлары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында сырт ел инвестицияларынан алынған ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы аймағында исбилерменлик жумысы ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқада түрдеги жумыс объектлерине қосылатуғын ҳәр қандай дәрамат, соның ишинде пайда, процентлер, дивидендлер, роялти, лицензия ҳәм дәлдалшылық ҳақылары, техникалық жәрдем, техникалық хызмет көрсетиў ушын төлемлер ҳәм басқада түрдеги сыйлықлар реинвестициялар деп тән алынады»;
2) 4-статьяның бесинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«сырт ел пуқаралары ҳәм Өзбекистан Республикасынан тысқарыда турақлы рәўиште жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслар»;
3) 5-статьяның биринши бөлими:
төртинши абзацындағы «соның ишинде Өзбекистан Республикасы резидентлери тәрепинен шығарылған қарыз миннетлемелерин» деген сөзлер алып таслансын;
жетинши абзацындағы «арқалы» деген сөз алып таслансын;
төмендеги мазмундағы сегизинши абзац пенен толықтырылсын:
«өнимди бөлистириўге байланыслы келисимлерге муўапық жер қатламы участкаларында кәнлерди анықлаў, излеў ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳуқықын алыў арқалы»;
4) 6-статья:
төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрхана мәмлекетлик дизимге алынған пайыттан баслап юридикалық шахс ҳуқықына ийе болады».
төмендеги мазмундағы бесинши бөлим менен толықтырылсын:
«Сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларды мәмлекетлик дизимге алыў, сондай-ақ зәрүрли рухсат бериўши ҳүжжетлерди рәсмийлестириў тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен «бир айна» принципи бойынша әмелге асырылады»;
5) 10-статья:
биринши бөлиминиң алтыншы абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«инвестиция жумысы нәтийжесинде алынған дәраматқа салықлар ҳәм басқада мәжбүрий төлемлер төленгеннен кейин ғәрезсиз ҳәм еркин бийлик етиў (соның ишинде оны тосқынлықсыз репатриация етиў)»;
төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:
«Сырт ел инвесторлары физикалық шахслар, сырт ел инвесторлары юридикалық шахслардың лаўазымлы шахслары сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларда өз үлеслери (акциялары) бар болған пүткил дәўирде тийисли көп мәртелик визалар алған жағдайда Өзбекистан Республикасы аймағына кирип келиў ҳәм онда қалыў ҳуқықына ийе»;
екинши бөлими үшинши бөлим деп есаплансын;
6) 11-статья биринши бөлиминиң үшинши абзацындағы «басқа да төлемлерди» деген сөзлер «басқа мәжбүрий төлемлер» деген сөзлер менен алмастырылсын;
7) 12-статья:
төмендеги мазмундағы үшинши бөлим менен толықтырылсын:
«Сырт ел инвестициялары қатнасындағы жаңадан шөлкемлестирилетуғын, сырт ел инвесторларының ақшалай үлеси кеминде бес миллион АҚШ долларынан ибарат болған кәрханалар салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери өзгерген жағдайда, олар мәмлекетлик дизимнен өткерилген пайыттан баслап он жыл даўамында олар мәмлекетлик дизимге алынған сәнеде ҳәрекет етип турған, дизими Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары менен белгиленген салықлар ҳәм басқада мәжбүрий төлемлерди төлеўге байланыслы нормалар ҳәмде қағыйдаларды қолланыўға ҳақлы»;
үшинши — он төртинши бөлимлери тийислисинше төртинши — он бесинши бөлимлер деп есаплансын;
жетинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Сырт ел инвесторлары ҳәм уставлық қорында сырт ел инвестицияларының үлеси кеминде отыз үш процент болған сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханалар тәрепинен өз өндирис зәрүрликлери ушын Қарақалпақстан Республикасына алып кирилетуғын мүлк бажы пулын өндириўден нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте азат етиледи. Сырт ел инвесторлары, сырт ел инвесторлары менен дүзилген мийнет шәртнамаларына муўапық Қарақалпақстан Республикасында турған сырт ел мәмлекетлери пуқаралары ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан тысқарыда турақлы рәўиште жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслардың жеке мүтәжликлери ушын алып кирилетуғын мүлкинен бажыхана бажы өндирилмейди»;
8) 14-статьяның:
биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Сырт ел инвесторлары ҳәм сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханалар Қарақалпақстан Республикасы нызам ҳүжжетлерине муўапық инвестиция жумысын әмелге асырыў мақсетинде ҳәр қандай сырт ел мәмлекетлери пуқаралары ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан тысқарыда турақлы рәўиште жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслар менен мийнет шәртнамаларын еркин дүзиў ҳуқықына ийе. Бундай шахслар мийнет шәртнамасы ҳәрекет етиўиниң пүткил дәўиринде тийисли көп мәртелик визалар алған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы аймағына кирип келиў ҳәм онда қалыў ҳуқықына ийе»;
екинши бөлиминдеги «нызамда белгиленген салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлер» деген сөзлер «нызамда белгиленген салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер» деген сөзлер менен алмастырылсын;
9) 19-статья төмендеги мазмундағы үшинши бөлим менен толықтырылсын:
«Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәкемелер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлар, банклер тәрепинен сырт ел инвесторларының ҳәм сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханалардың жумысы менен байланыслы қосымша талаплар ҳәм шеклеўлер белгилеў қадаған етиледи».
13-статья. 2009-жыл 25-апрельде қабыл етилген «Сырт ел инвесторлары ҳуқықларының кепилликлери ҳәм оларды қорғаў илажлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 4-статьясына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
екинши бөлим:
төмендеги мазмундағы үшинши абзац пенен толықтырылсын:
«жоқары заманагөй технологияларды енгизиўге ҳәм жоқары технологиялық өндирислерди раўажландырыўға инвестициялар киритилип атырғанда»;
үшинши ҳәм төртинши абзацлары тийислисинше төртинши ҳәм бесинши абзацлар деп есаплансын;
үшинши бөлиминдеги «ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажларды» деген сөзлер «сыртқы инженерлик коммуникация тармақларын тәмийинлеўди ҳәмде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқада илажларды» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Сырт ел инвесторларына қосымша кепилликлер ҳәм оларды қорғаў илажлары Өзбекистан Республикасы Президентиниң ямаса Өзбекистан Республикасы Ҳүкиметиниң қарарлары тийкарында берилип, оларда, атап айтқанда, сырт ел инвестицияларын киритиў, олардан пайдаланыў ҳәм олардың орны қапланыўын тәмийинлеў шәртлери ҳәмде тәртиби ҳәм (ямаса) Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети ҳәм сырт ел инвесторы арасында нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте дүзилетуғын инвестиция шәртнамаларын, оларда сырт ел инвесторының инвестиция миннетлемелерин белгилеген ҳалда, тастыйықлаў нәзерде тутылады».
14-статья. 1999-жыл 28-августта қабыл етилген «Реклама ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы 13-статьясының үшинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасының Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын.
15-статья. 2005-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 5-статьяның бесинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Жәмийет өзиниң фирмалық атамасы жазылған штампларына ҳәм бланклерине, өз эмблемасына, сондай-ақ белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген товар белгисине ҳәмде пуқаралық айланыс қатнасыўшыларын, товарлар, жумыслар ҳәм хызметлерди индивидуалластырыўшы басқа да қуралларға ийе болыўға ҳақылы»;
2) 7-статьяның жетинши бөлиминдеги «ашық» деген сөз алып таслансын;
3) 46-статьясының екинши бөлиминдеги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик мүлкти басқарыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Өзбекистан Республикасының Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын.
16-статья. 2007-жыл 26-декабрьде қабыл етилген «Аудиторлық жумыс ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 5-статьяның:
бесинши бөлими:
биринши абзацындағы «ашық түрдеги» деген сөзлер алып таслансын;
екинши абзацындағы «акционери» деген сөз алып таслансын;
сегизинши бөлиминдеги «акционери» деген сөз алып таслансын;
2) 16-статьяның биринши бөлими алтыншы абзацының:
«а» бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«а) усы аудиторлық шөлкемниң меншик ийелери қатнасыўшылары, кредиторлары, қамсызландырыўшылары болған хожалық жүргизиўши субъектлерге қатнаслы, сондай-ақ усы аудиторлық шөлкемлер ҳәм аудиторлар оларға қатнаслы меншик ийелери, қатнасыўшылар, акционерлер болған хожалық жүргизиўши субъектлерге қатнаслы»;
«б» бәнтиндеги «усы аудиторлық шөлкемниң меншик ийеси, қатнасыўшысы, акционери» деген сөзлер «усы аудиторлық шөлкемниң меншик ийеси, қатнасыўшысы» деген сөзлер менен алмастырылсын.
17-статья. 2004-жыл 29-майда қабыл етилген «Жеке кәрхана ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы 7-статьясының тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Жеке кәрхана өзиниң фирмалық атамасы жазылған штампларына ҳәм бланклерине, өз эмблемасына, сондай-ақ белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген товар белгисине ҳәмде пуқаралық айланыс қатнасыўшыларын, товарлар, жумыслар ҳәм хызметлерди индивидуалластырыўшы басқа да қуралларға ийе болыўға ҳақылы».
18-статья. 2006-жыл 27-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 55-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«55-статья. Жоқарғы Кеңестиң биринши сессиясы Жоқарғы Кеңестиң Баслығын сайлаўдан басланады.
Жоқарғы Кеңестиң Баслығын сайлаў ушын депутатлар арасынан он бес адамнан ибарат Ақсақаллар кеңеси дүзиледи, усы кеңес ўәкилликлери Жоқарғы Кеңестиң Баслығы сайланғаннан кейин тоқтатылады.
Ақсақаллар кеңеси қурамы ҳаққындағы усынысты Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы киргизеди. Ақсақаллар кеңеси қурамына Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы, депутатлық жумыста үлкен тәжрийбеге ийе болған, жасы үлкен депутатлар, кандидатуралары Жоқарғы Кеңеске сайланған сиясий партиялар депутатларының ўәкиллери киргизиледи.
Ақсақаллар кеңесиниң қурамы ҳаққындағы қарар Жоқарғы Кеңес депутатлары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи»;
2) 56-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«56-статья. Ақсақаллар кеңеси Жоқарғы Кеңесине сайланған депутатлар арасынан Жоқарғы Кеңеси Баслығы лаўазымына кандидатураны көрип шығып Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 80-статьясына ҳәм усы Регламенттиң 54-статьясына муўапық Өзбекистан Республикасы Президентине келисим алыў ушын усынады.
Жоқарғы Кеңестиң депутатлары кандидатураға сораўлар бериў, ол ҳаққында өз пикирлерин билдириў ҳуқықына ийе.
Кандидатураны додалаў Жоқарғы Кеңес депутатларының көпшилик даўысы менен қабыл етилген қарар тийкарында тоқтатылады.
Жоқарғы Кеңестиң Баслығын сайлаў бойынша жасырын даўыс бериў усы Регламенттиң 31 — 36-статьяларына муўапық өткериледи.
Жасырын даўыс бериўдиң нәтийжесинде Жоқарғы Кеңес депутатлары улыўма санының ярымынан көп даўысын алған кандидат Жоқарғы Кеңестиң Баслығы лаўазымына сайланған болып есапланады.
Жоқарғы Кеңестиң Баслығын сайлаў ҳаққында Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди».
19-статья. 1998-жыл 9-июньда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 1-статьяның екинши бөлими алып таслансын;
2) 2-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Орайлық сайлаў комиссиясы жумысының тийкарғы принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, жәриялылық, әдилликтен ибарат»;
3) төмендеги мазмундағы 2¹-2⁵-статьялар менен толықтырылсын:
«2¹-статья. Ғәрезсизлик
Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм оның ағзалары өз жумысын ҳәр қандай мәмлекет уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез ҳалда әмелге асырады.
Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары қарар қабыл етиў ўақтында сиясий бейимлесиў ҳәм басқа да жат тәсирлерден аўлақ болған өз көз қарасын билдиреди.
Орайлық сайлаў комиссиясының жумысына араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыўлар нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.
2²-статья. Нызамлылық
Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм оның ағзалары өз жумысында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына, сайлаў, референдум ҳаққындағы нызамларға ҳәмде басқа нызамларға бойсынады.
2³-статья. Коллегиаллық
Мәселелерди қарап шығыў ҳәм қарарлар қабыл етиў Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен коллегиал тәртипте әмелге асырылады.
2⁴-статья. Жәриялылық
Орайлық сайлаў комиссиясы өз жумысын жәриялы түрде әмелге асырады. Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислери ашық тәризде өткериледи.
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислеринде сиясий партиялардың, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң, басқа да мәмлекетлердиң, халықаралық шөлкемлердиң ҳәм ҳәрекетлердиң бақлаўшылары қатнасыўы мүмкин.
Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.
2⁵-статья. Әдиллик
Орайлық сайлаў комиссиясы кандидатларды, сиясий партияларды сайлаў кампаниясын өткериў ушын тең шәрт-шараятлар менен тәмийинлеў, сайлаўға, референдумға таярлық көриў ҳәмде оларды өткериў ушын ажыратылған бюджет қаржыларының әдил бөлистирилиўин, даўыс бериў ҳәм сайлаў, референдум жуўмақлары шығарылыўы объектив болыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар көреди».
4) 3-статьяның биринши бөлиминдеги «он жети» деген сөз «он бес» деген сөз менен алмастырылсын;
төртинши бөлими алып таслансын;
5) 4-статья:
төмендеги мазмундағы биринши ҳәм екинши бөлимлери менен толықтырылсын:
«Жигирма бес жасқа толған, әдетте, жоқары мағлыўматқа ийе, Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўын ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларына сайлаўды, референдумды шөлкемлестириў ҳәм өткериў барысында ис тәжрийбесине ийе болған, жәмийетшилик арасында аброй-итибарға ерискен ҳәмде кеминде кейинги бес жыл Өзбекистан Республикасы аймағында турақлы жасап турған Өзбекистан Республикасы пуқарасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин.
Аўыр яки жүдә аўыр жынаят ислегенлиги ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған пуқаралар, Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлери, Миллий қәўипсизлик хызметиниң, диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметкерлери Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин емес»;
биринши — бесинши бөлимлер тийислисинше үшинши — жетинши бөлимлер деп есаплансын;
төмендеги мазмундағы сегизинши бөлим менен толықтырылсын:
«Орайлық сайлаў комиссиясының турақлы тийкарда ислеўши ағзалары илимий ҳәм педагогикалық жумыстан басқа ҳақы төленетуғын басқа түрдеги жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес»;
6) төмендеги мазмундағы 4¹-статья менен толықтырылсын:
«4¹-статья. Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасының гүўалығы
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы тийисли гүўалыққа ийе болады.
Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының, ағзаларының гүўалықларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тәрепинен қол қойылады»;
7) 5-статья:
сегизинши абзацындағы «сайлаў комиссиялары ҳәм референдум өткериў комиссиялары бойынша ақша қаржыларын бөлистиреди» деген сөзлер «ақша қаржыларын сайлаў комиссияларына ҳәмде референдум өткериўши комиссияларға, соның менен бирге сиясий партиялардың сайлаўларда қатнасыўын қаржыландырыў ушын бөлистиреди» деген сөзлер менен алмастырылсын»;
он төртинши абзацындағы «сайлаў бюллетенлериниң» деген сөзлер «сайлаў бюллетенлериниң ҳәм қағазларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
жигирма екинши, жигирма үшинши ҳәм жигирма төртинши абзацлары төмендеги мазмундағы жигирма екинши — жигирма сегизинши абзацлар менен алмастырылсын:
«басқа мәмлекетлердиң сайлаў уйымлары, халықаралық шөлкемлер менен халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырады, сырт ел мәмлекетлериниң, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери менен ушырасыўлар шөлкемлестиреди, бирге ислесиў ҳаққында келисимлер, меморандумлар дүзеди;
сырт ел мәмлекетлериндеги сайлаўларды бақлаўда, соның ишинде халықаралық шөлкемлердиң миссиялары қурамында бақлаўда қатнасады;
халықаралық шөлкемлерди, сырт ел мәмлекетлериниң сайлаў уйымларын мәмлекетимиздеги сайлаўларды бақлаў ушын мирәт етеди, өз ўәкиллерин бақлаўшылардың миссиялары қурамына жибереди;
сайлаў ҳәм референдум өткериўди шөлкемлестириўге байланыслы болған ҳүжжетлердиң архивке тапсырылыўын тәмийинлейди;
Орайлық сайлаў комиссиясының Регламентин тастыйықлайды;
жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары менен байланысларын беккемлейди ҳәм раўажландырады;
нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады»;
8) 6-статьяның биринши бөлими:
төмендеги мазмундағы жетинши ҳәм сегизинши абзацлар менен толықтырылсын:
«Орайлық сайлаў комиссиясының қарарларына ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қояды;
Орайлық сайлаў комиссиясының жумысын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен ажыратылған қаржыларды бөлистиреди ҳәм олардан мақсетли пайдаланылыўын қадағалайды»;
жетинши ҳәм сегизинши абзацлар тийислисинше тоғызыншы ҳәм оныншы абзацлар деп есаплансын;
9) 8-статьяның биринши бөлиминдеги «протокол алып барыўшы» деген сөзлер «орайлық сайлаў комиссиясының хаткери» деген сөзлер менен алмастырылсын;
10) 15-статьяның текстиндеги «Қарақалпақстан Республикасының бюджетин тастыйықлағанда нәзерде тутылады» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасының бюджетин тастыйықлаў пайтында айрықша статьяда нәзерде тутылады» деген сөзлер менен алмастырылсын.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. ЕРНИЯЗОВ
Нөкис қаласы,
30-сентябрь 2014-жыл,
№ 229/XVI