10.06.2016 йилдаги 92/IX-сон
ONLINE TRANSLATE
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 29-январьда жаңа редакциясында қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳаққында»ғы 328/I-санлы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киритилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) 5-статья төмендеги мазмундағы бесинши ҳәм алтыншы бөлимлер менен толықтырылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлерин тоқтатыў жаңа қәлиплестирилген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы өткерилген күни Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жазба мүрәжат бериў арқалы әмелге асырылады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында Министрлер Кеңесиниң өз ўәкилликлерин тоқтатыў ҳаққындағы тийисли қарар қабыл етиледи»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) 6-статья: төмендеги мазмундағы төртинши бөлим менен толықтырылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси зәрүр болған жағдайларда өз сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының республиканың социаллық-экономикалық раўажланыўының айырым әҳмийетли мәселелери бойынша есабатын нызамға муўапық парламент сораўы тәртибинде тыңлаўы мүмкин»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
төртинши — сегизинши бөлимлери тийислисинше бесинши — тоғызыншы бөлимлер деп есаплансын;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) төмендеги мазмундағы 6¹-статьясы менен толықтырылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«6¹-статья. Парламент сораўына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының сораўына жуўап
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети яки оған бойсыныўшы мәмлекетлик ямаса хожалық басқарыў уйымлары жуўмағына тийисли болған парламент сораўына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының сондай сораўы жиберилген Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси яки ҳүкимет ағзасы нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде жуўап бериўи шәрт».
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4) 10-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Министрлер Кеңеси өз ўәкилликлери шеңберинде:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
турақлы экономикалық өсиўди, макроэкономикалық тең салмақлылықты тәмийинлеў, экономиканы реформалаў бойынша илажлар көреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Республика бюджети, экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыў прогнозларын ҳәм де ең әҳмийетли бағдарламаларды есапқа алған ҳалда ислеп шығады ҳәм орынланыўын шөлкемлестиреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
экономиканың баслы тармақларын раўажландырыў, техникалық, технологиялық жақтан модернизация етиў ҳәм диверсификациялаў бағдарламаларын, аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығады ҳәм де олардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
еркин исбилерменлик ушын шәрт-шараятлар жаратады, биринши нәўбетте жеке мүлкти раўажландырыў, кең көлемде меншиклестириў тийкарында шәрт-шараятлар жаратады, киши ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў жолындағы барлық тосықынлықлар ҳәм шеклеўлерди сапластырыў, қолай исбилерменлик орталығын ҳәм инвестициялаў шараятларын жаратыў, экономиканы монополиядан шығарыў бойынша илажлар көреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
пул ҳәм кредит системасын беккемлеў, банк ҳәм басқа финанс институтларының турақлылығын тәмийинлеў бойынша ис-илажларды әмелге асырыўға көмеклеседи;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
аграр секторда базар қатнасықларын раўажландырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў, мелиоративлик ҳәм ирригация тармақларын раўажландырыў, жер ресурсларының сапасын сақлаў ҳәм жақсылаў ҳәм де суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, аўыл хожалығын басқарыў системасын жетилистириў бойынша илажлар көреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мәмлекетлик басқарыў усылларын жетилистиреди, соның ишинде электрон ҳүкимет принциплери тийкарында жетилистиреди, базар принциплерине тийкарланған хожалық басқарыўы ҳәм корпоратив басқарыўдың заманагөй принциплери ҳәм усыллары енгизилиўин хошаметлейди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мәмлекетлик басқарыў дүзилмесин жетилистириў ҳаққында, Қарақалпақстан Республикасы министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин, шөлкемлерди ҳәм де мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўдың басқада органларын дүзиў, қайта шөлкемлестириў ҳәм де сапластырыў ҳаққында усыныслар ислеп шығады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
билимлендириў системасын раўажландырыўды, оның сапасы ҳәм нәтийжелилигин асырыўды тәмийинлейди, үзликсиз билимлендириўден кең көлемде пайдаланыў ушын шараятлар жаратады, илим-пән ҳәм технологияларды раўажландырыўдың баслы бағдарларын орынлаў бойынша ис-илажларды әмелге асырады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, медициналық хызмет көрсетиў дәрежесин асырыў, халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм беккемлеў, саламат турмыс тәризи принциплерин енгизиў, санитария-эпидемологиялық тынышлықты тәмийинлеў бойынша ис-илажларды әмелге асырады;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мәденият, көркем өнер, физикалық тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, мәдений қәдириятлардан кең көлемде пайдаланыўды тәмийинлеўге, пуқаралардың социаллық ҳәм мәдений турмыста толық ҳуқықлы түрде қатнасыўына көмеклеседи;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламаларын ислеп шығады ҳәм де әмелге асырады, пуқараларды социаллық қорғаў, олардың социаллық ҳәм пенсия тәмийнаты системалары жумыс алып барыўын тәмийинлейди, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаўға көмеклеседи, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша ис-илажлар көреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, тәбиятты қорғаў илажларын өткериў ҳәм де республикалық әҳмийетке ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе ири экологиялық бағдарламаларды жүзеге шығарыў бойынша ис-илажларды әмелге асырады, ири авариялар ҳәм апатшылықлардың, сондай-ақ тәбийий апатшылықлардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша илажлар көреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мәмлекет қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў қәбилетин тәмийинлеў, Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик шегараларын қорғаў, мәмлекет мәплерин қорғаў, жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша ис-илажларды әмелге асырыўға көмеклеседи;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Өзбекистан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық ҳүкиметлер аралық шәртнамаларды орынлаў илажларын көреди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
сыртқы экономикалық жумыс, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў тараўында басшылықты әмелге асырады».
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2004-жылы 29-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы 262/II-санлы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) 9-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши сайлаў комиссияларының жумысын методикалық жақтан тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) 52-статьяның биринши бөлими төмендеги тәртипте баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Усы Нызамды бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады».
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2004-жылы 29-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы 266/II-санлы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымша киргизилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериўши сайлаў комиссияларының жумысын методикалық жақтан тәмийинлеў Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) 52-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Усы Нызамды бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады».
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998-жылы 9-июньда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында»ғы 362/I-санлы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) 5-статьяның сегизинши абзацындағы «оларды пайдаланыў тәртибин белгилейди» деген сөзлер алып таслансын;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) 9-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Орайлық сайлаў комиссиясы өз ўәкилликлери шеңберинде қарарлар қабыл етеди, қарарлар Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы тәрепинен имзаланады.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары олар қабыл етилген ўақыттан баслап күшке киреди ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында сол күнниң өзинде, сондай-ақ, зәрүр болған жағдайларда, басқа дереклерде жәрияланыўы тийис».
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2015-жылы 28-июльде жаңадан қабыл етилген «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы 40/IV-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) 24-статьяның екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Егер баҳалы қағазлар фонд биржасының биржа котировкасы бетине киритилген болса, олардың биржа котировкалары бул баҳалы қағазлардың базар баҳасы деп тән алынады»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) 58-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Дивидендлер акционерлердиң улыўма жыйналысы тәрепинен белгиленген мүддетлерде жәмийеттиң айыбы менен төленбеген (алынбаған) жағдайда, төленбеген (алынбаған) дивидендлер бойынша Өзбекистан Республикасы Орайлық банки тәрепинен белгиленген қайта қаржыландырыў ставкаларынан келип шыққан ҳалда пеня есапланады. Төленбеген (алынбаған) дивидендлер бойынша есапланатуғын пенялар муғдары төленбеген (алынбаған) дивидендлер муғдарының 50 процентинен артық болмаўы керек.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Акционер жәмийет тәрепинен есапланған дивидендлер ҳәм пенялардың төлениўин суд тәртибинде талап етиўге ҳақылы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Акционердиң талаплары суд тәрепинен қанаатландырылғанда дивидендлер жәмийет тәрепинен төленбеген жағдайда, жәмийетке нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте төлеўге қәбилетсизликти сапластырыў ямаса банкрот деп жәриялаў процедуралары қолланылады»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) 53-статьяның төртинши бөлими «жәмийеттиң жыллық есабаты» деген сөзлерден кейин «жәмийеттиң атқарыў уйымы ҳәм бақлаў кеңесиниң жәмийетти раўажландырыў стратегиясына ерисиў бойынша исленип атырған ис-илажлар ҳаққындағы есабатлары» деген сөзлер менен толықтырылсын;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
4) 59-статьяның биринши бөлиминиң он екинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«жәмийеттиң жыллық есабатын ҳәм жыллық бизнес-жобасын, сондай-ақ, жәмийет жумысының тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетинен келип шыққан ҳалда жәмийетти орта мүддетке ҳәм узақ мүддетке раўажландырыўдың анық мүддетлери белгиленген стратегиясын тастыйықлаў»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
5) 75-статьяның биринши бөлиминиң екинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«жәмийетти раўажландырыў стратегиясына ерисиў бойынша исленип атырған ис-илажлар ҳаққында жәмийеттиң атқарыў уйымының есабатын турақлы түрде тыңлап барған ҳалда жәмийеттиң жумысының әҳмийетли бағдарларын белгилеў»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6) 79-статьяның жетинши бөлиминиң екинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Жәмийет уставына муўапық яки акционерлердиң улыўма жыйналысының ямаса жәмийеттиң бақлаў кеңесиниң қарары бойынша жәмийет директорын яки басқарыў ағзаларын тайынлаў, әдетте шет ел менеджерлери қатнасыўы мүмкин болған таңлаў бойынша таңлап алыў тийкарында әмелге асырылады»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7) 102-статья:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Жәмийеттиң жыллық есабаты акционерлердиң жыллық улыўма мәжилиси өткерилетуғын сәнеден он күннен кешиктирмей жәмийеттиң бақлаў кеңеси тәрепинен дәслепки тәризде тастыйықланыўы тийис»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Төмендеги мазмундағы бесинши бөлим менен толықтырылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Жәмийет Халықаралық финанслық есабат стандартларына муўапық дүзилген жыллық финанслық есабатты ол Халықаралық аудит стандартларына муўапық сыртқы аудиттен өткерилгеннен кейин, акционерлердиң жыллық улыўма жыйналысы өткерилетуғын сәнеден кеминде еки ҳәпте алдын жәриялаўы шәрт»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8) 106-статьяның екинши бөлиминдеги «листингине» деген сөз «биржа котировкасы бетине» деген сөзлер менен алмастырылсын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
6-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2012-жылы 28-декабрде қабыл етилген «Исбилерменлик еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы 147/XI-санлы Нызамының 34-статьясы төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Мәмлекетлик уйымлар, басқа да мәкемелер ҳәм де олардың лаўазымлы шахслары исбилерменлик субъектлериниң нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырып атырған жумысына араласыўға ҳақылы емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Егер мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахслары исбилерменлик субъектлериниң жумысында нызам ҳүжжетлериниң бузылғанлығын анықласа, олар өз ўәкилликлери шеңберинде ҳәм анық бир нызам бузыўшылықты сапластырыўға тиккелей байланыслы илажлар көриўи мүмкин. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахслары нызам бузыўшылық фактинен исбилерменлик субъектлериниң басқа нызамлы жумысына араласыў ямаса бундай жумысты шеклеў ушын тийкар сыпатында пайдаланыўы мүмкин емес.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекетлик уйымларға, соның ишинде ҳуқық қорғаў уйымларына ҳәм басқа шөлкемлерге, сондай-ақ олардың лаўазымлы шахсларына:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
питимлер дүзиў, пайданы бөлистириў, атқарыў уйымы басшысын ҳәм оның ағзаларын сайлаў (тайынлаў) мәселелери бойынша ҳәм де исбилерменлик жумысы субъектлериниң басқарыў уйымларының ўәкиллигине тийисли болған басқа мәселелер бойынша қарарлар қабыл етиў, исбилерменлик жумысы субъектлерине көрсетпелер ҳәм басқа бийликлер бериў, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
исбилерменлик жумысы субъектлериниң өз ўәкилликлери шеңберинде исбилерменлик тәўекелшилиги шараятларында қабылланған, зыян көрилиўине алып келген қарарлар ушын олардың басқарыў уйымлары ағзаларына жуўапкершилик шараларын көриў қадаған етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекетлик уйымлардың, басқа шөлкемлердиң ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының банклердиң жумысына, соның ишинде, банклердиң филиаллары басшы хызметкерлерин тайынлаўға араласыўы, банк қаржылары есабынан ҳәр түрли төлемлер ҳәм взнослар талап етиўи қадаған етиледи. Ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлардың банклер кредит портфели ҳәм активлерин қәлиплестириў менен байланыслы исбилерменлик тәўекелшиликлерин басқарыў бойынша банклер жумысына араласыўы қадаған етиледи.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекетлик уйымлар, басқа шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары дийқан ҳәм фермер хожалықларының исбилерменлик жумысына, соның ишинде, усы хожалықлардың агротехника усылларын, жетистирилетуғын өним түрин таңлаўына, бул өнимниң баҳасын ҳәм де реализация етиў бағдарын белгилеўине араласыўға ҳақылы емес, мәмлекет зәрүрлиги ушын мөлшерленген өнимлерди сатып алыўлар буған кирмейди.»
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1997-жыл 15-декабрьде қабыл етилген «Энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында»ғы 293/I-санлы Нызамы 13-статьясының екинши бөлиминдеги «алты» деген сөз «еки» деген сөз бенен алмастырылсын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
8-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2005-жыл 14-майда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы 33/III-санлы жаңа редакциядағы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) 7-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«Депутат өз округы сайлаўшылары, оны депутатлыққа талабан етип көрсеткен сиясий партия менен байланыста болып турады, Жоқарғы Кеңесте олардың мәплерин сәўлелендиреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Депутат ўақты-ўақты менен, бирақ жылына кеминде бир мәрте сайлаўшыларға өз жумысы ҳаққында мәлимлеме береди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сиясий партиялар фракциялары ҳәр жылы Жоқарғы Кеңес Президиумы менен биргеликте депутатлардың сайлаўшылар менен сайлаў округларындағы жумыслары ушын мөлшерленген ўақытты белгилейди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў ўақтында депутат:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың барысы, Жоқарғы Кеңестиң нызам дөретиўшилиги ҳәм қадағалаў-таллаў жумысы, сиясий партия фракциясының жумысы, оның мәмлекетти социаллық-экономикалық ҳәм де жәмийетлик-сиясий раўажландырыўдың ең әҳмийетли мәселелерине байланыслы көз қарасы ҳаққында сайлаўшыларға мәлимлеме береди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
жаңа қабыл етилген нызамлардың мазмуны ҳәм әҳмийетин сайлаўшыларға жеткереди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
қабыл етилген нызамлардың орынланыўы жағдайын, ҳуқықтың қолланылыўы нәтийжелилигин ҳәм нызам ҳүжжетлерин және де жетилистириў зәрүрлигин анықлаў мақсетинде үйренеди;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
сиясий партия фракциясы тәрепинен белгиленетуғын басқа ўазыйпаларды орынлайды.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сайлаўшылардың исенимин ақлай алмаған депутат нызамда белгиленген тәртипте шақырып алыныўы мүмкин»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) төмендеги мазмундағы 7¹, 7² ҳәм 7³-статьялар менен толықтырылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«7¹-статья. Депутаттың сайлаў округындағы жумысларын шөлкемлестириў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Жоқарғы Кеңестиң Президиумы депутаттың сайлаў округындағы жумысларын шөлкемлестириў бойынша сиясий партиялар фракцияларының пикирлери ҳәм усынысларын есапқа алған ҳалда илажлар көреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Депутат сайлаў округына шығыўдан алдын сиясий партия фракциясы ҳәм де Жоқарғы Кеңес тәрепинен ҳүжжетлер, зәрүр ҳәм мағлыўмат материаллары менен тәмийинленеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Нызамлардың орынланыўы, мәмлекетлик бағдарламаларын ҳәм де сиясий партиялардың бағдарланған мақсетлерин әмелге асырыў бойынша анық мәселелерди ислеп шығыў ушын сиясий партиялар фракциялары зәрүр болған жағдайларда өз депутатларының сайлаўшылар менен сайлаў округларындағы жумысларын шөлкемлестиреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сиясий партиялар фракциялары депутатлардың сайлаў округларындағы жумысларының жуўмақларын улыўмаластырады, зәрүр болған жағдайларда әҳмийетли мәселелерди Жоқарғы Кеңеске көрип шығыў ушын киргизеди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7²-статья. Депутаттың сайлаў округындағы жумысларын шөлкемлестириўге жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен көмеклесиў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары депутатты сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў ушын зәрүр шәрт-шараятлар менен тәмийинлейди. Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары имаратлар ажыратылыўын шөлкемлестиреди, пуқараларды депутаттың сайлаўшылар менен ушырасыўлары өткерилетуғын, депутат тәрепинен пуқаралар қабыл етилетуғын ўақыт ҳәм орын ҳаққында хабардар етеди, қабыллаўда ҳәм ушырасыўларда қатнасыў ушын өзиниң жуўапкер ўәкиллерин депутаттың усынысына муўапық жибереди, сондай-ақ депутаттың орынлардағы жумысына көмеклесиў бойынша басқа илажлар көреди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
7³-статья. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қарап шығыў
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Жоқарғы Кеңеске депутаттың сайлаў округинен келип түскен ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен көрип шығыў тапсырылған физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын депутатлар тәрепинен қарап шығыў нызамға муўапық әмелге асырылады»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3) 8-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«8-статья. Депутат сораўы
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Депутат мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларына, әдетте, тийисли сайлаў округы сайлаўшыларының ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў менен байланыслы мәселелер бойынша тийкарланылған түсиник бериў ямаса көз қарасын баян етиў талабы менен сораў жибериўге ҳақылы.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының лаўазымлы шахслары депутат сораўына, егер басқа мүддет белгиленген болмаса, сораў алынған күннен баслап он күннен кешиктирмей жазба түрде жуўап жибереди.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Жоқарғы судының, пуқаралық ислер бойынша Жоқарғы судының баслықлары, Хожалық судының баслығы, Прокуроры, сорастырыў ҳәм тергеў уйымлары басшылары атына жолланған депутат сораўы олардың жумыс жүргизиўиндеги белгили бир жумыслар ҳәм материалларға байланыслы болыўы мүмкин емес».
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
9-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2001-жыл 29-июньда қабыл етилген «Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы 125/II-санлы жаңа редакциядағы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымша киргизилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1) 18-статьясының екинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасының нызам ҳүжжетлерин таярлаў ҳаққында»ғы» деген сөзлер «Нызамлар жойбарларын таярлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине киргизиў тәртиби ҳаққында»ғы» деген сөзлер менен алмастырылсын;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2) 42-статьясының екинши ҳәм үшинши бөлимлери алып таслансын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
10-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2013-жыл 5-июльда жаңа редакцияда қабыл етилген «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Нызамының 13-статьясы үшинши бөлимине төмендеги өзгерислер ҳәм қосымша киргизилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
төмендеги мазмундағы он алтыншы абзац пенен толықтырылсын:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
«тийисли аймақта пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға жеке мүлк ҳуқықы тийкарында тийисли болған турақ жайлардан пайдаланылыўы, соның ишинде паспорт режимине әмел етилиўи, жасап атырған шахслардың есапқа алыныўы ҳәм тийисли шәртнамалардың бар болыўы бойынша қадағалаўды әмелге асырыўда ишки ислер уйымларына жәрдем көрсетеди»;
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
он алтыншы — жигирма төртинши абзацлар тийислисинше он жетинши — жигирма бесинши абзацлар деп есаплансын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
11-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1994-жыл 26-февральда қабыл етилген «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамының 1-статьясына төмендеги қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин:
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
1. 2009-жыл 8-октябрьдеги «Латын жазыўына тийкарланған Қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамда белгиленген «түпкиликли сөзлерде сөз басында «е, о, о'» ҳәриплериниң алдынан «у» ҳәм «w» ҳәриби қосылып, «уе, wo, wo'» бирикпеси түринде жазылады» деген өзгерис алып таслансын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Сондай-ақ, усы Нызамның 1 ҳәм 6 бәнтлери өзгериссиз қалдырылсын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
2. Қарақалпақ тилиниң өзине тән өзгешелигин билдиретуғын «A'a', U'u', O'o', G'g', N'n', I'i'» сеслерин таңбалайтуғын ҳәриплердиң қапталындағы апостроф белгилери алып тасланып, ҳәриптиң үстине қойылатуғын акут белгисине өзгертилсин «Áá, Úú, Óó, Ǵǵ, Ńń, Íí».
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
3. Ҳәзирги ҳәрекеттеги даўыслы «I' i'» ҳәрибиндеги апостроф алып тасланып «I ı» түринде, яғный бас ҳәриби акут белгиси менен «Í», киши ҳәриби «ı» акутсыз жазылсын.
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. ЕРНИЯЗОВ
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
Нөкис қаласы,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
10-июнь 2016-жыл,
Ҳужжатга таклиф юборишАудиони тинглашҲужжат элементидан ҳавола олиш
№ 92/IX