ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН РЕСПУБЛИКАСИНИНГ ҚОНУНИ
Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында
1-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998 жыл 29 январьда қабыл етилген «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамы 22-статьясының биринши бөлимине төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
Төмендеги мазмундағы он екинши абзац пенен толықтырылсын:
«нызам актлеринде белгиленетуғын айрым салықлар бойынша белгиленген ставкаларға аймақлардың ҳәмде жумысын әмелге асырыў орнының өзгешеликлерин итибарға алған ҳалда пәсейтириўши ҳәм өсип барыўшы коэффициентлерди киритиў»;
он екинши абзац он үшинши абзац деп есаплансын.
2-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2011 жыл 10 октябрьде қабыл етилген «Майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Нызамы 9-статьясының екинши бөлиминдеги «Мийнет» деген сөз «Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары» деген сөзлер менен алмастырылсын.
3-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998 жыл 28 октябрьде қабыл етилген «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 13-статьяның екинши бөлиминдеги «мәселелери» деген сөз алып таслансын;
2) 16-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«16-статья. Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм оның жергиликли уйымларының халықты жумыс пенен тәмийинлеў саласындағы ўәкилликлери Халықты жумыс пенен тәмийинлеў саласындағы мәмлекетлик сиясатты иске асырыў ҳәмде пуқараларды тийисли кепилликлер менен тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм оның жергиликли уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги:
мийнет базары шараятының мониторингин шөлкемлестиреди ҳәмде соның тийкарында аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўге байланыслы буйрытпаларды қәлиплестиреди;
мийнет базарын тәртипке салыў ҳәм бәнтлик саласында базар шараятларына сай келетуғын норматив-ҳуқуқый ҳүжжетлерди ислеп шығыўға қатнасады ҳәмде әмелге асырады;
халықты жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына ҳәм жергиликли мийнет уйымларына методикалық ҳәмде әмелий жәрдемлер көрсетеди;
Өзбекстан Республикасы Бәнтликке көмеклесиўши мәмлекетлик қордың (буннан кейинги тексте Бәнтликке көмеклесиўши мәмлекетлик қоры деп жүритиледи) қаржыларынан жумыссызларды социаллық қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жумыс пенен бәнт болмаған халықты кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў, маманлығын арттырыў ушын пайдаланыўдың бағдарларын белгилеўде қатнасады;
халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққындағы нызам актлери талаплары сақланыўы үстинен тексериў ҳәм қадағалаўды тәмийинлейди;
жумысқа жайласыўға мүтәж болған шахсларды экономиканың ҳәм мийнет базарының ҳақыйқый мүтәжликлерине муўапық кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыў системасын жетилистириўге қатнасады;
басқа министрликлер, кәрханалар ҳәм хожалық басқарыў уйымлары менен биргеликте жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин олар таңлаған қәнигеликлерине муўапық жумысқа жайластырыўды тәмийинлеў бойынша ис-илажларды әмелге асырады;
алдынғы мәлимлеме технологияларын жумысқа жайластырыў процессине енгизиўде, соның ишинде бос орынлардың миллий базасын жаратыў ҳәм оны турақлы түрде раўажландырып барыўға қатнасады;
жумысқа жайласыўға көмеклесиў бойынша хызмет көрсетиў базарында заманға сай инфраструктураны ҳәм бәсекилик орталығын жаратыўда қатнасады;
халық ҳәм жумыс бериўшилер арасында мийнет ҳуқықлары ҳәм мийнетти қорғаў мәселелери бойынша мәлимлеме-түсиндириў жумысларын алып барады;
Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги нызам актлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
Жергиликли мийнет уйымлары:
мийнет уйымларына мүрәжат еткен жумыссызлардың жумысқа жайластырылыўын тәмийинлейди;
пуқараларға қолай келетуғын жумысты таңлаўда, ал кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм басқа да жумыс бериўшилерге болса зәрүр хызметкерлерди таңлаўда жәрдем береди;
мийнет уйымларына мүрәжат еткен пуқаралар ҳәм жумыс бериўшилерге жумыс табыў ҳәмде жумысшы күши менен тәмийинлениў мүмкиншиликлери туўралы, хызметкерлерге қойылатуғын талаплар ҳаққында ҳәм жумыс пенен тәмийинлеўге байланыслы басқа да мәселелер бойынша мәсләҳәтлер береди;
жумыс ислемей атырған пуқараларды кәсипке үйретиў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ҳаққында оқыў орынлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер менен шәртнамалар дүзеди;
жумыссызлардың дизимге алыныўын тәмийинлейди ҳәм оларға жәрдем көрсетеди, соның ишинде напақалар тайынлаў ҳәмде төлеўди әмелге асырады;
мийнет базарының жағдайына ҳәм усы базарды раўажландырыў келешегине баҳа береди, оның мониторингин шөлкемлестиреди ҳәм жүргизеди ҳәмде тийисли мәлимлемениң тарқатылыўын тәмийинлейди;
жумыс излеп мүрәжат еткен пуқаралардың, сондай-ақ бос жумыс орынларының (вакант лаўазымлардың) есабын жүргизеди;
халықты жумыс пенен тәмийинлеў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;
жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламаларының орынланыўы мониторингин усы бағдарламаларға киргизилген кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен усынылған мәлимлеме, сондай-ақ мәмлекетлик статистика уйымларының мағлыўматлары тийкарында әмелге асырады;
кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерден нәзерде тутылып атырған структуралық өзгерислер ҳәм әмелге асырылыўы нәтийжесинде хызметкерлер жумыстан босатылыўы мүмкин болған басқа да илажлар ҳаққында, сондай-ақ бос жумыс орынларының (вакант лаўазымлардың) бары-жоқлығы, мийнеттиң өзгешелиги ҳәм шараятлары ҳаққында мәлимлемелер алады;
мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелеринен олардың бағдары ҳәм қәнигелесиўи, питкериўшилердиң кәсиплик-маманлық структурасы менен саны ҳаққында мәлимлемелер алады;
мийнет уйымларына мүрәжат еткен пуқараларды кәсиплик таярлығы ҳәм маманлық дәрежесине муўапық кәрханалар, мәкемелер менен шөлкемлерге оларда бос орынлары (вакант лаўазымлар) болған жағдайда жумысқа орналастырыў ушын жибереди;
кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер ушын социаллық қорғаўға мүтәж шахсларды жумысқа қабыл етиў ушын жумыс орынларының ең кем муғдарын белгилеў бойынша усыныслар ислеп шығады ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарап шығыўы ушын киргизеди, сондай-ақ усы пуқараларды жумысқа орналастырыў ушын кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерге жибереди;
кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң исеним хаты тийкарында олардың атынан пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша оларды алдын ала (зәрүр болған жағдайда) кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў, маманлығын арттырыў, жол ҳақы, күнделикли қәрежетлер ушын ҳақы төлеў шәрти менен шәртнамалар дүзеди, сондай-ақ жасайтуғын ҳәм жумыс ислейтуғын жаңа орынға көшип барыў ўақтында тийисли кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң қаржылары есабынан жәрдем пулын береди;
жумыссызларды ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға белгиленген тәртипте ҳәм олардың қәлеўине қарай жибереди;
Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржыларын белгиленген тәртипте жумсайды;
пуқараларға жумыссызлық напақасын белгиленген тәртипте тайынлайды.
Жергиликли мийнет уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
Мийнет уйымлары тәрепинен халыққа, кәрханаларға, мәкемелерге, шөлкемлерге, басқа да жумыс бериўшилерге көрсетилип атырған хызметлер, соның ишинде мийнет базарының жағдайы ҳаққында мәлимлеме бериў бойынша хызметлер бийпул әмелге асырылады».
4-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1996-жыл 24-декабрьде қабыл етилген «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 23-статьяның үшинши бөлиминдеги «Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 25-статьяның атамасындағы ҳәм биринши абзацындағы «Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын.
5-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1996 жыл 26 апрельде қабыл етилген «Акционерлик жәмийетлер ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 44-статьяның үшинши бөлиминдеги «Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 109-статьяның үшинши бөлиминдеги «Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын.
6-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1997 жыл 25 июньда қабыл етилген «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы Нызамының 17-статьясының үшинши бөлиминдеги «Мийнет» деген сөз «Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары» деген сөзлер менен алмастырылсын.
7-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1997 жыл 15 октябрьде қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 15-статьяның биринши бөлиминдеги «(үлкен илимий хызметкер-излениўшилер институты» деген сөзлер «(таяныш докторантура, докторантура» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 19-статьяның үшинши бөлиминде «илим докторы» деген сөзлер «философия докторы (Doctor of Philosophy (PhD) ямаса илим докторы (Doctor of Science (DSc)» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 26-статья:
төмендеги мазмундағы алтыншы абзац пенен толықтырылсын:
«билимлендириў мәкемелеринде ҳуқуқый билим ҳәм тәрбияға, қәнигелердиң кәсиплик таярлығының сапасын асырыўға қаратылған ис-илажлар ислеп шығыў, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын есапқа алған ҳалда билимлендириў бағдарламаларын турақлы жетилистирип барыў»;
Алтыншы — оныншы абзацлар жетинши — он биринши абзацлар деп есаплансын.
8-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2006 жыл 29 августта қабыл етилген «Жер ҳаққында»ғы Нызамының 1-статьясының екинши бөлими «нызамлылықты беккемлеўден» деген сөзлерден кейин «соның ишинде коррупцияға тийисли ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыўдан» деген сөзлер менен толықтырылсын.
9-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1999 жыл 28 августта қабыл етилген «Реклама ҳаққында»ғы Нызамы 13-статьясының үшинши бөлиминдеги «Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын.
10-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2002 жыл 5 октябрьде қабыл етилген «Қала қурылысы ҳаққында»ғы Нызамының 4-статьясына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
биринши бөлим «мәдений мийрас объектлерин сақлаў» деген сөзлерден кейин «сондай-ақ қала қурылысы жумысларындағы ашықлық ҳәм жәриялылық» деген сөзлер менен толықтырылсын;
екинши бөлим «мәдений мийрас объектлерин қорғаў» деген сөзлерден кейин «сондай-ақ мәплердиң бир-бирине келиўине жол қоймаў» деген сөзлер менен толықтырылсын.
11-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1997 жыл 15 декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы нызам жойбарларын таярлаў ҳәм Жоқарғы Кеңеске киргизиў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамы 29-статьясының биринши бөлиминдеги «экологиялық» деген сөзден кейин «коррупцияға қарсы» деген сөзлер менен толықтырылсын.
12-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2005 жыл 28 декабрьде қабыл етилген «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкерликли жәмийетлер ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 38-статьяның төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Жәмийеттиң жеке басшылық тийкарындағы орынлаўшы уйымының ҳәм коллегиал орынлаўшы уйымының, оның сыңар ҳәм бағыныўшы хожалық жәмийетлери басқарыў уйымларының ағзалары, жәмийет тәрепинен шөлкемлестирилген унитар кәрхананың басшысы ҳәмде усы сыңар, бағыныўшы хожалық жәмийетлеринде ҳәм унитар кәрханада мийнет шәртнамасы (контракт) бойынша ислеп атырған шахслар жәмийеттиң бақлаў кеңесиниң ағзалары болыўы мүмкин емес».
2) 46-статьяның екинши бөлиминдеги «Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети» деген сөзлер «Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын.
13-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2013 жыл 28 декабрьда қабыл етилген «Бәсекилик ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 4-статья төмендеги мазмундағы сегизинши абзац пенен толықтырылсын:
«келисим — еки ҳәмде оннанда артық тәреплердиң бәсекиликти шеклеўге алып келетуғын ямаса алып келиўи мүмкин болған, ҳүжжетте ямаса бир неше ҳүжжетлерде келтирилген жазба түриндеги шәртлесиўи, сондай-ақ аўызеки түрдеги шәртлесиўи»;
сегизинши — он төртинши абзацлар тоғызыншы — он бесинши абзацлар деп есаплансын;
2) 9-статьяның биринши бөлиминдеги «Меншиклестириў, монополиядан шығарыў» деген сөзлер «Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 10-статьяның биринши абзацындағы «Хожалық жүргизиўши субъекттиң ақырғы нәтийжеде бәсекиликти шеклеўге яки басқа хожалық жүргизиўши субъектлердиң мәплерин кемситиўге алып келетуғын ҳәрекетлери» деген сөзлер «Хожалық жүргизиўши субъекттиң ақырғы нәтийжеде бәсекиликти шеклеўге ҳәм (ямаса) тутыныўшылардың, басқа хожалық жүргизиўши субъектлердиң ҳуқықлары ҳәм мәплерин кемситиўге алып келетуғын қадаған етилген ҳәрекетлери» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) 11-статьяның атамасындағы «питимлерин» деген сөз «келисиўлерин» деген сөз бенен алмастырылсын;
биринши бөлими:
биринши абзацындағы «питимлер» деген сөз «келисимлер» деген сөз бенен алмастырылсын;
оныншы абзацтағы «алып келсе яки алып келиўи мүмкин болса, қадаған етиледи» деген сөзлер шығарып таслансын;
төмендеги мазмундағы он биринши ҳәм он екинши абзацлар менен толықтырылсын:
«товарларды ислеп шығарыўды экономикалық ямаса технологиялық тәрептен тийкарсыз кемейтиўге ҳәм (ямаса) тоқтатыўға;
анық бир сатыўшылар ямаса қарыйдарлар (буйрытпашылар) менен шәртнамалар дүзиўден тийкарсыз рәўиште бас тартыўға алып келсе ямаса алып келиўи мүмкин болса қадаған етиледи»;
екинши бөлими:
биринши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Бири товар базарында үстем жағдайды ийелеп турған, басқасы болса сатыўшы ямаса сатып алыўшы болған, өз-ара бәсекиликке түспей атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң келисип алынған ҳәрекетлери ҳәм келисимлерине, егер бундай келисип алынған ҳәрекетлер ҳәм келисимлер ақырғы нәтийжеде бәсекиликти шеклеп қойса, ямаса шеклеп қойыўы мүмкин болса, соның ишинде:»;
төртинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«хожалық жүргизиўши субъектлерге басқа хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен ислеп шығарылатуғын товарларды реализациялаўды қадаған ететуғын келисип алынған ҳәрекетлер ҳәм келисиўлерге жол қойылмайды.
Усы қадаған етиў товарларды товар белгиси, фирма атамасы ҳәм сатыўшының интеллектуал мүлк объектлерине болған басқа барлық ҳуқықлары арқалы реализация етиўди сатып алыўшы тәрепинен шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимлерге қарата қолланылмайды»;
төмендеги мазмундағы төртинши бөлим менен толықтырылсын:
«Усы статьяда көрсетилген қадаған етиўлер:
товар базарында улыўма үлеси отыз бес пайыздан аспайтуғын хожалық жүритиўши субъектлердиң келисилген ҳәрекетлери ҳәм келисимлери ямаса мәмлекетлик-жеке шериклик шәртнамалары болған келисимлерге;
шахслардың бир топарына киретуғын хожалық жүритиўши субъектлер арасындағы келисимлерге;
егер келисимлер өндиристи жетилистириўге, ислеп шығарыў көлемлерин ҳәм товарларды реализация етиўди көбейтиўге ямаса техникалық, экономикалық өсиўди хошаметлеўге ямаса товарлардың дүнья товар базарындағы бәсекиге шыдамлылығын асырыўға қаратылған болса, бул келисимлерге қолланылмайды»;
төртинши бөлим бесинши бөлим деп есаплансын;
бесинши бөлимдеги «питимлерди» деген сөз «келисимлерди» деген сөз бенен алмастырылсын;
5) 12-статьяның үшинши бөлим төртинши абзацындағы «питимлерине» деген сөз «келисимлерине» деген сөз бенен алмастырылсын;
6) 14-статьяның биринши бөлими төмендеги мазмундағы жетинши абзац пенен толықтырылсын:
«лотлар қурамына саўдалардың предметине технологиялық ҳәм функционаллық жақтан байланыслы болмаған қосымша товарларды (ислерди, хызметлерди) киргизиў;»;
жетинши абзац сегизинши абзац деп есаплансын;
7) 16 ҳәм 17-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«16-статья. Хожалық жүргизиўши субъектлерди қосып жибериў ҳәм қосып алыўға байланыслы монополияға қарсы талаплар
Монополияға қарсы уйым хожалық жүргизиўши субъектлерди қосып жибериў ҳәм қосып алыў бойынша питимге алдыннан келисим береди.
Егер тийисли келисимде қатнасып атырған шахслар активлериниң жәми баланс муғдары ямаса ақырғы календарь жылында товарларды реализация етиўден алынған жәми пайдасы ең кем ис ҳақының жүз мың есеси муғдарынан артық болса яки олардан бири товар яки финанс базарында үстем жағдайды ийелеп турған хожалық жүргизиўши субъект болса, хожалық жүргизиўши субъектлерди товар базарында қосып жибериў ҳәм қосып алыў бойынша келисимлер ушын монополияға қарсы уйымның алдын ала келисими алыныўы зәрүр.
Усы статьяның талаплары хожалық жүритиўши субъектлердиң Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарына муўапық қосып жибериў ҳәм қосып алыў жағдайларына қолланылмайды.
Хожалық жүритиўши субъектлерди қосып жибериў ҳәм қосып алыўға алдын-ала келисим бериў тәртиби тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди.
17-статья. Акцияларды (үлеслерди) алыўда монополияға қарсы талаплар
Монополияға қарсы уйым шахс ҳәм шахслар топары тәрепинен хожалық жүритиўши субъекттиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) алыў бойынша питимлерге алдыннан келисим береди.
Төмендеги жағдайларда монополияға қарсы уйымның шахс ямаса шахслар топары тәрепинен хожалық жүргизиўши субъекттиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) алыў бойынша питимлерге алдыннан келисимин алыў зәрүр болады, егер:
бундай шахс ямаса шахслар топары көрсетилген акциялардың (үлеслердиң) елиў пайызынан артығына ийелик етиў ҳуқықын алса;
питимде қатнасып атырған шахслар активлериниң жәми баланс қуны ямаса ақырғы календарь жылында товарларды реализация етиўден алынған жәми түсими ең кем ис ҳақының жүз мың есеси муғдарынан артық болса ямаса питим қатнасыўшыларынан бири товар яки финанс базарында үстем дәрежени ийелеп турған хожалық жүритиўши субъект болса.
Усы статьяның талаплары төмендегилерге қолланылмайды:
хожалық жүритиўши субъектти шөлкемлестириў ўақтында оның шөлкемлестириўлерине;
хожалық жүритиўши субъект тәрепинен өз акцияларын алыўға байланыслы питимлерге;
акционерлик жәмийет өз устав фондының (устав капиталының) муғдарын сақлап қалған жағдайда, басқа шөлкемлестириў-ҳуқықый түрине өзгертилгенинде;
устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялар (үлеслер) исенимли басқарыўға берилгенде, сондай-ақ акциялар (үлеслер) кейин-ала қайта сатыў мақсетинде инвестиция дәлдалшылары тәрепинен алынғанда;
устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялар (үлеслер) хожалық жүритиўши субъект тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти яки Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарына муўапық алынып атырған питимлерге;
хожалық жүритиўши субъектлердиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялары (үлеслери) мәмлекетлик меншиклестириў бағдарламалары шегинде алынып атырған питимлерге;
устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялар (үлеслер) физикалық шахслар тәрепинен алынып атырған питимлерге, егер ол арза менен мүрәжат етилген пайытта бул физикалық шахс қандай да бир хожалық жүритиўши субъекттиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялардың (үлеслердиң) елиў пайызынан артығына ийелик етпеген болса.
Хожалық жүритиўши субъектлердиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларын (үлеслерин) алыўға байланыслы питимлерди қарап шығыў ҳәмде бундай питимлерди дүзиў ушын алдыннан келисим алыў тәртиби тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди»;
8) 18-статья биринши бөлиминиң биринши абзацында:
«Хожалық жүргизиўши субъектлердиң бирлеспелерин шөлкемлестириўге» деген сөзлер алып таслансын;
«монополияға қарсы уйымға» деген сөзлер «бир айна орайларына» деген сөзлер менен алмастырылсын;
екинши бөлиминиң үшинши гәпиндеги «арзаны көрип шығыў мүддети бир айдан көп болмаған мүддетке узайтылыўы мүмкин» деген сөзлер «арзаны көрип шығыў мүддети базарды тийисли тәртипте үйренип шығыў ушын бир айдан көп болмаған мүддетке создырылыўы мүмкин» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши бөлимниң екинши гәпи төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Бунда усы талаплар, сондай-ақ оларды орынлаў мүддетлери монополияға қарсы уйымның хожалық жүритиўши субъектлерди қосып жибериў, қосып алыў ҳәмде устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) алыў бойынша питимлер дүзиўге алдыннан келисим бериў ҳаққындағы шешиминде көрсетилиўи керек»;
бесинши бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Монополияға қарсы уйым товар яки финанс базарында ҳәтте хожалық жүритиўши субъекттиң яки шахслар топарының үстем жағдайы жүзеге келиўи яки күшейиўи ҳәм (яки) бәсекиликтиң шеклениўи, унамсыз ақыбетлер жүз бериўи мүмкин болған жағдайда да, егер хожалық жүритиўши субъектлерди қосып жибериў, қосып алыў ҳәм устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) алыў бойынша питимлер дүзиў ҳаққында шешим қабыл еткен юридикалық ҳәм (яки) физикалық шахслар өз ҳәрекетлери (питимлери) тутыныўшыларға сезилерли дәрежеде пайда келтириўин дәлиллеп берсе, ҳәрекетлерди әмелге асырыў (питимлерди дүзиў) ушын алдын-ала келисим бериў ҳаққындағы арзаны қанаатландырыўға ҳақылы»;
9) 19-статья алып таслансын;
10) 27-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Юридикалық шахслардың лаўазымлы шахслары, жеке тәртиптеги исбилерменлер хожалық жүритиўши субъектлердиң бәсекини шеклеўге алып келетуғын яки алып келиўи мүмкин болған келисип алынған ҳәрекетлери ҳәм келисимлери ушын, сондай-ақ товар яки финанс базарындағы үстем жағдайды өз мәпине пайдаланғанлығы, хожалық жүритиўши субъектлерди қосып жибериўде, қосып алыўда ҳәм устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) алыў бойынша питимлер дүзиўде бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы, бәсекилик ҳаққындағы нызам актлерин бузыў жағдайларын сапластырыў ҳаққындағы, дәслепки жағдайды тиклеў туўралы көрсетпелерди орынлаўдан бас тартқанлығы ямаса өз ўақтында орынламағанлығы, монополияға қарсы уйымға мәлимлеме усынбағанлығы яки өз ўақтында усынбағанлық, надурыс ямаса жалған мағлыўматлар усынғанлығы, таңлаў (тендер) ямаса биржа саўдаларына байланыслы монополияға қарсы талапларды бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады»;
11) 33-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«33-статья. Монополияға қарсы уйымның шешими (көрсетпеси) үстинен шағым етиў
Бәсекилик ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлық ҳаққындағы исте қатнасыўшы шахслар монополияға қарсы уйымның шешими (көрсетпеси) үстинен тиккелей судқа ямаса бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға ямаса лаўазымлы шахсқа мүрәжат етиўге ҳақылы.
Монополияға қарсы уйымның шешимлери (көрсетпелери) үстинен бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға ямаса лаўазымлы шахсқа шағым етилиўи судқа шағым етиў ҳуқықынан айырмайды.
Монополияға қарсы уйымның шешимлери (көрсетпелери) үстинен судқа шағым етилиўи олардың орынланыўын судтың бийлиги нызамлы күшке киргенге шекем тоқтатып турады, айрықша жағдайлар, эпидемиялар ҳәмде халықтың өмири ҳәм денсаўлығына басқа да реал қәўип жүзеге келиўиниң алдын алыў менен байланыслы қарарлар (көрсетпелер) буған кирмейди».
14-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2014 жыл 30 сентябрьде қабыл етилген «Экологиялық қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамының 11-статьясына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
биринши бөлимдеги «Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги» деген сөзлер «Аўыл хожалығы ҳәм Суў хожалығы министрликлери» деген сөзлер менен алмастырылсын, усы сөзлерден кейин «Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария комитети» деген сөзлер менен толықтырылсын;
төртинши бөлим:
екинши абзацындағы «жети» деген сөз «тоғыз» деген сөз бенен алмастырылсын;
алтыншы абзацындағы «Аўыл ҳәм», «өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаў бойынша мәмлекетлик карантин қағыйдаларының орынланыўы» деген сөзлер алып таслансын;
төмендеги мазмундағы жетинши ҳәм сегизинши бәнтлер менен толықтырылсын:
«Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы өсимликлер дүньясын қорғаў бойынша аймақлық карантин қағыйдаларының орынланыўы бойынша;
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария комитети ҳайўанатлар дүньясын қорғаў бойынша ветеринария, ветеринария-санитария қағыйдалары ҳәм нормаларының орынланыўы бойынша»;
жетинши абзац тоғызыншы абзац деп есаплансын.
15-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2001 жыл 29 июньда қабыл етилген «Норматив-ҳуқықый актлер ҳаққында»ғы Нызамының:
1) 20-статьясына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
екинши бөлимниң екинши гәпи төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Норматив-ҳуқықый актлердиң жойбарлары жәмийетшилик яки қәнигелер додалаўына қойылады»;
үшинши бөлимдеги «пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәмде басқа шөлкемлер» деген сөзлер «сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәмде пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары, басқа да шөлкемлер» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши бөлимдеги «тийисли тараўлардың қәнигелери қатнасында» деген сөзлер «тийисли илим-изертлеў мәкемелери, тараўлардың ўәкиллери қатнасында» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 21-статьяның екинши бөлими «экологиялық» деген сөзден кейин «коррупцияға қарсы» деген сөзлер менен толықтырылсын.
16-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2016 жыл 10 июньда жаңа редакцияда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 8-статьяның биринши бөлиминиң 10 ҳәм 11-бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«10) Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслықлары ҳәм баслықтың орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары лаўазымларына сайлаў;
11) Қарақалпақстан Республикасы судларының судьяларын ҳәмде пуқаралық ислер бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық ҳәм районлық экономикалық судлары ҳәм районлық, қалалық ҳәкимшилик судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў»;
2) 9-статьяның жетинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша Жоқарғы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Жоқарғы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Хожалық судының баслығы» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 12-статьяның биринши бөлиминиң 18-бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«18) Жоқарғы Кеңеске Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслықлары ҳәм орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары лаўазымларына кандидатуралар усынады;»;
4) 15-статьяның биринши бөлиминиң 12-бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«12) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде пуқаралық ислер бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық ҳәм районлық экономикалық судлары ҳәм районлық, қалалық ҳәкимшилик судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлайды;»;
5) 30-статьяның биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша Жоқарғы суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Жоқарғы суды, Қарақалпақстан Республикасы Хожалық суды» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды» деген сөзлер менен алмастырылсын.
17-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2016 жыл 28 декабрьде жаңа редакцияда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 7-статьяның биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша Жоқарғы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Жоқарғы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Хожалық судының баслығы» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 40-статьяның атамасы ҳәм тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«40-статья. Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды баслықларын ҳәм баслықтың орынбасарларын, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықларын сайлаў
Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслықлары ҳәм баслықтың орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары лаўазымларына сайлаў ушын талабанлар Жоқарғы Кеңес Баслығының Өзбекстан Республикасы Жоқары Судьялар Кеңесиниң жуўмағы тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген усынысына муўапық Жоқарғы Кеңеске усынылады.
Жоқарғы Кеңес Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслықлары ҳәм баслықтың орынбасарларын, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды баслықларын сайлаў ҳаққындағы мәселени өзиниң гезектеги сессиясында көрип шығады. Бул мәселелер бойынша қарарлар Жоқарғы Кеңес депутатлары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи.
Егер Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслықлары ҳәм баслықтың орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары лаўазымларына усыныс етилген талабанлар даўыс бериў барысында Жоқарғы Кеңес депутатлары даўысының жетерли санын ала алмаса, Жоқарғы Кеңестиң Баслығы сессияда қарап шығыў ушын сол талабанларды қайтадан усыныўы мүмкин. Егер олар және қайтарылса, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясында депутатлар қарап шығыўы ушын басқа талабанлар усыныс етиледи»;
3) 41-статьяның атамасы ҳәм тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«41-статья. Қарақалпақстан Республикасы судлары судьяларын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы районлараралық, районлық ҳәм қалалық судлары баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў
Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары ҳәмде пуқаралық ислер бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық ҳәм районлық экономикалық судлары ҳәм районлық, қалалық ҳәкимшилик судларының баслықлары ҳәм судьялары Өзбекстан Республикасы Жоқары судьялар кеңесиниң Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген усынысына муўапық Жоқарғы Кеңес тәрепинен тайынланады.
Жоқарғы Кеңес Қарақалпақстан Республикасы судларының судьяларын ҳәмде пуқаралық ислер бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық ҳәм районлық экономикалық судлары ҳәм районлық, қалалық ҳәкимшилик судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў ҳаққындағы мәселени өзиниң гезектеги сессиясында қарап шығады. Бул мәселелер бойынша қарарлар Жоқарғы Кеңес депутатлары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи.
Жоқарғы Кеңес сессиялары аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы судларының судьяларын ҳәмде пуқаралық ислер бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық ҳәм районлық экономикалық судлары ҳәм районлық, қалалық ҳәкимшилик судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў ҳаққындағы мәселени Жоқарғы Кеңес Президиумы көрип шығады ҳәм тийисли қарар қабыл етеди.
Жоқарғы Кеңес Президиумының Қарақалпақстан Республикасы судларының судьяларын ҳәмде пуқаралық ислер бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық ҳәм районлық экономикалық судлары ҳәм районлық, қалалық ҳәкимшилик судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў ҳаққындағы қарарлары дәрҳал тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судына орынлаў ушын жибериледи. Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары менен тайынланған судьяларының ўәкиллик мүддети Президиум қарары қабыл етилген күннен баслап есапланады.
Жоқарғы Кеңес Президиумының Қарақалпақстан Республикасы судлары судьяларын ҳәмде пуқаралық ислер бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық ҳәм районлық экономикалық судлары ҳәм районлық, қалалық ҳәкимшилик судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў ҳаққындағы қарарлары Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясында тастыйықланады.»;
4) 42-статьяның:
биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы судлары судьяларының ўәкилликлери Жоқарғы Кеңес Баслығының Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымларға усыныс етиў бойынша жоқары квалификациялық комиссиясы жуўмағына» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судлары судьяларының ўәкилликлери Жоқарғы Кеңес Баслығының Өзбекстан Республикасы Жоқары судьялар кеңесиниң жуўмағына» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Жоқарғы суды, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша Жоқарғы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Хожалық судына» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судына» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) 58-статьяның:
биринши, алтыншы ҳәм жетинши бөлимлериндеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының», «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының», «Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
тоғызыншы бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша Жоқарғы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Жоқарғы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Хожалық судының баслығы» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) 59-статьяның:
биринши ҳәм екинши бөлимлериндеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының», «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының», «Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша Жоқарғы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Жоқарғы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Хожалық судының баслығы» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
7) төмендеги мазмундағы 611-статья менен толықтырылсын:
«611-статья. Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў
Жоқарғы Кеңес өзиниң сессиясында район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаўы мүмкин.
Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаўы ҳаққындағы мәселе Жоқарғы Кеңес тәрепинен оның комитетлери басламасы менен қарап шығылады.
Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаўы ҳаққында Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, қарар тийисли ҳәкимлерге алдын-ала жибериледи.
Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў жуўмағы бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди»;
8) 63-статьяның үшинши ҳәм алтыншы бөлимлериндеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыўы уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыўы уйымлары басшыларының мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитетлери шешим қабыл етеди, шешимлер тийисли мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына жибериледи».
18-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2016 жыл 28 декабрьде қабыл етилген «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 4-статьяның биринши бөлиминдеги «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 5-статьяның биринши бөлими төмендеги мазмундағы жетинши абзац пенен толықтырылсын:
«қала ҳәм район ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў»;
он биринши абзацындағы «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) төмендеги мазмундағы 101статья менен толықтырылсын:
«101-статья. Жоқарғы Кеңес сессияларында қала ҳәм район ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў
Жоқарғы Кеңес өз сессияларында район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаўы мүмкин.
Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў ҳаққындағы мәселе Жоқарғы Кеңес тәрепинен оның комитетлери басламасы менен көрип шығылады.
Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў ҳаққында Жоқарғы Кеңес тәрепинен қарар қабыл етиледи, қарар тийисли ҳәкимлерге алдын-ала жибериледи.
Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди.»;
4) 14-статьяның биринши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлериндеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының», «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының», «Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) 15-статьяның биринши ҳәм екинши бөлимлериндеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының», «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының», «Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) 16-статьяның атамасындағы ҳәм биринши бөлиминдеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес Президиумы қарар, комитетлери шешим қабыл етеди ҳәм олар тийисли мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына жибериледи.»;
7) 17-статьяның биринши бөлиминдеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыўы уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
екинши бөлиминдеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлары, хожалық басқарыўы уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төмендеги мазмундағы үшинши бөлим менен толықтырылсын:
«Нызам ҳүжжетлериниң орынланыў барысын, ҳуқықты қолланыў тәжирийбесин үйрениў Жоқарғы Кеңес комитетлериниң шешимлерине муўапық Жоқарғы Кеңес депутатлары тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин»;
үшинши бөлим төртинши бөлим деп есаплансын;
8) 18-статьяның:
биринши абзацындағы «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына» деген сөзлер менен алмастырылсын;
алтыншы абзацындағы «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына» деген сөзлер менен алмастырылсын;
жетинши абзацындағы «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына» деген сөзлер менен алмастырылсын;
9) 19-статьяның:
биринши абзацындағы «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары» деген сөзлер «Мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыўы уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
бесинши абзацындағы «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
10) 20-статья биринши бөлиминиң:
екинши абзацындағы «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларын» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымларды, хожалық басқарыўы уйымларын» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши ҳәм төртинши абзацларындағы «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
11) 21-статьяның:
атамасындағы «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары» деген сөзлер «Мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыўы уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
биринши бөлим биринши абзацындағы «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
екинши бөлимдеги «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши бөлимдеги «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары» деген сөзлер «Мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыўы уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
12) 22-статьяның биринши бөлиминдеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының» деген сөзлер «мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылсын.
19-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998 жыл 10 сентябрьде қабыл етилген «Гиреў қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамының 28-статьясы төмендеги мазмундағы жетинши бөлим менен толықтырылсын:
«Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда гиреўдеги мал-мүлкти сатыў бойынша ким зыят саўдалары нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте ҳәм шәртлерде электрон онлайн-аукцион тәризинде өткериледи».
20-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2007 жыл 29 августта қабыл етилген «Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 23-статьяның атамасындағы «шәртнамаларынан» деген сөз «шығармаларынан» деген сөз бенен алмастырылсын;
2) 35-статьяның бесинши бөлиминдеги «Авторлық ҳуқық, авторлыққа болған ҳуқық» деген сөзлер «Авторлық ҳуқықы, авторлық атына болған ҳуқық» деген сөзлер менен алмастырылсын.
21-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2010 жыл 22 майда қабыл етилген «Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 5-статьясының биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыўға қатнасады;
археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳәм археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;
археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳәм археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бойынша аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлейди;
Археологиялық предметлердиң мәмлекетлик каталогы ҳаққындағы режени ислеп шығыўда қатнасады;
археологиялық предметлерди Археологиялық предметлердиң мәмлекетлик каталогинде дизимнен өткериў тәртибин белгилеўде қатнасады;
археологиялық предметлерди мәмлекетке тапсырыў ҳәм оларды илимий, мәденият ҳәм билимлендириў мәкемелерине бекитип қойыў тәртибин белгилеўде қатнасады;
илимий, мәденият ҳәм билимлендириў мәкемелерине бекитип қойылған археологиялық предметлерден пайдаланыў тәртибин белгилеўде қатнасады;
археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы қатнасықларды белгиленген тәртипте тәртипке салады;
археологиялық мийрас объектлери тийисли дәрежеде қорғалыўы ҳәм сақланыўы ушын шараятларды тәмийинлейди;
археологиялық мийрас объектлериниң пүтин сақланыўы жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўға қатнасады.»;
2) 6-статьяның:
биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги:
археологиялық мийрас объектлерин қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм оларды әмелге асырыўда қатнасады;
археологиялық мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады;
археологиялық предметлердиң есабын алыў ҳәм сақланыўын қадағалайды;
Археологиялық предметлердиң мәмлекетлик каталогын жүргизиўде қатнасады;
археологиялық предметлерди Археологиялық предметлердиң мәмлекетлик каталогында дизимнен өткереўге қатнасады;
археологиялық предметлердиң мәмлекетлик каталогында дизимнен өткерилген археологиялық предметлерди ийеликтен шығарыў ҳаққында усыныс береди;
берилген ҳәр бир рухсатнама бойынша илимий есабат қабыл етеди; илимий есабатлар архивин топлайды.»;
3) 7-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Арнаўлы ўәкилликли мәкеме:
илимий, мәденият ҳәм билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылатуғын археологиялық изертлеўлерди муўапықластырыўға қатнасады;
археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳәм археологиялық қадағалаў бойынша белгиленген тәртипти әмелге асырыўда қатнасады;
өзине бекитилген археологиялық предметлердиң есабы жүргизилиўи ҳәм сақланыўын тәмийинлейди;
илимий есабатты дүзиў, экспертизадан өткериў ҳәм оннан пайдаланыў тәртибин белгилеўде қатнасады;
берилген ҳәр бир ашық қағаз бойынша илимий есабат қабыл етеди;
илимий есабатлар архивин топлайды;
археологиялық мийрас объектлериниң тарийхый-мәдений экспертизасын өткериўде қатнасады.»;
4) Нызам 71-статья менен толықтырылсын:
«71-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары өз аймақлары шегинде:
археологиялық мийрас объектлери тийисли дәрежеде қорғалыўы ҳәм сақланыўы ушын шараятларды тәмийинлейди;
археологиялық мийрас объектлериниң пүтин сақланыўы жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады;
ашық қағаз ҳәм рухсатнама алған археологқа археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳәм археологиялық қадағалаўды шөлкемлестириўде жәрдем береди;
жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация, хожалық, жол қурыў жумыслары ҳәм басқа да жумыслар ушын жер участкалары ажыратылыўын жойбарлаўда археологиялық объектлерди сақлаў талаплары сақланыўын нызам актлерине муўапық тәмийинлейди;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқараларды археологиялық мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша илажлар өткериўге ықтыярлы тийкарда тартады.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызам актлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин»;
5) 26-статьяның текстиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен» деген сөзлер алып таслансын.
22-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2011 жыл 30 июньда қабыл етилген «Архив иси ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 6-статьясының биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
архив исин раўажландырыў ҳәм архивлер жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;
архив исин раўажландырыў ҳәм архивлер жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлейди;
архив иси ҳәм ис жүргизиўдиң жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды белгиленген тәртипте әмелге асырады;
архив ҳүжжетлерин жәмлеў, мәмлекет есабына алыў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин белгилеўде қатнасады;
архив ҳүжжетлерин Миллий архив қоры қурамына киргизиў ҳәм оның қурамынан шығарыў тәртибин белгилеўде қатнасады;
Миллий архив қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин турақлы (мүддетсиз) сақлаўды әмелге асыратуғын министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм мәкемелердиң дизимин қәлиплестириўде қатнасады;
архив ҳүжжетлериниң қупыялылық категорияларын, сондай-ақ, мәмлекетлик сыр ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа да сырларды өз ишине алған архив ҳүжжетлерин көрип шығыўға шеклеўлерди белгилеўде қатнасады»;
2) 7-статьясының биринши бөлиминиң бесинши, алтыншы абзацларындағы «белгилейди» деген сөз «белгилеўге қатнасады» деген сөз бенен алмастырылсын;
3) 10-статьясының биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Архив ҳүжжетлерин Миллий архив қоры қурамына киргизиў тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады»;
4) 11-статьясы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Архив ҳүжжетлерин Миллий архив қоры қурамынан шығарыў тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады»;
5) 20-статьясының:
үшинши бөлиминдеги «белгиленеди» деген сөз «әмелге асырылады» деген сөзлер менен алмастырылсын;
алтыншы бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) 21-статьясының екинши бөлиминдеги «Басқарма» деген сөз «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
7) 22-статьяның үшинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
8) 23-статьяның үшинши ҳәм тоғызыншы бөлимлериндеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
9) 26-статьяның үшинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
10) 27-статьяның:
төртинши бөлиминдеги «Басқарма» деген сөз «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
бесинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
11) 28-статьяның биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын.
23-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1991 жыл 26 июньде қабыл етилген «Жәмийетлик бирлеспелер ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 3-статьяның:
екинши бөлиминдеги «нызамлар менен қадаған етилген басқа да жынаятлы ислерди ислеў мақсетине ийе жәмийетлик бирлеспелерди дүзиўге жол қойылмайды» деген сөзлер «нызам менен қадаған етилген басқа да ҳәрекетлер ислеў мақсетин гөзлейтуғын жәмийетлик бирлеспелердиң дүзилиўине жол қойылмайды» деген сөзлер менен алмастырылсын;
бесинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Халықтың денсаўлығы ҳәм әдеп-икрамлылығына, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерине қәўип салатуғын жәмийетлик бирлеспелерди дүзиў ҳәм олардың жумысы нызамға муўапық қуўдаланады»;
2) 10-статьяның:
биринши бөлиминиң «в, е» бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«в) жәмийетлик бирлеспениң ағзалығына қабыллаў шәртлери ҳәм тәртиби, егер бирлеспе дизимнен өтетуғын ағзаларға ийе болса, бундай жағдайларда оннан шығыў шәртлери ҳәм тәртиби;
е) жәмийетлик бирлеспе ҳәмде оның шөлкемлериниң қаржыларын ҳәм басқа да мал-мүлкин пайда етиўдиң пул менен тәмийинлениў дәреклери;»;
үшинши бөлиминдеги «үстинен» деген сөз «уставы» деген сөз бенен алмастырылсын;
3) 11-статьяның:
алтыншы бөлиминдеги «пуқаралық нызамларға муўапық» деген сөзлер «миллий нызамшылыққа муўапық» деген сөзлер менен, «юридикалық тәреплер» деген сөзлер «юридикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
жетинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Тийисли тәртипте өз уставларын дизимнен өткермеген жәмийетлик бирлеспелердиң, соның ишинде массалық ҳәрекетлердиң филиалларының ҳәм олардың басқа да структуралық бөлимшелериниң, сондай-ақ республикалық ҳәм жергиликли жәмийетлик бирлеспелердиң жумысына жол қойылмайды»;
4) 12-статьяның төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Жәмийетлик бирлеспениң уставын дизимге алыўдан бас тартыў үстинен тийисли тәртипте судқа шағым етилиўи мүмкин»;
5) үшинши баптың атамасындағы «Мәмлекетлик» деген сөз «Жәмийетлик» деген сөз бенен алмастырылсын;
6) 15-статьяның төртинши бөлиминиң үшинши абзацы алып таслансын;
төртинши — алтыншы абзацлары тийислисинше үшинши — бесинши абзацлары болып есаплансын;
7) 17-статьяның биринши бөлиминдеги «юридикалық тәреп ҳуқықларына» деген сөзлер «юридикалық шахс статусына» деген сөзлер менен алмастырылсын;
8) 18-статья төмендеги редакциядағы төртинши бөлим менен толықтырылсын:
«Жәмийетлик бирлеспелердиң ақша қаржылары, егер уставта нәзерде тутылған болса, бирлеспеге кириў ҳәм ағзалық төлемлерин төлеўден, ықтыярлы рәўиште өткерилген пул ҳәм қайырқомлықлардан, уставқа муўапық өткерилген лекциялар, көргизбелер, спорт ойынлары ҳәмде басқа мәресимлер, лотереялар түсимлеринен, ислеп шығарыў, хожалық ҳәм баспа хызметинен алынатуғын пайдалардан, нызам менен қадаған етилмеген басқа түсимлерден пайда болады.»;
төртинши — жетинши бөлимлери тийислисинше бесинши — сегизинши бөлимлери болып есаплансын;
бесинши бөлиминдеги «юридикалық тәреплери» деген сөзлер «юридикалық шахслары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
9) 22-статья төмендеги редакциядағы биринши бөлим менен толықтырылсын:
«Жәмийетлик бирлеспе усы Нызамның 3-статьясының үшинши, төртинши бөлими ҳәм 18-статьясының үшинши бөлиминде нәзерде тутылған ис ҳәрекетлерди ислеген жағдайда суд шешимине тийкарланып сапластырылыўы мүмкин»;
Биринши — бесинши бөлимлери тийислисинше екинши — алтыншы бөлимлери болып есаплансын;
үшинши бөлиминдеги «мәмлекеттиң меншигине тегин айландырылыўы мүмкин» деген сөзлер «қайтарып бермеў шәрти менен мәмлекеттиң меншигине айландырылыўы мүмкин» деген сөзлер менен алмастырылсын.
24-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2004 жыл 29 майда қабыл етилген «Жәмийетлик қорлар ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 6-статьяның екинши бөлиминдеги «юридикалық тәреп» деген сөзлер «юридикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 8-статьяның биринши бөлиминдеги «физикалық тәреплердиң» деген сөзлер «физикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 10-статьяның биринши бөлиминдеги «физикалық тәреп» деген сөзлер «физикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) 21-статьяның:
екинши абзацындағы «бир жылға төленетуғын» деген сөзлер «бир жола төленетуғын» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши абзацындағы «физикалық тәреплердиң» деген сөзлер «физикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
бесинши абзацындағы «физикалық тәреплер» деген сөзлер «физикалық шахслар» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) 23-статьяның:
төртинши абзацындағы «юридикалық тәреплердиң» деген сөзлер «юридикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
бесинши абзацындағы «юридикалық тәреплер» деген сөзлер «юридикалық шахслар» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) 30-статьяның текстиндеги «юридикалық ҳәм физикалық тәреплер» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслар» деген сөзлер менен алмастырылсын.
25-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1997 жыл 25 июньда қабыл етилген «Журналисттиң кәсиплик жумысын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамының 11-статьясының төртинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәрекеттеги тәреплер тийкарында» деген сөзлер «нызамшылықта белгиленген талапларды орынлаған ҳалда» деген сөзлер менен алмастырылсын.
26-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2009 жыл 25 апрельде қабыл етилген «Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) екинши баптың атамасындағы «муўапықластырылыўы» деген сөз «тәртипке салыныўы» деген сөзлери менен алмастырылсын;
2) 5-статьяның екинши бөлиминиң екинши ҳәм үшинши абзацлары алып таслансын;
төртинши — бесинши абзацлары тийислисинше екинши — үшинши абзацлары болып есаплансын;
3) 6-статья:
екинши абзацындағы «ислеп шығылыўы, тастыйықланыўы» деген сөзлер «ислеп шығылыўына қатнасады» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төмендеги редакциядағы үшинши — бесинши абзацлары менен толықтырылсын:
«йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлейди;
тийисли мәмлекетлик уйымлардың халықты йодланған дуз ҳәм йодланған азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бойынша жумысын муўапықластырып барады;
йодланған дуз, йодланған азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлиги, оларды сақлаў шараятлары үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады;»;
үшинши-төртинши абзацлары тийислисинше алтыншы-жетинши абзацлары болып есаплансын;
4) 7-статьяның:
төртинши абзацындағы «белгилейди» деген сөз «белгилеўге қатнасады» деген сөзлер менен алмастырылсын;
алтыншы абзацындағы «шөлкемлестиреди» деген сөз «шөлкемлестириўге қатнасады» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) 8-статьяның биринши абзацындағы «стандартларды тастыйықлайды» деген сөзлер «стандартларды ислеп шығыўда қатнасады» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) 11-статьяның екинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
7) 12-статьяның екинши бөлиминдеги «тәртибин ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды» деген сөзлер «тәртибин ислеп шығыўда қатнасады ҳәм оны әмелге асырыўды қадағалайды» деген сөзлер менен алмастырылсын;
8) 15-статьяның екинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын тәртипте» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленген тәртипте» деген сөзлер менен алмастырылсын;
9) 16-статьяның екинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын.
27-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2003 жыл 12 ноябрьде қабыл етилген «Қан ҳәм оның қурама бөлеклери донорлығы ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер киргизилсин:
1) 9-статьяның биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 10-статьяның биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 11-статьяның текстиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) 12-статьяның екинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын.
28-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998 жыл 28 ноябрьде қабыл етилген «Мәдений байлықларды алып шығыў ҳәм алып кириў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 4-статьяның:
атамасы ҳәм биринши бөлиминиң биринши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«4-статья. Усы Нызамның тәсири астында болатуғын мәдений байлықлар Төмендегилер усы Нызамның тәсири астында болады:»;
биринши бөлиминиң төртинши абзацындағы «юридикалық ҳәм физикалық тәреплери» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслары» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 5-статьяның:
биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Қарақалпақстан Республикасының аймағынан мәдений байлықларды алып шығыў ҳәм алып кириўди тәртиплестириўди Қарақалпақстан Республикасының Мәденият министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик бажыхана басқармасы әмелге асырады»;
екинши бөлиминиң:
екинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Тийисли ўәкилликли уйым тастыйықлаған тәртипте мәдений байлықларға киретуғын затлардың категориясын анықлайды»;
тоғызыншы абзацындағы «Қарақалпақстан Республикасының Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 6-статьяның биринши бөлими биринши ҳәм үшинши абзацындағы «юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) 9-статьяның биринши бөлими биринши абзацындағы «юридикалық ҳәм физикалық тәреплер таманынан» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) 11-статьяның:
екинши бөлиминдеги «юридикалық тәреплер таманынан» деген сөзлер «юридикалық шахслар тәрепинен» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши бөлиминдеги «Физикалық тәреплер таманынан» деген сөзлер «Физикалық шахслар тәрепинен» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) 14-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Мәмлекет Қарақалпақстанға ўақытша алып кирилген мәдений байлықлардың белгиленген тәртипте сақланыўына кепиллик береди»;
7) 18-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Мәдений байлықларды Қарақалпақстан Республикасының аймағы арқалы транзит тәртибинде алып өтиў ҳәм почта жөнелтпелеринде жибериў нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады»;
8) 21-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«21-статья. Мәдений байлықларды көркемлик экспертизадан өткериў ушын арнаўлы жыйым
Мәдений байлықларды көркемлик экспертизадан өткериў ушын белгиленген тәртипте арнаўлы жыйым төленеди».
29-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998 жыл 28 декабрьде қабыл етилген «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 6-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын әмелге асырады;
мәдений мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў, үгит-нәсиятлаў ҳәм олардан пайдаланыўдың аймақлық бағдарламалары ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлейди;
мәдений мийрас объектлериниң қорғалыўы, сақланыўы ҳәм олардан пайдаланылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўды тәмийинлейди;
нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады»;
2) 7-статьяның екинши абзацындағы «юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 24-статьяның биринши абзацындағы «юридикалық ҳәм физикалық тәреплер» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслар» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) 28-статьяның биринши бөлими:
үшинши абзацындағы «физикалық тәреп» деген сөзлер «физикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши абзацындағы «юридикалық тәреп» деген сөзлер «юридикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) 29-статьяның үшинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасының Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) 34-статьяның биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик бюджет» деген сөзлер «мәмлекетлик ҳәм жергиликли бюджет» деген сөзлер менен алмастырылсын.
30-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2011 жыл 21 октябрьде жаңа редакцияда қабыл етилген «Майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 3-статьясының төртинши абзацы «ҳуқықый» деген сөзден кейин «илажлар» деген сөз бенен толықтырылсын;
2) 10-статьяның үшинши абзацының үшинши гәпиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 20-статьяның биринши бөлиминиң екинши гәпиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен» деген сөзлер алып таслансын.
31-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1997 жыл 25 июньда жаңа редакцияда қабыл етилген «Мәлимлеме алыў кепилликлери ҳәм еркинликлери ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 6-статьяның:
биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Мәлимлеме алыўға байланыслы сораў аўызеки, жазба формада, сондай-ақ мәлимлеме системасы арқалы электрон формада болыўы мүмкин»;
үшинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Жазба сораўда мүрәжат етиўшиниң электрон мәнзили көрсетилиў мүмкин. Жазба сораўда электрон мәнзилиниң көрсетилгенлиги мүрәжат етиўшиниң сораўға мәлимлеме системасы арқалы электрон формада жуўап алыўға келисими болып есапланады.»;
төмендеги мазмундағы төртинши бөлим менен толықтырылсын: «Жазба сораўлар, соның ишинде электрон ҳүжжет тәризинде жиберилетуғын сораўлар дизимнен өткерилиў шәрт»;
төртинши — алтыншы бөлимлери тийислисинше бесинши — жетинши бөлимлери болып есаплансын;
бесинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Сораўға мүмкиншилиги болғанынша қысқа мүддетте, егер нызам ҳүжжетлерде басқа жағдай нәзерде тутылған болмаса, сораў алынған сәнеден баслап он бес күннен кешиктирилмей жуўап қайтарылыў керек»;
жетинши бөлиминдеги «сораў берилген уйым ямаса соралып атырған лаўазымлы адам тийисли мәлимлемеге» деген сөзлер «сораў түскен уйым ямаса лаўазымлы шахс соралып атырған мәлимлемеге» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 9-статьяның атамасы ҳәм тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«9-статья. Берилиўи мүмкин болмаған мәлимлеме
Мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслар мәмлекет сыры ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырдан ибарат мәлимлемени бериўи мүмкин емес».
32-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2003 жыл 12 ноябрьде қабыл етилген «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 3-статьяның биринши бөлими:
үшинши абзацындағы «юридикалық яки физикалық тәреп» деген сөзлер «юридикалық ямаса физикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
сегизинши абзацындағы «юридикалық тәреп яки физикалық шахс» деген сөзлер «юридикалық ямаса физикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 6-статья төмендеги редакциядағы биринши бөлим менен толықтырылсын:
«Мәлимлеме ашық ҳәм жәриялы болыўы керек, қупыя мәлимлеме буннан тысқары»;
биринши-екинши бөлимлери тийислисинше екинши-үшинши бөлимлери болып есаплансын;
екинши бөлиминиң төртинши абзацындағы «юридикалық тәреплерге» деген сөзлер «юридикалық шахсларға» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 9-статья:
екинши бөлиминдеги «юридикалық тәреплердиң» деген сөзлер «юридикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төмендеги мазмундағы үшинши бөлим менен толықтырылсын:
«Жазба сораўда мүрәжат етиўшиниң электрон мәнзили көрсетилиўи мүмкин. Жазба сораўда электрон мәнзилиниң көрсетилгенлиги мүрәжат етиўшиниң сораўға мәлимлеме системасы арқалы электрон тәризинде жуўап алыўға болған келисими болып есапланады»;
үшинши-тоғызыншы бөлимлери тийислисинше төртинши-оныншы бөлимлери болып есаплансын;
төртинши бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Жазба сораўға, соның ишинде электрон ҳүжжет тәризинде жиберилген сораўға мүмкин болғанынша қысқа мүддетте, егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша қағыйда нәзерде тутылған болмаса, сораў алынған сәнеден баслап он бес күннен кешиктирмей жуўап қайтарылыўы тийис»;
бесинши бөлиминдеги «үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде» деген сөзлер «төртинши ҳәм бесинши бөлимлеринде» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) 13-статьяның бесинши бөлиминдеги «юридикалық ҳәм физикалық тәреплер» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслар» деген сөзлер менен алмастырылсын.
33-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2004 жыл 29 майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 2-статьяның екинши бөлиминдеги «физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң» деген сөзлер «физикалық ҳәм юридикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 6-статьяның биринши бөлиминдеги «юридикалық тәреп» деген сөзлер «юридикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 9-статьяның үшинши ҳәм төртинши бөлимлери текстиндеги «юридикалық тәреп» деген сөзлер «юридикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) 17-статьяның биринши бөлиминиң төртинши абзацындағы «уйым жайласқан уйым» деген сөзлер «уйым жайласқан жер» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) 18-статьяның биринши бөлиминдеги «физикалық тәреплер», «юридикалық тәреплер» деген сөзлер «физикалық шахслар», «юридикалық шахслар» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) 22-статьяның бесинши бөлиминдеги «юридикалық тәреп» деген сөзлер «юридикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
7) 24-статьяның биринши ҳәм екинши бөлимлериндеги «юридикалық тәреплердиң» деген сөзлер «юридикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын.
34-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2009 жыл 8 октябрьде қабыл етилген «Музейлер ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 4-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«4-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң музейлерди басқарыў саласындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
музейлер жумысын қоллап-қуўатлаў, жетилистириўге байланыслы бағдарламалар ҳәм шешимлер қабыл етеди;
музейлерди шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў бойынша қарар қабыл етеди;
мәмлекетлик музейлерди қаржыландырыў муғдарын өз ўәкилликлери шеңберинде белгилейди;
Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген ҳәм өз аймағында жайласқан музейлердеги музей предметлери ҳәм музей коллекциялары белгиленген тәртипте сақланыўын тәмийинлейди;
нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады»;
2) 5-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«5-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң музейлерди басқарыў саласындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги:
Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогын жүргизеди;
музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын белгиленген тәртипте Миллий музей қорына киргизиў ҳәм оның қурамынан шығарыў бойынша тийисли тәртипте усыныс береди;
Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын ийеликтен шығарыў ямаса универсал ҳуқықый мийрасхорлық тәртибинде яки басқа усылда бир шахстан екинши шахсқа өткериў ушын арнаўлы рухсатнама бериўге тийисли тәртипте усыныс береди;
Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын кирип көриў шәртлери үстинен қадағалаўды әмелге асырады;
музей хызметкерлериниң маманлығын асырыў ҳәм оларды қайта таярлаўды шөлкемлестиреди;
нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады»;
3) 31-статья төмендеги мазмундағы биринши бөлим менен толықтырылсын:
«Миллий музей қоры қурамына киргизилген ҳәмде музейлерде турған музей предметлери ҳәм музей коллекциялары пуқаралар кирип көриўи ушын ашық»;
биринши-екинши бөлимлери тийислисинше екинши-үшинши бөлимлери болып есаплансын.
35-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1997 жыл 25 июньда қабыл етилген «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 9-статьяның бесинши абзацындағы «физикалық тәреплердиң» деген сөзлер «физикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 11-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«11-статья. Медицина ҳәм фармацевтика жумысын лицензиялаў Медициналық жумыс тийисли лицензияға ийе болған юридикалық шахслар тәрепинен, фармацевтика жумысы болса тийисли лицензияға ийе болған юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин»;
3) 14-статьяның:
биринши бөлиминдеги «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының» деген сөзлер «Өзбекстан Республикасының» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши бөлиминдеги «абзацларында» деген сөз «бөлимлеринде» деген сөз бенен, «тәртибин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги белгилейди» деген сөзлер «тәртиби тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) 16-статьяның төртинши бөлиминиң екинши гәпиндеги «тәртибин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси белгилейди» деген сөзлер «тәртиби тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) 17-статьяның:
биринши бөлиминдеги «дизимин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тастыйықлайтуғын» деген сөзлер «дизими тийисли тәртипте тастыйықланатуғын» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши бөлими алып таслансын;
төртинши бөлими үшинши бөлими болып есаплансын;
6) 19-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«19-статья. Ер жетпегенлердиң ҳуқықлары
Мәмлекет ер жетпегенлердиң денсаўлығын сақлаў ҳуқықларын олардың физикалық, руўхый раўажланыўы ушын, кеселликлердиң алдын алыў ушын ең қолайлы шараят жаратыў, сондай-ақ мектепке шекемги тәрбия мәкемелери, мектеплер ҳәм басқа мәкемелерде медициналық хызметти жолға қойыў арқалы тәмийинлейди.
Ер жетпегенлер төмендеги ҳуқықларға ийе:
Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын тәртипте диспансерлик бақлаўда болыў ҳәмде балалар ҳәм жас өспиримлердиң емлеў-профилактикалық мәкемелеринде емлениў;
санитариялық-гигиеналық билим алыў, оқыў ҳәм өзлериниң физиологиялық өзгешеликлери ҳәм денсаўлығына сай шараятларда мийнет етиў;
кәсипке жарамлылығын анықлаў пайытында бюджет қаржылары есабынан бийпул медициналық мәсләҳәтлер алыў;
денсаўлығы ҳаққында өзлери ушын қолайлы түрде зәрүр мәлимлемелер алыў.
Он төрт жастан өткен ер жетпегенлер өзлери ҳаққындағы мағлыўматларды билген ҳалда медициналық араласыўға ықтыярлы түрде келисим бериў ямаса оннан бас тартыў ҳуқықына ийе.
Физикалық яки руўхый раўажланыўында кемиси бар ер жетпегенлер ата-аналарының ямаса олардың орнын басыўшы шахслардың арзасы бойынша бюджет қәрежетлери, қайырқомлық қорлары ҳәм басқа қорлардың қәрежетлери, сондай-ақ ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслардың қәрежетлери есабынан социаллық қорғаў системасы мәкемелеринде жасаўы мүмкин.
Ата-аналар ямаса басқа шахслардың өз тәрбиясындағы ер жетпегенлердиң ҳуқықларын ҳәм мәплерин бузыўы, оларды тәрбиялаўдан бас тартыўы, ер жетпегенлер менен олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын дәрежеде рейимсиз қатнаста болыўы нызамда белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыўға себеп болады»;
7) 24-статьяның биринши бөлими бесинши абзацындағы «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги белгилеп қойған тәртипте» деген сөзлер «белгиленген тәртипте» деген сөзлер менен алмастырылсын;
8) 25-статьяның екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Пуқараның денсаўлығы ҳаққындағы мағлыўмат оның өзине, он төрт жасқа толмаған шахслар ҳәм нызамда белгиленген тәртипте мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралардың денсаўлығы ҳаққындағы мағлыўматлар болса олардың нызамлы ўәкиллерине емлеў-профилактикалық мәкемениң емлеўши шыпакери, бөлим баслығы ямаса тексериўге ҳәм емлеўге тиккелей қатнасып атырған басқа қәнигелер тәрепинен бериледи»;
9) 26-статьяның үшинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Он төрт жасқа толмаған шахсларға ҳәм нызамда белгиленген тәртипте мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқараларға қатнаслы медициналық араласыўға олардың нызамлы ўәкиллери келисим береди. Ата-ана ямаса басқа нызамлы ўәкиллер жоқлығында медициналық араласыў ҳаққында шешимди консилиум қабыл етеди, ал консилиумға жыйналыўдың мүмкиншилиги болмаған жағдайда, кейин-ала емлеў-профилактикалық мәкемениң лаўазымлы шахслары ҳәм наўқастың нызамлы ўәкиллерин хабардар етиў шәрти менен тиккелей емлеўши (нәўбетши) шыпакер қабыл етеди»;
10) 29-статьяның:
биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасының, жәмийетлик бирлеспелердиң мәкемелери көрсететуғын басланғыш медициналық-санитариялық жәрдеми медициналық хызмет көрсетиўдиң тийкарғы, қолай ҳәм бийпул түри болып, төмендегилерди өз ишине алады:»;
екинши бөлими алып таслансын;
11) 30-статьяның:
үшинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги белгилеген тәртипте» деген сөзлер алып таслансын;
төртинши бөлиминдеги «көликтиң қәлеген түринен пайдаланыў ҳуқықына ийе болады» деген сөзлер «ҳәр қандай транспорт түринен пайдаланыў ҳуқықына ийе» деген сөзлер менен алмастырылсын;
бесинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Ҳәдийсе жүз берген жерде медицина хызметкерлери жетип келгенше басланғыш қыстаўлы жәрдемди милиция, өрттен қорғаў, авариялық хызметлери ҳәм транспорт шөлкемлериниң хызметкерлери, сондай-ақ нызамшылық пенен усындай ўазыйпа жүкленген басқа да кәсиплердиң ўәкиллери көрсетиўи шәрт»;
12) 31-статьяның үшинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
13) 32-статьяның:
екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Социаллық әҳмийетке ийе кеселликлер дизими ҳәм усындай кеселликлерге шалынған адамлар ушын жеңилликлер, сондай-ақ оларға көрсетилетуғын медициналық-социаллық жәрдем түрлери ҳәм көлеми тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди»;
үшинши бөлими алып таслансын;
14) 33-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«33-статья. Әтираптағылар ушын қәўипли болған кеселликлерге шалынған пуқараларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў
Әтираптағылар ушын қәўипли болған кеселликлерге шалынған пуқараларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасының усындай мақсетке арналған мәкемелеринде бийпул әмелге асырылады.
Әтираптағылар ушын қәўипли болған кеселликлердиң дизими, сондай-ақ, оларға шалынған пуқараларға көрсетилетуғын медициналық-социаллық жәрдемниң түрлери ҳәм көлеми тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди»;
15) 34-статьяның екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Қолланыўға рухсат етилмеген, бирақ белгиленген тәртипте көрип шығылып атырған диагноз қойыў, емлеў усыллары ҳәм дәрилик затлардан наўқасты емлеў мәпин гөзлеген ҳалда тек ғана оның ықтыярлы рәўиштеги жазба келисими алынғаннан кейин, он төрт жасқа толмаған шахсларды емлегенде болса тек ғана олардың өмирине тиккелей қәўип туўылған жағдайда ҳәм нызамлы ўәкиллериниң жазба келисими менен ғана пайдаланыў мүмкин»;
16) 36-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«36-статья. Мийнетке ўақытша жарамсызлық экспертизасы
Пуқаралардың кеселлик, зақымланыў, ҳәмиледарлық, туўыў ҳәм туўыўдан кейинги дәўири, шаңарақтың наўқас ағзасының күтими, протез қойдырыў, санаториялық-курортлық емлениў ҳәм басқа да жағдайлардағы мийнетке ўақытша жарамсызлығы бойынша экспертизасы нызамшылықта белгиленген тәртипте өткериледи.
Мийнетке ўақытша жарамсызлықты экспертизадан өткериў мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасының емлеўши шыпакерлери тәрепинен әмелге асырылады ҳәм олар пуқараларға мийнетке жарамсызлық қағазын береди.
Жеке ҳәм басқа түрдеги денсаўлықты сақлаў системасында емленген пуқараларға мийнетке жарамсызлық қағазы тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленген тәртипте бериледи.
Мийнетке ўақытша жарамсызлық экспертизасы өткерилгенде хызметкерди денсаўлығының жағдайына бола ўақытша ямаса турақлы түрде басқа жумысқа өткериў зәрүрлиги ҳәм мүддети анықланады, сондай-ақ пуқараны белгиленген тәртипте, соның ишинде онда майыплық белгилери болған жағдайда шыпакерлик-мийнет экспертлик комиссиясына жибериў ҳаққында шешим қабыл етиледи»;
17) 38-статьяның екинши бөлиминдеги «талапларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси белгилейди» деген сөзлер «талаплар тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди» деген сөзлер менен алмастырылсын;
18) 40-статьяның екинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым» деген сөзлер менен алмастырылсын;
19) 41-статьяның екинши — бесинши бөлимлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Медициналық ҳәм фармацевтикалық мағлыўматы ҳаққындағы дипломды сырт ел мәмлекетлеринде алған шахслардың медицина ямаса фармацевтика жумысы менен шуғылланыўына тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленетуғын тәртипте жол қойылады.
Ийелеген кәсиби бойынша үш жылдан көп ислемеген медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң өз жумысы менен шуғылланыўына тийисли оқыў орынларында қайта таярлықтан өткеннен соң ямаса тийисли ўәкилликли уйымының аттестациялық комиссиясы өткеретуғын аттестация тийкарында жол қойылады.
Медицина ямаса фармацевтика саласында тамамланбаған жоқары мағлыўматқа ийе болған шахслардың медицина саласында орта мағлыўматы болған хызметкерлер ислейтуғын лаўазымларда медициналық ямаса фармацевтикалық жумыс пенен шуғылланыўына тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленетуғын тәртипте жол қойылады.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы медицина оқыў орынлары студентлериниң пуқараларға медициналық жәрдем көрсетиўде оқыў бағдарламаларына муўапық қатнасыўына медицина хызметкерлери қадағалаўы астында тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленетуғын тәртипте жол қойылады»;
20) 45-статьяның үшинши бөлиминиң:
биринши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Шыпакерлик сыры болып есапланған мағлыўматларды пуқара ямаса оның нызамлы ўәкилиниң келисимисиз бериўге төмендегилерге муўапық жол қойылады:»;
бесинши абзацындағы «он бес жасқа толмаған адамға» деген сөзлер «он төрт жасқа толмаған ер жетпеген шахсқа» деген сөзлер менен алмастырылсын;
21) 46-статьяның:
биринши бөлиминдеги «Денсаўлығына зыян келтирген» деген сөзлер «Пуқаралардың денсаўлығына зыян келтирилген» деген сөзлер менен алмастырылсын;
екинши бөлиминдеги «физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден» деген сөзлер «физикалық ҳәм юридикалық шахслардан» деген сөзлер менен алмастырылсын.
36-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1999 жыл 28 августта қабыл етилген «Реклама ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 1-статьяның екинши бөлиминиң биринши ҳәм екинши абзацларындағы «юридикалық ҳәм физикалық тәреплер», «юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслар», «юридикалық ҳәм физикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 4-статьяның:
биринши бөлиминиң екинши абзацы алып таслансын;
екинши абзацы биринши абзацы болып есаплансын;
биринши абзацындағы «юридикалық ҳәм физикалық тәреплер» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслар» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төмендеги мазмундағы екинши абзац пенен толықтырылсын:
«реклама бериўши — рекламаны таярлаў ҳәм (ямаса) тарқатыў ушын оған буйыртпашы болған шахс».
37-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2000 жыл 14 мартта қабыл етилген «Туризм ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 3-статьяның үшинши, он биринши ҳәм он екинши абзацларындағы «физикалық тәреп» деген сөзлер «физикалық шахс» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 9-статьяның үшинши абзацындағы «юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң» деген сөзлер «юридикалық ҳәм физикалық шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 12-статьяның екинши бөлиминдеги «есапласыўлар тәртибин, оны орынламағаны» деген сөзлер «есапласыўлар тәртибин, шәртнаманың ҳәрекет етиў мүддетин ҳәм оны орынламағаны» деген сөзлер менен алмастырылсын.
Кейинги таҳрирга қаранг.
38-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2010 жыл 28 декабрьде қабыл етилген «Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 6-статьяның биринши бөлиминиң:
екинши абзацындағы «мәмлекетлик бағдарламалардың ислеп шығылыўында қатнасыўын» деген сөз «мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўында қатнасады» деген сөз бенен алмастырылсын;
төртинши абзац алып таслансын;
бесинши-алтыншы абзацлары тийислисинше төртинши-бесинши абзацлары болып есаплансын;
2) 7-статьяның биринши бөлиминиң төртинши, бесинши абзацлары алып таслансын;
алтыншы — сегизинши абзацлары тийислисинше төртинши — алтыншы абзацлары болып есаплансын;
3) төмендеги мазмундағы 81-статьясы менен толықтырылсын:
«81-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы тараўындағы ўәкилликлери
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары:
халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы тараўындағы аймақлық бағдарламаларының әмелге асырылыўын шөлкемлестиреди;
халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы мақсетинде тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымлары аймақлық бөлимлердиң ҳәмде байытылған азық-аўқат өнимин ҳәм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды ислеп шығарыў жумысын муўапықластырып барады;
байытылған азық-аўқат өнимин ҳәм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалардың сапасы ҳәмде қәўипсизлигин ҳәм оларды сақлаў шараятларын тәмийинлеў бойынша ис-илажлар көреди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин».
39-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998 жыл 28 ноябрьде қабыл етилген «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 5-статьяның:
жетинши абзацындағы «байланыстырыў» деген сөз «муўапықластырыў» деген сөз бенен алмастырылсын;
тоғызыншы абзацындағы «мәмлекетлер аралық» деген сөзлер «халықаралық» деген сөзлер менен алмастырылсын;
2) 6-статьяның биринши абзацындағы «Мәмлекет» деген сөз «Қарақалпақстан Республикасының ҳүкимети» деген сөз бенен алмастырылсын;
3) 7-статьяның биринши бөлиминиң биринши абзацындағы «Мәмлекет» деген сөз «Қарақалпақстан Республикасының ҳүкимети» деген сөз бенен алмастырылсын;
4) 8-статьяның атамасы ҳәм тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«8-статья. Қураллы Күшлерден, Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметинен босатылған адамларды жумысқа орналастырыўдағы қосымша кепилликлер
Кәрхана қайта шөлкемлестирилгенде әскерий хызметтен босатылған адамларды жумысқа орналастырыўды оның ҳуқықый мийрасхорлары, кәрхана сапластырылған жағдайда жергиликли мийнет уйымы әмелге асырады»;
5) 16-статьяның атамасы ҳәм үшинши бөлиминдеги «орынлардағы» деген сөз «жергиликли» деген сөз бенен алмастырылсын;
6) 17-статьяның атамасы ҳәм биринши, үшинши бөлимлериндеги «орынлардағы» деген сөз «жергиликли» деген сөз бенен алмастырылсын;
7) 18-статьяның биринши бөлиминиң:
биринши абзацындағы «Өзбекстан Республикасында» деген сөз алып таслансын;
үшинши абзацындағы «дүзиў» деген сөз «жаратыў» деген сөз бенен алмастырылсын;
алтыншы абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленетуғын тәртипте муғдарын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары белгилейтуғын жумыс орынларына усы Нызамның 7-статьясында көрсетилген пуқараларды жумысқа орналастырыў;»;
8) 19-статьяның екинши, үшинши абзацларындағы «орынлардағы» деген сөз «жергиликли» деген сөз бенен алмастырылсын;
9) 22-статьяның биринши бөлиминдеги «орынлардағы» деген сөз «жергиликли» деген сөз бенен алмастырылсын;
10) 24-статьяның биринши абзацындағы «Мәмлекет» деген сөз «Қарақалпақстан Республикасының ҳүкимети» деген сөз бенен алмастырылсын;
11) 34-статьяның:
биринши бөлими төмендеги мазмундағы төртинши абзац пенен толықтырылсын:
«қарамағында үш адамға шекем болған, отыз бес жасқа толмаған жумыссыз еркек ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнасыўдан бас тартқан жағдайда;»;
төртинши — сегизинши абзацлары тийислисинше бесинши — тоғызыншы абзацлары болып есаплансын;
екинши бөлими төмендеги мазмундағы төртинши абзац пенен толықтырылсын:
«жумыссыз шахс ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнасып атырған болса, бундай жумысларда қатнасқан дәўирде»;
төртинши абзац бесинши абзац болып есаплансын.
40-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2009 жыл 25 декабрьде қабыл етилген «Халықты туберкулез кеселлигинен қорғаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 5-статьяның:
екинши бөлиминдеги «Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги белгилеген» деген сөзлер «тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленген» деген сөзлер менен алмастырылсын;
үшинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Мәжбүрий медициналық көриктен өтпеген ямаса әтираптағыларға туберкулез кеселлигин жуқтырыў қәўпи болған шахслардың орынлаўы рухсат етилмейтуғын жумыслардың дизими тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тастыйықланады. Дизимде көрсетилген жумысларды атқарыўы рухсат етилген шахсларды мәжбүрий медициналық көриктен өткериў оларды әлбетте бактериоскопиялық тексериўден, сондай-ақ, тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленетуғын дәўирликте рентген-флюорография тексериўинен өткериўди өз ишине алады»;
2) 6-статьяның биринши бөлиминдеги «Өзбекстан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлериниң, Миллий қәўипсизлик хызметиниң, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң медициналық хызметлери» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң медициналық хызмети» деген сөзлер менен алмастырылсын;
3) 7-статьяның төртинши бөлиминиң биринши абзацындағы «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң» деген сөзлер менен алмастырылсын;
4) қарақалпақ тили текстиндеги 12-статьяның биринши бөлиминдеги «судтың шешиўши қарары» деген сөзлер «судтың шешими» деген сөзлер менен алмастырылсын;
5) қарақалпақ тили текстиндеги 122-статьяның бесинши бөлиминиң үшинши абзацындағы «судтың шешиўши қарары» деген сөзлер «судтың шешими» деген сөзлер менен алмастырылсын;
6) қарақалпақ тили текстиндеги 123-статьяның атамасы ҳәм текстиндеги «шешиўши қарарын» деген сөзлер «шешимин» деген сөз бенен алмастырылсын.
41-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1998 жыл 28 ноябрьде қабыл етилген «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) 5-статьяның:
биринши бөлиминдеги «бирар артықмашлықларын белгилеўге ямаса шеклеўге жол қойылмайды» деген сөз «қандай да бир жеңиллик ямаса шеклеўлер белгилеўге жол қойылмайды» деген сөзлер менен алмастырылсын;
екинши бөлиминдеги «пуқаралар менен ҳеш қандай динге» деген сөзлер «ҳәм оларға» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төмендеги мазмундағы жетинши бөлим менен толықтырылсын:
«Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына, лаўазымлы шахсларға басым өткериўге қаратылған ҳәр қандай ҳәрекет, сондай-ақ жасырын диний искерлик нызам менен қадаған етиледи»;
2) 6-статьяның тексти жаңа редакцияда баян етилсин:
«Мәмлекетлик уйымлар менен диний шөлкемлердиң өз-ара қатнасықларын муўапықластырыў ҳәм ҳүждан еркинлиги және диний шөлкемлер ҳаққындағы нызам актлериниң орынланыўын қадағалаў ўазыйпасы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине жүкленеди.
Районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тийисли аймақларда ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызам актлериниң әмелге асырылыўы ушын нызам бойынша жуўапкер болып табылады»;
3) 8-статьяның:
үшинши-төртинши бөлимлери алып таслансын;
бесинши-алтыншы бөлимлери тийислисинше үшинши-төртинши бөлимлери болып есаплансын;
төртинши бөлим жаңа редакцияда баян етилсин:
«Тийисли диний мағлыўматқа ийе болған Өзбекстан Республикасының пуқаралары диний шөлкемниң басшылары болыўы мүмкин. Диний шөлкемлер басшылығына Өзбекстан Республикасының пуқарасы болмаған шахслардың кандидатурасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет пенен келисип алынады»;
4) 9-статьяның биринши ҳәм екинши бөлимлери жаңа редакцияда баян етилсин:
«Диний шөлкемлердиң орайлық басқарыў уйымлары диний хызметкерлерди ҳәм өзлерине зәрүр болған диний қәнигеликлерге ийе басқа да хызметкерлерди таярлаў ушын диний оқыў орынларын дүзиўге ҳақылы.
Диний оқыў орынлары тийисли ўәкилликли уйымда дизимнен өтип, лицензия алғаннан кейин жумыс алып барыў ҳуқықына ийе болады.
Жоқары ҳәм орта диний оқыў орынларында билим алыў ушын пуқаралар нызамға муўапық улыўма мәжбүрий орта билим алғаннан соң қабыл етиледи»;
5) 10-статьяның екинши бөлими алып таслансын;
6) 11-статьяның:
үшинши бөлими алып таслансын;
төртинши бөлими тийислисинше үшинши бөлими болып есаплансын ҳәм текстиндеги «ҳәм де олардың Орайлық басқарыў уйымларын» деген сөзлер алып таслансын;
7) 17-статья алып таслансын;
8) 19-статьяның:
биринши ҳәм үшинши бөлимлери алып таслансын;
екинши ҳәм төртинши бөлимлери тийислисинше биринши ҳәм үшинши бөлимлери болып есаплансын;
9) 23-статья жаңа редакцияда баян етилсин:
«23-статья. Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамларды бузғанлық ушын жуўапкершилик
Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамларды бузыўда айыплы болған лаўазымлы шахслар, диний шөлкемлердиң хызметиндегилер ҳәм пуқаралар нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады».
Кейинги таҳрирга қаранг.
42-статья. Нызам рәсмий жарияланған күннен баслап күшке киреди.
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси раиси М. ЕРНИЯЗОВ
Нукус ш.,
2018 йил 18 август,
200/XXII-сон